‏ Ecclesiastes 11

Келешекти ойла

1Наныңды басқаларға бергенде, қыйналмай бер,
Сонда күнлер өтип, ол өзиңе қайтып келер.
2Барыңнан жети ямаса сегиз адамға пай бер,
Жер бетинде қандай апатшылық болажағын билмейсең.
3Бултлар тойынғанда,
Жер бетине жаўын жаўдырады.
Терек қублаға қарай қуласа да, арқаға қарай қуласа да,
Ол қулаған жеринде қалады.
4Самал қатты ессе, туқым сеппес,
Булт қойыў болса, зүрәәтин ормас.

5Самалдың қай жақтан есетуғынын ҳәм қурсақтағы баланың сүйегиниң қалай пайда болатуғынын билмейтуғының сыяқлы,
Ҳәмме нәрсени ислейтуғын Қудайдың ислерин де биле алмайсаң.

6Азанда туқым сеп,
Кеште де қолың бос турмасын.
Олардың қайсысының өнимли болатуғынын билмейсең.
Анаўсы ма, мынаўсы ма?
Бәлким екеўи де жақсы өним берер.

7Жақтылық татлы,
Қуяшты көриў көзге жағымлы.
8Адам қанша көп жасаса да,
Бәрқулла қуўанып жасасын.
Бирақ қараңғы күнлердиң бар екенин де умытпасын.
Олар да аз емес.
Не жүз бермесин, бәри де бийҳуда.

Жаслықтың қәдирин бил

9Ҳәй, өспирим! Жаслық шақта кеўил көтер.
Жаслық шағыңда жүрегиң сени шадлыққа бөлесин.
Кеўлиң күсеген, көзиң қәлеген нәрсени исле.
Бирақ булардың барлығы ушын, Қудайдың сени ҳүким қылатуғынын билип қой.
10Сонлықтан жүректен қайғыны қуўып,
Денеңнен азапты алып тасла.
Балалық та, жаслық та тез өтип кетеди.
Copyright information for KaaIBT22C