Ecclesiastes 12
1Қайғылы күнлер, яғный ақырғы күнлер келип:«Мен олардан ҳеш рәҳәт таппадым», – деп айтпасыңнан алдын,
Жаслық шағыңда Жаратыўшыңды еске ал!
2Қуяш, жарықлық, ай ҳәм жулдызлар гүңгиртленип,
Жаўын изинен және қара бултлар қапламастан алдын,
Оны еске ал!
3Сол күн келгенде,
Үйди қорғайтуғынлар қалтырайды,
Күшлилер ийиледи,
Дигирман тартыўшылар аз қалғанлықтан, исин тоқтатады,
Терезеден сыртқа қарайтуғынларды гүңгирт тартады.
4Көшеге қараған қапылар жабылады,
Дигирманның сестин еситпейтуғын болады.
Қус сестинен оянады,
Бирақ сайрағанын зорға еситеди.
5Бәлентликтен қорқатуғын болып қалады,
Көшеге шығыўға жүрексинбейди,
Бадам ағашы ақ түске енеди,
Шегиртке сүйретилип қалады,
Ҳеш бир мийўе қуштарлық оятыўға жәрдем бермейди.
Адам өзиниң мәңгилик үйине кирежақ,
Көше жоқлаў айтып жылағанларға толып кетеди.
6Сонлықтан гүмис шынжыр үзилип,
Алтын кесе сынбастан,
Булақ басындағы гүзе қыйрап,
Қудық үстиндеги суў тартқыш үзилместен,
7Топырақтан исленген денең жерге қайтпастан,
Қудай берген руўхың да Қудайға қайтпастан бурын,
Өзиңди Жаратқанды еске ал!
8Бийҳуда, бийҳуда! – дейди Ўазшы, – Ҳәммеси бийҳуда!
Соңғы сөз
9Ўазшы дана адам болып ғана қоймай, билгенлерин халыққа да үйретти. Ол көплеген нақыл-мақалларды ой елегинен өткизип, изертледи ҳәм қайта ислеп, орны-орнына қойды. 10Ўазшы терең мәнили сөзлерди изледи, ол ҳақыйқат сөзлерин дурыс жазды. 11Даналардың сөзлери шопанның ушлы таяғына, жыйналған нақыл сөзлер беккем қағылған шегеге уқсайды. Бул сөзлер бир Шопан тәрепинен берилген. 12Булардан тысқары, балам, мыналарды билип қой: көп китап жазыўдың шеги жоқ, көп китап оқыў денени шаршатады. 13Ҳәмме нәрсе айтылды, енди жуўмақты тыңлайық:Қудайдан қорқ, Оның буйрықларын орынла!
Бул ҳәр бир адамның парызы.
14Қудай ҳәр бир исти,
Жасырын исленген жақсы-жаман ислердиң ҳәммесин ҳүким қылады.
Copyright information for
KaaIBT22C