‏ Ecclesiastes 3

Ҳәр нәрсениң ўақты бар

1Ҳәр нәрсениң өз мәҳәли бар, қуяш астындағы ҳәр истиң өз ўақты бар.
2Туўылыўдың да, өлиўдиң де өз ўақты бар.
Егиўдиң де, егисти жыйнаўдың да өз ўақты бар.
3Өлтириўдиң де, шыпа бериўдиң де өз ўақты бар,
Бузыўдың да, қурыўдың да өз ўақты бар.
4Жылаўдың да, күлиўдиң де өз ўақты бар,
Жоқлаў айтып жылаўдың да, ойынға түсиўдиң де өз ўақты бар.
5Тас атыўдың да, оны жыйнаўдың да өз ўақты бар,
Қушақласыўдың да, оннан өзин тыйыўдың да өз ўақты бар.
6Излеўдиң де, жоғалтыўдың да өз ўақты бар,
Сақлап қойыўдың да, таслап жибериўдиң де өз ўақты бар.
7Жыртыўдың да, тигиўдиң де өз ўақты бар,
Үндемеўдиң де, сөйлеўдиң де өз ўақты бар.
8Сүйиўдиң де, жек көриўдиң де өз ўақты бар,
Урыстың да, тынышлықтың да өз ўақты бар.

9Жумысшы ислеген мийнетинен қандай пайда табады? 10Инсанлардың тер төгиўи ушын, Қудай берген аўыр жумысларды көрдим. 11Қудай ҳәмме нәрсени өз ўақтында әжайып етип жаратты. Ол адамларға дәўирди түсиниў мүмкиншилигин берди. Сонда да адам Қудайдың ислеген ислерин басынан ақырына дейин түсине алмайды. 12Адам ушын өмирде рәҳәтленип жасаўдан ҳәм жақсылық ислеўден артық ҳеш нәрсениң жоқ екенин билдим. 13Егер адам ишип-жесе ҳәм өз мийнетиниң рәҳәтин көрсе, бул оған Қудайдан берилген сый. 14Және де, Қудай ислеген ҳәр бир истиң мәңгиге өзгермейтуғынын билдим. Оннан ҳеш нәрсе алынып, оған ҳеш нәрсе қосылмайды. Қудай адамлардың Өзинен қорқыўы ушын усылай иследи. 15Ҳәзир не болса, өтмиште де сол болды,
Келешекте болатуғынлар ҳәзир де болып атыр,
Қудай болып өткенлерди және қайтарар.
16Мен қуяш астында мына нәрсени:
Әдалат қарар табыўы тийис орында нызамсызлықты,
Әдиллик иске асыўы тийис орында жаўызлықты көрдим.
17Сонда мен ишимнен:
«Қудай жақсыны да, жаманды да ҳүким қылады.
Ол ҳәр бир нәрсе ҳәм ҳәр бир ис ушын,
Ҳүким қылатуғын ўақыт белгилеген», – дедим.

18Және, адамлар туўралы ишимнен былай дедим: «Қудай адамлардың өзлериниң де ҳайўанлардай екенин көрсетиўи ушын, оларды сынайды». 19Ҳайўанлардың басына түскен нәрсе адамлардың да басына түседи: ҳайўанлар да өледи, адамлар да өледи. Екеўинде де бирдей жан бар, адамның ҳайўаннан үстинлиги жоқ. Аўа, ҳәммеси бийҳуда. 20Екеўи де бир жерге барады, топырақтан жаратылған, топыраққа қайтады. 21Адам баласының руўхы жоқарыға көтериле ме, ҳайўанның руўхы төменге, жер астына кире ме, буны ким биледи? 22Сонда мен адам ушын өз мийнетинен рәҳәтлениўден басқа жақсы нәрсениң жоқ екенин түсиндим. Оның пайына тийген нәрсе усы. Өзинен кейин бул дүньяда не болатуғынын оған ким көрсете алады?
Copyright information for KaaIBT22C