Ecclesiastes 4
Дүньядағы қыйыншылықлар
1Мен қуяш астында болып атырған езиўшиликлерди көрдим:Жәбирленгенлердиң көз жасларын көрдим,
Оларды жубатыўшы жоқ еди.
Күш езиўшилер тәрепинде еди.
Ал езилгенлерге тәселле бериўши де жоқ.
2Сонда мен өлип кеткен марҳумлардың жағдайының,
Тирилердиң жағдайынан жақсырақ екенин түсиндим.
3Бирақ еле туўылмағанлар,
Булар екеўинен де бахытлырақ.
Олар қуяш астында исленип атырған жаўыз ислерди көрмеди.
4Мен және адамның пүткил мийнети ҳәм истеги жетискенлиги адамлар арасында қызғаныш туўдыратуғынын көрдим. Бул да бийҳуда, бул да самалдың изинен қуўғанға уқсайды. 5Ақылсыз қолларын қаўсырып алып, өзиниң етин өзи жейди.
6Тынышлық пенен алынған бир уўыс зат,
Самалдың изинен қуўып, аўыр мийнет етип тапқан бир қосуўыс заттан жақсырақ.
Жалғызлықтың бийҳудалығы
7Мен қуяш астында және бир бийҳудалықты көрдим:8Бир жалғыз баслы адам бар еди.
Оның перзенти де, туўысқаны да жоқ еди.
Ол тыным таппай мийнет етер,
Көзлери де байлыққа тоймас еди.
Ол өзинен: «Мен ким ушын мийнет етип,
Өзимди рәҳәтлениўден маҳрум етип атырман?» – деп сорамайды.
Бул да бийҳуда, аўыр бир дәрт.
9Биреўден екеў жақсы,
Олар мийнетине жақсы сый алады.
10Егер биреўи қуласа, екиншиси турғызады.
Ал егер жалғыз адам қуласа,
Оны турғызатуғын адам болмайды.
11Еки адам бирге жатса, жыллы жатады.
Ал жалғыз жатқан адам қалай жылынады?
12Егер биреў жалғыз болса, жеңилер,
Екеў болса, қарсы тура алар.
Үш жиптен есилген арқан тегинликте үзилмес.
Жоқарылаўдың бийҳудалығы
13Берилген кеңеске қулақ аспайтуғын ақылсыз ғарры патшадан, жарлы, бирақ ақыллы жигит жақсырақ. 14Сондай жигит патшалықта жарлы болып туўылып, қамақханада отырған болса да, ол қамақханадан шығып, патша болып көтерилиўи мүмкин. 15Мен қуяш астында жасап атырған ҳәр бир адамның патшаның орнына отырған сондай жигиттиң изине ергенин көрдим. 16Оның изине ерген халық есап-сансыз болса да, кейинги урпақлардың оған кеўли толмайды. Аўа, бул да бийҳуда, бул да самалдың изинен қуўғанға уқсайды.Қудай менен қарым-қатнас
17Қудайдың Үйине барғанда, қәдемиңди ойлап бас! Ол жерге ислеген жаманлығының парқына бармайтуғын ақылсызлар сыяқлы тек қурбанлық бериў ушын барғаннан гөре, тыңлаў ушын барған жақсырақ.
Copyright information for
KaaIBT22C