Ecclesiastes 5
1Тилиң сөйлеўге асықпасын.Қудайдың алдында сөз сөйлеўге жүрегиң асықпасын.
Қудай аспанда, сен болсаң, жердесең.
Сонлықтан гәпиң қысқа болсын.
2Машқала көп болғанда, адам көп түс көретуғыны сыяқлы,
Көп сөйлегенде, ақылсызлық жүзеге келеди.
3Қудайға ўәде берсең, оны орынлаўды кешиктирме. Ол ақылсызларды унатпайды. Ал сен ўәдеңди орынла. 4Ўәде берип, орынламағаннан гөре, ўәде бермегениң жақсырақ. 5Тилиңниң сени гүнаға баслаўына жол қойма ҳәм Қудайдың руўханийине: «Ўәде берип, қәте қылдым», – деме. Сөзлериң менен Қудайдың ғәзебин келтирме. Болмаса, Ол қолларың менен ислеген ислериңди жоқ қылады. 6Көп сөйлеў де, көп түс көриў де пайдасыз. Жақсысы, Қудайдан қорқ!
Байлықтың бийҳудалығы
7Егер сен бир жерде жарлыға зулымлық қылынып, әдиллик ҳәм ҳақлықтың аяқ асты етилип атырғанын көрсең, буған ҳайран болма. Себеби ҳәмелдардың үстинен қадағалаўшы үлкени бар, ал олардың үстинен қадағалаўшы олардан да үлкениреги бар. 8Ҳәр бир адам жердиң өнимине өш, ҳәтте, патша да атыздан алынған өнимнен өзиниң пайын алады. 9Пулды сүйген, пулға тоймас,Байлықты сүйген байлыққа тоймас.
Бул да бийҳудалық.
10Мал-дәўлет көбейсе, оларды ислетиўшилер де көбейеди.
Сонда байлықтың ийеси өз байлығына телмирип, қызықсынып қараўдан басқа не пайда табады?
11Жумысшы аз жесе де, көп жесе де тыныш уйықлайды.
Ал байды байлығы уйқыдан маҳрум қылады.
12Мен қуяш астында және бир қайғылы ўақыяны көрдим:
Жыйналған байлық ийесине зыян келтирди.
13Бул байлық әўметсизлиги себепли жоқ болып кетти,
Улы туўылғанда,
Улына ҳеш нәрсе қалдыра алмады.
14Адам анадан қалай жалаңаш туўылған болса,
Бул дүньядан да солай кетеди.
Ислеген мийнетиниң жемисинен
Ҳеш нәрсени де қолларына алып кете алмайды.
15Мынаў да аўыр қайғылы нәрсе:
Адам қалай келген болса, солай кетеди.
Онда қуры далаға мийнет етиўдиң не кереги бар?
16Ол өмир бойы нанын қараңғылықта жейди,
Қыйыншылықты, кеселликти ҳәм ашыўшақлықты бастан кеширеди.
17Мен инсан ушын жақсы ҳәм әжайып нәрсе – бул Қудайдың өзине берген қысқа өмири ишинде ишип-жеў, қуяш астында ислеген барлық мийнетиниң рәҳәтин көриў екенин билдим. Инсанға тийген пай – усы. 18Егер Қудай адамға мал-мүлик ҳәм байлық берсе, оған усы нәрселерден пайдаланыўға, өз үлесин алып, мийнетинен рәҳәтлениўге жол ашса, онда бул Қудайдан берилген сый. 19Қудай оның жүрегин қуўанышқа толтырып қойғанлықтан, бундай адам қанша өмири кетип, қаншасы қалғанлығы туўралы кем ойлайды.
Copyright information for
KaaIBT22C