Ecclesiastes 6
Адамлар ушын не жақсы?
1Мен қуяш астында адамлар арасында болып туратуғын, аўыр бир апатты көрдим: 2Қудай адамға байлық, мал-мүлик, атақ-абырай береди. Ол кеўли күсегениниң ҳәммесине ийе болады. Бирақ Қудай оған соның қызығын көриўге имканият бермейди ҳәм булардың барлығы басқаға буйырады. Бул да бийҳуда, бул – қайғылы бир дәрт. 3Егер бир адамның жүз баласы болса ҳәм ол узақ өмир сүрсе, бирақ ол өмирдиң рәҳәтин көрмесе ҳәм өлигин көмгендей адам болмаса, онда мен өли туўылған бала оннан бахытлырақ дер едим. 4Өли туўылған бала бийкарға дүньяға келип, қараңғылық ишинде дүньядан өтеди, аты да қараңғылыққа көмиледи. 5Ол, ҳәтте, қуяшты көрген де, билген де жоқ. Бирақ өли туўылған баланың жағдайы сол адамның жағдайынан жақсырақ. 6Сол адам, ҳәтте, мың жылдан еки рет өмир сүрсе де, рәҳәт көрмейди. Бәри бир ҳәмме де бир жерге бармай ма? 7Адамның барлық мийнети қарынды тойдырыў ушын,Бирақ ашкөзликтен кеўил тоймайды.
8Дананың ақылсыздан қандай артықмашлығы бар?
Жарлыға өмирде өзин қалай тутыўды билгенинен не пайда?
9Өзиңде жоқты күсегеннен, барға қанаат еткен жақсырақ.
Ол да бийҳуда, ол да самалдың изинен қуўғандай нәрсе.
10Бар нәрсениң ҳәммесине әлле қашан ат қойылған.
Адамның да тәғдири белгили.
Ҳеш ким өзинен күшли болған менен қасарыса алмайды.
11Сөз көп болса, бийҳудалық көбейер.
Буннан адамға не пайда?
12Сая сыяқлы өтип кететуғын өмириниң мәниссиз күнлеринде адам ушын нениң жақсы екенин ким биледи? Өзинен кейин қуяш астында не болатуғынын адамға ким айта алады?
Copyright information for
KaaIBT22C