Ecclesiastes 7
Даналық
1Жақсы ат қымбатбаҳа әтир майынан,Өлим күни болса, туўылған күннен жақсырақ.
2Той берип атырған үйге барғаннан,
Жоқлаў айтылып атырған үйге барған жақсырақ.
Ҳәммениң өмири өлим менен жуўмақланады.
Адам тири ўақтында буны жүректе сақласын.
3Қайғы күлкиден жақсырақ.
Қайғы өмирден баҳалы сабақ береди.
4Дананың ойы жоқлаў айтылып атырған үйде,
Ақылсыздың ойы тойлап атырған үйде.
5Дананың кейиўи,
Ақылсыздың мақтаўынан жақсырақ.
6Ҳақыйқаттан да ақылсыздың күлкиси
Қазан астында жанған отынның сытырлысына уқсайды.
Бул да бийҳуда.
7Басқаларды жәбирлеў дананы ақылынан айырар,
Пара жүректи азғырар.
8Тамамлаў баслаўдан жақсырақ,
Сабырлылық менменликтен жақсырақ.
9Ашыўланыўға асықпа,
Ашыў ақылсызлардың жүрегине уя салады.
10«Не ушын өтмишим бүгинимнен жақсы еди?» – деп сорама.
Бул сораў даналыққа тән емес.
11Даналық мийрас сыяқлы жақсы,
Ол қуяшты көрип турған ҳәр бир адам ушын пайдалы.
12Байлық адамды қалай қорғаса,
Даналық та адамды солай қорғайды.
Бирақ билимниң артықмашлығы мынаў:
Даналық өз ийесиниң өмирин сақлайды.
13Қудайдың ислерине нәзер сал.
Ол қыйсайтқан нәрсени ким дүзете алады?
14Жақсы күнлериңде оннан рәҳәтлен,
Жаман күнлериңде мынаған ой жуўырт:
Адам ертең не болатуғынын биле алмаўы ушын,
Жақсы күнди де, жаман күнди де Қудай жаратқан.
15Мен усы бийҳуда өмирим даўамында ҳәмме нәрсени көрдим:
Ҳақ адам әдил бола тура, ерте өлип кетеди,
Ал жаман адам жаман бола тура, узақ өмир сүреди.
16Сонлықтан аса әдил де, аса дана да болма.
Өзиңди өзиң қуртыўдың не кереги бар?
17Ҳәдден тыс жаман да, ақылсыз да болма.
Әжелиң жетпей, өлиўдиң не кереги бар?
18Биреўин тут,
Екиншисинен де қол үзбе.
Қудайдан қорққан адам екеўин де басшылыққа алады.
19Даналық дананы қаланың он ҳүкимдарынан да күшлирек қылады.
20Жер бетинде бәрқулла жақсылық ислеп,
Ҳеш гүна қылмай жүрген әдил адам жоқ.
21Адамлар айтып атырған ҳәмме сөзлерге дыққат аўдара берме,
Болмаса қулыңның өзиңди жаманлап атырғанын еситип қалыўың мүмкин.
22Өзиңниң де басқа адамларды,
Көп мәрте жаманлағаныңды ишиң биледи.
23Булардың ҳәммесин даналығым менен сынап көрдим.
Өзиме өзим: «Дана боламан», – дедим.
Бирақ даналық меннен алыс еди.
24Даналық деген нәрсе,
Жүдә узақ ҳәм жүдә тереңде.
Оны ким таба алады?
25Мен даналықты ҳәм барлықтың мазмунын излеп табыўға,
Изертлеп, терең түсиниўге өзимди бағышладым.
Жаўызлықтың ақылсызлық,
Ақылсызлықтың телбелик екенин билмекши болдым.
26Және мен мынадай ҳаялды өлимнен де ашшы деп таптым:
Оның өзи – дузақ, жүреги тор, ал қоллары кисен.
Қудайға унамлы болған адам оннан қашады,
Ал гүнакар оған тутқын болады.
27Мине, мен мынаны үйрендим, – дейди Ўазшы.
– Көп нәрсени изертлеп,
Мынаны түсиндим:
28Жүрегим еле излеген нәрсесин таба алмады:
Мыңнан бир ҳақ еркекти таптым,
Бирақ бирде бир ҳақ ҳаялды таба алмадым.
29Мен тек мына нәрсени аңладым:
Қудай адамды ҳақ етип жаратты,
Бирақ адамлар жүдә көп надурыс ой-қыялларда.
Copyright information for
KaaIBT22C