Ecclesiastes 8
1Ким дана адамға уқсайды?Ҳәмме нәрсениң мәнисин ким түсине алады?
Даналық адамның жүзин жайнатады,
Оның бетиндеги қаталлықты жумсартады.
Патшаға бойсыныңлар
2Мен былай деймен: патшаның айтқанларына қулақ сал, себеби Қудай оған ант ишкен. 3Патшаның алдынан кетиўге асықпа ҳәм патшаға қарсы тил бириктириўшилерге қосылма. Ол қәлегениниң ҳәммесин ислей алады. 4Патшаның сөзинде қүдирет бар, ҳеш ким оған: «Сиз не ислеп атырсыз?» – деп айтпайды. 5Буйрықты орынлағанлар зыян көрмейди.Дана адам дурыс нәрсени ислеў ўақтын да, жолын да биледи.
6Ҳәр бир истиң өз ўақты ҳәм қағыйдасы бар.
Сондай болса да, адам ушын қыйыншылықты көтериў жүдә аўыр.
7Келешекте не болатуғынын адам билмейди,
Буның қалай болатуғынын оған ким айта алады?
8Ҳеш кимниң самалды услап алып,
Оған бийлик етиўге күши жетпегенлиги сыяқлы,
Өлим күни үстинен бийлик етиўге де,
Ҳеш кимниң күши жетпейди.
Урыстан қашыўға болмайтуғынлығы сыяқлы,
Жаўызлық та жаўызлық ислеўши адамды қутқара алмайды.
9Мен булардың ҳәммесин көрдим ҳәм қуяш астында болып атырған ҳәмме нәрсеге дыққат аўдардым: адам адамға ҳүкимдарлық еткен ўақытта, бир-бирине зыян келтиргенин көрдим. 10Кейин жаман адамның қалай жерленгенин көрдим. Мухаддес орынға келип-кетип жүрген сол адамлар өзлери жаманлық қылған қалада мақтаў алды. Бул да бийҳуда. 11Жынаят ушын тез жаза берилмесе, адам баласының жүреги жаманлық ислеўге қумар болады. 12Гүнакар жүз мәрте гүна ислеп, узақ өмир сүрсе де, Қудайдан қорққанлардың ҳәм Оның алдында ҳадал жүргенлердиң жақсылық көретуғынын анық билемен. 13Ал жаман адам Қудайдан қорқпағаны ушын жақсылық көрмейди ҳәм оның саяға уқсаған өмири узақ болмайды. 14Жер бетинде ақылға сыймайтуғын мынадай нәрсе де бар: гейде әдил адамлар жаман адамларға тийисли болған жазаны алады, ал әдил адамларға тийисли ҳүрметти жаман адамлар алады. Мен: «Бул да бийҳуда, түсиниксиз нәрсе», – деймен. 15Сонлықтан мен кеўил көтериўди артық көрдим. Қуяш астында адам ушын ишип-жеп, кеўил көтериўден артық бахыт жоқ. Қуяш астында Қудайдың адамға берген өмири даўамында ислеген мийнетинен оған қалатуғыны усы. 16Мен өзимди даналықты билиўге ҳәм жер бетинде күни-түни уйқы көрмей исленип атырған ислерди түсиниўге бағышладым. 17Сонда мен Қудайдың ҳәмме ислерине ой жуўырттым. Ҳеш ким қуяш астында болып атырған нәрселерге түсинбейди. Ол қанша урынса да, буған ерисе алмайды. Дана адам буны билетуғынын айтса да, ол буның түбине жете алмайды.
Copyright information for
KaaIBT22C