‏ Ecclesiastes 9

Адамлар Қудайдың қолында

1Солай етип, булардың ҳәммесин үйренип, мына жуўмаққа келдим: әдиллер, даналар ҳәм олар ислеген ҳәр бир ис Қудайдың қолында. Оларды Қудай уната ма, унатпай ма, буны адам билмейди. 2Ҳәр бир адамның ақыбети бирдей болады. Әдил адам менен жаўыз адамның да, жақсы адам менен жаман адамның да, ҳадал адам менен ҳарам адамның да, қурбанлық беретуғын адам менен қурбанлық бермейтуғын адамның да ақыбети бирдей болады. Жақсы адамға не болса, гүнакарға да сол болады.
Ант ишкенге не болса, ант ишиўден қорққанға да сол болады.

3Қуяш астында болып атырған ислердиң ҳәммесиниң ишинде қайғылысы мынаў: ҳәммениң тәғдири бирдей. Адамлардың жүреги жаўызлыққа толған ҳәм олар өмир сүрген дәўиринде ақмақлық ислейди. Кейин олар өлилердиң жанына кетеди. 4Бирақ тири жүрген ҳәр бир адам ушын үмит бар. Аўа, өли арысланнан тири ийт жақсы.

5Тирилер өлетуғынын биледи,
Ал өлилер ҳеш нәрсени билмейди.
Оларға артық сый жоқ,
Олар енди ҳеш еске алынбайды.
6Өлгенлердиң сүйиспеншилиги, жек көриўшилиги,
Қызғанышлары әлле қашан өтип кетти.
Олар қуяш астында болып атырған нәрселерге,
Енди араласа алмайды.

7Енди барып, шадлық пенен наныңды жеп, қуўаныш пенен шарабыңды иш. Қудай усы ислериңди мақуллайды. 8Кийимлериңиз ҳәрдайым таза болсын, басыңыздан әтир арымасын. 9Қуяш астында Қудай өзиңе берген қысқа өмириңниң пүткил жумбақлы күнлерин сүйикли ҳаялың менен рәҳәтте өткер. Өмирден ҳәм қуяштың астында ислеген мийнетиңнен саған берилген пай усы болады. 10Қолыңнан не нәрсе келсе, ҳәммесин бар күшиң менен исле. Сен баратуғын жерде, яғный өлилер мәканында жумыс та, ой-пикир де, билим де, даналық та жоқ.

11Қуяш астында мен және бир нәрсени көрдим:
Жарыста жүйрик,
Урыста күшли жеңе бермейди екен.
Данаға – мал-мүлик,
Ақыллыға – байлық,
Уқыплыға – ҳүрмет бәрқулла несип ете бермейди екен.
Бирақ олардың ҳәммеси ушын еле ўақыт ҳәм үмит бар.

12Адам өз ўақтын билмейди.
Торға түскен балық ҳәм дузаққа түскен қус сыяқлы,
Адам да күтилмегенде бахытсызлыққа ушырайды.

Даналық ақылсызлықтан жақсырақ

13Қуяш астында мен даналықтан және бир мысал көрдим. Ол маған әҳмийетли болып көринди. 14Ишинде аз ғана адам жасайтуғын кишкене бир қала бар еди. Күшли бир патша ол жерге келип, оны қамал қылды ҳәм қаланы басып алыў ушын, оның қарсысына үлкен бекинис қурды. 15Бирақ сол қалада жарлы болса да, дана бир адам жасайтуғын еди. Ол өз даналығы менен бул қаланы қутқарып қалды. Деген менен, кейин бул жарлы адамды ҳеш ким еске алмады. 16Сонда мен өзиме өзим: «Даналық күштен артық. Бирақ жарлы адамның даналығына кеўил бөлип, оның сөзлерин тыңламайды екен», – дедим.

17Дананың әлпайым айтқан сөзи,
Ақылсызлар ишиндеги басшының бақырып айтқан сөзлеринен жақсырақ.
18Даналық урыс қуралларынан жақсырақ,
Бирақ бир ақылсыз көп жақсылықты жоққа шығарады.
Copyright information for KaaIBT22C