Ephesians 1
Сәлемнама
1Қудайдың қәлеўи менен Масийх Ийсаның елшиси болған мен, Павелден, Масийх Ийсаға садық болған Эфес қаласындағы мухаддеслерге ▼▼ Мухаддеслер – Ийсаға исениўшилер.
сәлем! 2Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Ийса Масийх сизлерге мийрим ҳәм тынышлық берсин! Руўхый жарылқаў
3Ийемиз Ийса Масийхтың Әкеси – Қудайға алғыслар болсын! Ол бизлерди Масийх арқалы аспандағы ҳәр түрли руўхый жарылқаўлар менен жарылқады. 4Қудай Өзиниң алдында мухаддес ҳәм минсиз болыўымыз ушын, Масийх пенен қатнаста болған бизлерди дүнья жаратылмастан бурын таңлап алды. Қудай бизлерди сүйип, 5Ийса Масийх арқалы Өзиниң балалары қылып асырап алыўды алдын ала белгиледи. Бул Оның әжайып қәлеўи бойынша болды. 6Солай етип, сүйикли Улы арқалы бизлерге сыйға берген уллы мийрими себепли Өзине алғыс айтыўымыз ушын, Қудай усылай иследи. 7Масийх пенен қатнаста болған бизлер Оның қаны арқалы қутқарылдық, яғный Қудайдың бай мийрими бойынша гүналарымыз кеширилди. 8Қудай бул бай мийримин пүткил ақыл-даналық пенен үстилеримизге жаўдырып, 9Өз еркиниң сырын бизлерге ашып берди. Бул Оның Масийх арқалы жобаластырған әжайып мақсети бойынша болды. 10Белгиленген ўақыт болғанда әмелге асатуғын Қудайдың жобасы – жердегилердиң ҳәм аспандағылардың ҳәммесин Масийхтың басшылығында бирлестириўден ибарат. 11Ҳәмме нәрсени Өз қәлеўи менен иске асыратуғын Қудайдың ерки бойынша бизлер алдын ала белгиленип, Масийх арқалы таңлап алындық. 12Бул Масийхқа бастан-ақ үмит еткен бизлердиң уллы Қудайды алғыслаўымыз ушын болды. 13Ҳақыйқат сөзин, яғный қутқарылыў ҳаққында Хош Хабарды еситип, Масийхқа исенгениңизде, сизлер де ўәде етилген Мухаддес Руўх пенен мөрленип, Қудайға тийисли болдыңлар. 14Қудайға тийисли болған бизлердиң толық қутқарылыўымызға дейин бул Мухаддес Руўх – Қудайдың бизлерге ўәде еткен мийрасының кепили. Булардың ҳәммеси бизлердиң уллы Қудайды алғыслаўымыз ушын болды.Павелдиң исениўшилер ушын дуўа етиўи
15Сонлықтан Ийемиз Ийсаға деген исенимиңиз ҳәм пүткил мухаддеслерге деген сүйиспеншилигиңиз ҳаққында еситкенимнен бери, 16мен сизлер ушын тынбастан шүкирлик етемен. Және де, дуўа еткенимде, сизлерди бәрқулла тилге аламан. 17Ийемиз Ийса Масийхтың Қудайы, даңқ-салтанатқа ийе Әке Өзин билиўиңиз ушын, сизлерге даналық ҳәм аян бериўши Мухаддес Руўхын берсин деп, Қудайдан сорап атырман. 18Қудайдың шақырығынан пайда болған үмитти ҳәм Оның мухаддеслерге берген уллы мийрасының қаншелли бай екенин билиўиңиз ушын, жүреклериңиздиң көзлери ашылсын деп, дуўа етип атырман. 19Және де, Ийсаға исенген бизлерде үлкен қүдирет пенен ҳәрекет еткен Қудайдың күшиниң қаншелли уллы екенин билиўиңиз ушын да дуўа етип атырман. 20Қудай усы күш пенен Масийхта ҳәрекет етип, Оны өлимнен қайта тирилтти ҳәм аспанда Өзиниң оң жағына отырғызды ▼. 21Қудай Масийхты барлық ҳәкимшилик ҳәм бийликтен, пүткил қүдирет ҳәм ҳүкимдарлықтан, тек усы заманда емес, ал келешек дәўирде де аталатуғын ҳәмме атлардан жоқары қойды. 22Ҳәмме нәрсени Оған бойсындырып, бағындырды. Оны пүткил барлықтың үстинен қойып, исениўшилер жәмәәтиниң басы қылды. 23Исениўшилер жәмәәти Масийхтың денеси болып, пүткил барлықты толтырып турған Масийхтың толылығына ийе.
Copyright information for
KaaIBT22C