Ephesians 2
Өлимнен өмирге өтиў
1Сизлер бир ўақытлары айып ҳәм гүналарыңыз себепли өли едиңлер. 2Сонда сизлер бул дүньяның әдети бойынша, ҳаўада ҳүкимдарлық етиўши ҳәким – шайтанға, яғный ҳәзир Қудайға қулақ аспайтуғын адамларда ҳәрекет етиўши руўхқа бойсынып жасайтуғын едиңлер. 3Бир ўақытлары бизлердиң ҳәммемиз де усындай адамлардың арасында өз гүнакар тәбиятымыз бойынша жасадық. Денемиздиң ҳәм ой-нийетимиздиң жаман қәлеўлерин орынладық. Сол себептен басқалар сыяқлы бизлер де тәбиятымыз бойынша Қудайдың ғәзебине ылайықлы адамлар едик. 4Бирақ, мийрим-шәпәәтке бай болған Қудай бизлерди соншелли сүйгенликтен, 5гүналарымыз себепли өли болсақ та, бизлерди Масийх пенен бирге тирилтти. Сизлер Оның мийрими менен қутқарылдыңыз. 6Бизлер Масийх Ийса менен қатнаста болғанлықтан, Қудай бизлерди Масийх пенен бирге тирилтип, Оның менен бирге аспандағы орынлардан берди. 7Қудай Масийх Ийса арқалы бизлерге реҳим етип, Өз мийриминиң шексиз байлығын келешек дәўирлерде көрсетиў ушын усылай иследи. 8Сизлер исенимиңиз арқалы Қудайдың мийрими менен қутқарылдыңыз. Бул сизлердиң жетискенлигиңиз емес, ал Қудайдың сыйы болғанлықтан, 9ҳеш ким ислерим себепли қутқарылғанман деп, мақтана алмайды. 10Себеби бизлер Қудайдың дөретпесимиз. Өзи алдын ала таярлаған жақсы ислерин ислеп жасаўымыз ушын, Ол бизлерди Масийх Ийса арқалы жаратты.Ийса Масийх арқалы бирлесиў
11Сонлықтан мыналарды еске түсириңлер: сизлер бир ўақытлары бутқа табыныўшы миллет адамы болып туўылып, денесиндеги ети қол менен кесилип сүннет етилген яҳудийлер тәрепинен «сүннетсизлер» деп аталатуғын едиңлер. 12Ол ўақытлары сизлер Масийх пенен байланысы жоқ, Израил халқына жат ҳәм ўәдеден ибарат болған келисимлерден бийнесип адамлар едиңлер. Бул дүньяда үмитсиз ҳәм қудайсыз болып жасадыңлар. 13Бирақ бурын Қудайдан узақ болған сизлер енди Масийх Ийса менен қатнас жасап, Масийхтың қаны арқалы Қудайға жақын болдыңлар. 14Өйткени Масийхтың Өзи – яҳудийлер менен басқа миллетлерди бирлестирген бизиң жарастырыўшымыз. Ол Өз денесин қурбан етип, арадағы айырып турған дийўалды, яғный душпанлықты жоқ қылды. 15Яҳудийлер менен басқа миллетлерден Өзи менен байланыста болатуғын бир жаңа халықты жаратыў мақсетинде, Ол буйрық ҳәм қағыйдалардан ибарат болған Нызамды бийкар етти. Буны тынышлықты орнатып, 16душпанлықты жоқ қылған атанақ ағаш арқалы екеўин бир жаңа халық қылып, Қудай менен жарастырыў ушын иследи. 17Масийх келип, Қудайдан узақ болған сизлерге ҳәм Қудайға жақын болған яҳудийлерге тынышлық Хош Хабарын жәриялады. 18Ол арқалы бизлер ҳәммемиз бир Мухаддес Руўх пенен Әкемиз Қудайдың алдына бара аламыз. 19Солай етип, енди сизлер жат ҳәм шет жерли адам емессизлер, ал мухаддеслерге ўатанлас, Қудайдың шаңарағының ағзаларысыз. 20Сизлер елшилер ҳәм пайғамбарлар салған тырнақ тас үстине қаландыңлар. Ал имараттың мүйешиниң тийкарғы тасы – Масийх Ийсаның Өзи болады. 21Онда пүткил имарат қуралып, Жаратқан Ийеге тийисли бир мухаддес Ибадатхана болыў ушын өсип барады. 22Масийх пенен қатнаста болған сизлер де Қудайдың Мухаддес Руўхы арқалы жасайтуғын мәкан болыўыңыз ушын, ҳәммеңиз бирликте қуралып барасызлар.
Copyright information for
KaaIBT22C