Ephesians 3
Павел билдирген сыр
1Сол себептен мен, Павел, басқа миллетлерден болған сизлер ушын, Масийх Ийсаның тутқыны болдым. 2Сизлер ушын Қудайдың Өз мийрими менен маған берген бул хызмети ҳаққында, әлбетте, еситкенсизлер. 3Жоқарыда қысқаша жазып өткенимдей, Қудай маған Өз сырын аян арқалы билдирди. 4Бул хатты оқығаныңызда, Масийхтың сырын қалай түсингенимди билип алыўыңыз мүмкин. 5Адамзаттың әўелги әўладларынан қупыя тутылып, енди Қудайдың мухаддес елшилерине ҳәм пайғамбарларға Мухаддес Руўх арқалы ашып берилген бул сыр мынадан ибарат: 6басқа миллетлер де яҳудийлер менен бирге мийрасқа шерик ҳәм бир денениң ағзалары. Олар Хош Хабар арқалы Масийх Ийса себепли берилген ўәдеге де шерик. 7Қудайдың ҳәрекет ететуғын қүдирети менен, маған берилген мийриминиң сыйы арқалы мен Хош Хабарды жәриялаў ушын хызметке тайынландым. 8Мен барлық мухаддеслер ишинде ең арзымағаны болсам да, басқа миллетлерге Масийхтың шексиз байлығы ҳаққында жәриялаў ушын, Қудай маған усы мийримин берди. 9Және де, ҳәмме нәрсени ▼▼ Базы қолжазбаларда «Ийса Масийх арқалы» деген сөзлер де бар.
жаратқан Қудай Өзинде әўелден-ақ сақланған сырлы жобасын ҳәммеге ашып бериў ушын да, маған усы мийримин берди. 10Солай етип, Қудайдың мақсети – исениўшилер жәмәәти арқалы аспандағы ҳәкимшиликлерге ҳәм бийликлерге Өзиниң көп қырлы ақыл-даналығын ҳәзир мәлим етиў. 11Қудай усы мәңгилик мақсетин Ийемиз Масийх Ийса арқалы әмелге асырды. 12Бизлер Масийх пенен қатнаста болып, Оған деген исенимимиз арқалы Қудайға батырлық ҳәм толық исеним менен жақынласа аламыз. 13Сонлықтан сизлер ушын шеккен азапларым себепли қайғырмаўыңызды өтиниш етемен. Мен шеккен бул азаплар сизлерге уллылық алып келеди. Масийхтың сүйиспеншилигин билиў
14Сол себептен мен аспандағы Әкемиздиң алдында ▼▼ аспандағы Әкемиздиң алдында – Базы қолжазбаларда «Ийемиз Ийса Масийхтың Әкесиниң алдында».
дизе бүгип, дуўа етемен. 15Ол аспандағы ҳәм жер жүзиндеги ҳәр қандай миллетке ат берген. 16Қудай Өз уллылығының байлығы бойынша ишки дүньяңызды беккемлеў ушын, Өз Руўхы арқалы сизлерге күш-қуўат берсин. 17Исенимиңиз арқалы Масийх жүреклериңизде жасасын. Сүйиспеншиликке тамыр урып ҳәм тийкарланып, 18барлық мухаддеслер менен бирге Масийхтың сүйиспеншилигиниң қаншелли кең, узын, бийик ҳәм терең екенлигин түсинип алғайсыз. 19Және де, сизлер ақыл-ойға сыймайтуғын усы сүйиспеншиликти билип, Қудайдың пүткил толылығына толып барғайсыз. 20Бизлерде ҳәрекет етиўши қүдирети менен, Қудай бизлердиң тилеген ҳәм ойлаған ҳәр бир нәрсемизди артығы менен ислей алатуғын күшке ийе. 21Оның даңқы Масийх Ийса менен қатнаста болған исениўшилер жәмәәтинде, әўладтан-әўладқа, мәңги-бақый арта берсин! Аўмийин.
Copyright information for
KaaIBT22C