Ephesians 4
Масийхтың денеси болған жәмәәттиң бирлиги
1Солай етип, Ийемиз ушын тутқын болған мен сизлерден жалынып сорайман: Қудайдың өзлериңизди шақырған өмирине ылайықлы түрде жасаңлар. 2Толық кишипейиллик, мүләйимлилик ҳәм сабырлылық пенен жасаңлар. Бир-бириңизди сүйип, мийзамкеш болыңлар. 3Өзлериңизди бирлестириўши тынышлық пенен, Мухаддес Руўх берген бирликти сақлаўға тырысыңлар. 4Қудай сизлерди шақырғанда бир үмитти берди. Сол сыяқлы, ҳәммемиз бир денемиз ҳәм бир Мухаддес Руўхқа ийемиз. 5Ийемиз бир, исенимимиз бир, суўға шомылдырылыў рәсимимиз бир. 6Қудай да бир. Ол ҳәммениң үстинен ҳүкимдар, ҳәмме арқалы ҳәрекет етиўши, ҳәммемизде бар болған, ҳәммемиздиң Әкемиз. 7Бирақ Қудай ҳәр биримизге Масийхтың сақыйлығына муўапық Өз мийримин сыйға берди. 8Сонлықтан Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Ол жоқарыға шығып,Тутқынларды тутқын етти.
Адамларға сыйлар берди». ▼
▼ Заб 67:19.
9Енди бул: «Ол жоқарыға шықты» деген сөзлер нени аңлатады? Масийх бурын төменге, жерге түсти дегенди аңлатады. 10Түскен Адам да, ҳәр бир нәрсени толтырыў ушын аспаннан да бийигирекке шыққан Адам да – Сол. 11Масийх гейбиреўлерди елши, базыларды пайғамбар, айырымларды Хош Хабарды жәриялаўшы, ал биреўлерди жәмәәт шопаны ҳәм устаз қылып қойды. 12Ол буны мухаддеслерди хызметке таярлаў ҳәм Өз денеси болған жәмәәтти беккемлеў ушын иследи. 13Нәтийжеде бизлердиң ҳәммемиз Қудайдың Улына исениўде ҳәм Оны билиўде бирликке ерисип, Масийхтың толық минсизлигине дейин өсип барамыз. 14Солай екен, ендигиден былай, гөдек болмайық. Адамлардың жалатайшылығы ҳәм ҳийлекерлиги арқалы пайда болған ҳәр түрли тәлиматлардың самалы менен ана жақтан мына жаққа шайқатылмайық. 15Керисинше, ҳақыйқатлықты сүйиспеншилик пенен айтып, денениң басы болған Масийхқа қарай ҳәр тәреплеме өсип барайық. 16Оның басқарыўында пүткил денениң мүшелери өз ара биригип, ҳәр бир мүше өз миннетин атқарыўы арқалы бир-бирине жәрдем берип, байланыс жасайды. Усылай етип, пүткил дене сүйиспеншилик пенен өсип, өзин беккемлеп барады.
Ески ҳәм жаңа өмир
17Сонлықтан мен усыны айтып, сизлерди Ийемиздиң атынан ескертемен: буннан былай, бутқа табыныўшы миллетлердиң адамлары сыяқлы, бос ой-қыялларға берилип жасамаңлар. 18Олардың сана-сезимлери топырланып, ишиндеги наданлық ҳәм жүреклериндеги қаталлық себепли, Қудайдан берилген өмирге жат болған. 19Олар пүткил ар-намыс сезимлерин жойтқан, ҳәр түрли ҳарамылықты нәпсиқаўлық пенен ислеў ушын, бузықшылыққа берилген. 20Бирақ сизлер Масийхты бундай қылып танымағансыз. 21Әлбетте, сизлер Ийса Масийх ҳаққында еситкениңизден кейин, Оның менен қатнаста болып, Ондағы ҳақыйқатты үйрендиңлер. 22Сол себептен бурынғы өмир жолыңыздан, яғный денениң жаман қәлеўлери себепли шириген ески тәбиятыңыздан ўаз кешиңлер. 23Ой-пикирлериңизди ҳәм руўхыңызды жаңалап, 24Қудайға уқсатылып жаратылған, шын ҳақлық ҳәм мухаддесликтен ибарат жаңа тәбиятқа бөлениңлер.Жаңа өмир қағыйдасы
25Сонлықтан өтириктен ўаз кешип, ҳәр бириңиз исениўши туўысқаныңызға ҳақыйқатты айтыңлар. Себеби ҳәммемиз бир денениң мүшелеримиз. 26Ғәзепленсеңиз де, гүна ислемеңлер. Қуяш батқанша, ғәзептен қайтыңлар. 27Шайтанға жол бермеңлер. 28Урлық ислеген ендигиден былай урлық ислемесин. Керисинше, мүтәж адамларға үлестиретуғын бир нәрсеси болыўы ушын, ол өз қоллары менен ҳадал мийнет етсин. 29Аўызларыңыздан ҳеш бир жаман сөз шықпасын. Ал орны менен сөйлеп, еситкенлердиң руўхын көтеретуғын пайдалы сөзлерди айтың. 30Қудайдың Мухаддес Руўхын қапа қылмаңлар. Қутқарылатуғын күниңиз ушын усы Руўх пенен мөрленгенсизлер. 31Жек көриўшилик пенен бирликте ҳәр бир жаман нийет, ашыў, ғәзеп, бақырыс ҳәм өсек сизлерден аўлақ болсын. 32Ал бир-бириңизге мийирман ҳәм жан ашыр болыңлар. Қудай сизлерди Масийх арқалы кеширгендей, сизлер де бир-бириңизди кешириңлер.
Copyright information for
KaaIBT22C