‏ Ephesians 5

Нурға тийисли адамларға сай жасаңлар!

1Солай етип, Қудайдың сүйикли балалары болған сизлер Оған еликлеңлер! 2Масийх бизлерди сүйип, бизлер ушын Қудайға унайтуғын хош ийисли садақа ҳәм қурбанлық болып, Өзин Қудайға бағышлады. Сол сыяқлы, сизлер де усындай сүйиспеншилик пенен жасаңлар.

3Ҳеш қандай бузықшылық, ҳарамылық ҳәм нәпсиқаўлық араңызда тилге де алынбасын. Бул мухаддеслерге минәсип емес. 4Араңызда уят ҳәм пәтиўасыз гәплер, турпайы ҳәзил де болмасын. Бул сизлерге минәсип емес. Буның орнына, Қудайға шүкирлик билдириңлер. 5Мынаны анық билип қойыңлар: ҳеш бир бузық, ҳарам, нәпсиқаў, яғный бутпараз адам Масийхтың ҳәм Қудайдың Патшалығын мийрас етип алмайды. 6Ҳеш ким сизлерди өтирик сөзлер менен алдамасын. Жоқарыда айтылған ислер себепли, Өзине бойсынбайтуғынларға Қудайдың ғәзеби келеди. 7Сонлықтан бундайларға шерик болмаңлар.

8Сизлер бир ўақытлары қараңғылық едиңиз, бирақ енди болса, Ийемиз арқалы нур болдыңлар. Сол себептен нурға тийисли адамларға сай жасаңлар. 9Өйткени нурдағы өмирдиң жемиси – ҳәр түрли жақсылық, ҳақлық ҳәм ҳақыйқатлықтан ибарат. 10Ийемизге нениң унайтуғынын айырып билиңлер. 11Қараңғылықтағы өмирдиң жемиссиз ислерине қатнаспаңлар. Керисинше, оларды әшкара етиңлер. 12Қараңғылықтағы адамлардың жасырын қылған ислерин айтыўдың өзи қатты уят. 13Бирақ, қараңғылыққа нур шашылса, ҳәмме нәрсе анық көринеди. 14Себеби Қудайдың нурында көринген ҳәр бир адам – нур. Сол себептен былай делинген: «Оян, ҳәй уйқыда жатқан,
Өлилер ишинен тирил!
Масийх саған нур шашар».

15Солай етип, қалай жасаў кереклигине дыққат аўдарып, надан адамлар сыяқлы емес, ал дана адамлар сыяқлы жасаңлар. 16Ўақыттан үнемли пайдаланыңлар. Өйткени ҳәзирги күнлер жаўызлыққа толы. 17Сол себептен ақылсыз болмай, Ийемиздиң қәлеўиниң не екенин түсиниңлер. 18Шарап ишип, мәс болмаңлар, бул адамның бузылыўына алып келеди. Ал буның орнына, Мухаддес Руўхқа толыңлар. 19Забур жырларындағы, алғыс-мақтаў қосықларындағы ҳәм руўхый қосықлардағы сөзлерди бир-бириңизге айтып, Ийемизди қосық-намалар менен шын жүректен алғыслаңлар. 20Бәрқулла ҳәмме нәрсе ушын, Ийемиз Ийса Масийхтың аты менен Әкемиз Қудайға шүкирлик билдириңлер.

Ерли-зайыплылар арасындағы қатнасық ҳаққында

21Масийхқа деген ҳүрметиңиз себепли, бир-бириңизге бойсыныңлар.

22Ҳәй ҳаяллар, Ийемизге бойсынатуғыныңыз сыяқлы, күйеўлериңизге де бойсыныңлар! 23Себеби Масийх исениўшилер жәмәәтиниң басы болғаны сыяқлы, күйеўи де ҳаялының басы. Масийх Өз денесиниң, яғный исениўшилер жәмәәтиниң Қутқарыўшысы. 24Исениўшилер жәмәәти Масийхқа бойсынатуғыны сыяқлы, ҳаяллар да ҳәмме исте күйеўлерине бойсынсын.

25Ҳәй күйеўлер, Масийх исениўшилер жәмәәтин сүйип, оның ушын Өзин қурбан еткени сыяқлы, сизлер де ҳаялларыңызды сүйиңлер. 26Масийх исениўшилер жәмәәтин суў менен жуўып
Суў менен жуўыў – шомылдырыў рәсиминен өткизиў.
ҳәм Қудайдың сөзи менен тазалап, оны мухаддес қылыў ушын, Өзин қурбан етти.
27Буны Ол үстинде ҳеш бир дақ, жыйрық ямаса буған уқсаған бир нәрсеси жоқ, мухаддес ҳәм минсиз болған салтанатлы жәмәәтти Өзине алыў ушын иследи. 28Сол сыяқлы, күйеўлер де ҳаялларын өз денесин сүйгендей сүйиўи шәрт. Өз ҳаялын сүйген өзин сүйген болады. 29Ҳеш ким ҳеш қашан өз денесин жек көрмеген. Керисинше, Масийх исениўшилер жәмәәтине ғамхор болғаны сыяқлы, адам өз денесин азықландырып, оған ғамхорлық қылады. 30Өйткени бизлер Масийхтың денесиниң
Базы қолжазбаларда «…Оның етиниң ҳәм сүйеклериниң» деген сөзлер де бар.
мүшелеримиз.
31«Сонлықтан ер адам ата-анасын қалдырып, өз ҳаялына қосылады ҳәм екеўи бир дене болады». 32Бул сыр уллы. Мен буны Масийхқа ҳәм исениўшилер жәмәәтине байланыслы айтып атырман. 33Солай етип, ҳәр бириңиз өз ҳаялын өзин сүйгендей сүйсин. Ҳаял да күйеўин ҳүрмет етсин.
Copyright information for KaaIBT22C