Ephesians 6
Ата-ана ҳәм балалар арасындағы қатнасықлар ҳаққында
1Ҳәй балалар, Ийемизге тийисли болған сизлер, ата-анаңызға бойсыныңлар! Себеби усылай ислегениңиз дурыс болады. 2«Ата-анаңды ҳүрметле», – бул ўәде менен бирге берилген ең баслы буйрық. 3Сол ўәде болса мынадай: «Сонда сен берекет табасаң ҳәм жердеги өмириң узақ болады». ▼ 4Ҳәй әкелер, балаларыңыздың ашыўын келтирмеңлер. Оларды Ийемиздиң тәлим-тәрбиясы менен өсириңлер.Хожайынлар ҳәм қуллар ҳаққында
5Ҳәй қуллар, дүньядағы хожайынларыңыздың сөзин Масийхтың сөзин тыңлағандай, терең ҳүрмет, қорқыў ҳәм пәк жүрек пенен тыңлаңлар. 6Буны адамларға жақсы көрингиси келетуғынлар сыяқлы, көзабаға ислемеңлер. Қудайдың қәлеўин Масийхтың қуллары сыпатында шын жүректен орынлаңлар. 7Адамларға емес, ал Ийемизге хызмет етип атырғандай, инта менен хызмет етиңлер. 8Өйткени қул болсын, азат адам болсын, ҳәр бир адамның ислеген жақсылығының Ийемизден қайтатуғынын билесизлер. 9Ҳәй хожайынлар, сизлер де қулларыңызға усындай қатнаста болып, оларды қорқытыўды тоқтатыңлар. Себеби олардың да, сизлердиң де Ийеңиз аспанда екенин ҳәм Оның адамларды айырмайтуғынын билесизлер.Шайтанға қарсы руўхый урыс
10Жуўмақлап айтқанда, Ийемиз бенен қатнаста болып, Оның қүдиретиниң күши менен беккемленип барыңлар. 11Шайтанның ҳийлелерине қарсы тура алыў ушын, Қудайдың барлық саўыт-сайманлары менен қуралланыңлар. 12Өйткени урысымыз қан ҳәм еттен ибарат болған адам баласына қарсы емес, ал бул дүньядағы көзге көринбейтуғын ҳәкимлерге, бийлеўшилерге, бул қараңғы заманның күшлерине ҳәм аспандағы жаўыз руўхларға қарсы. 13Сонлықтан жаман күнде оларға қарсылық көрсете алыўыңыз ушын ҳәм толық жеңиске ерискениңизден соң, беккем тура алыўыңыз ушын, Қудайдың барлық саўыт-сайманлары менен қуралланыңлар. 14Солай етип, орныңызда беккем турыңлар. Белиңизди ҳақыйқат белбеўи менен буўып, көкирегиңизге ҳақлық саўытын кийиңлер. 15Тынышлық Хош Хабарын жәриялаў таярлығын аяқларыңызға аяқ кийим қылып кийиңлер. 16Булардың ҳәммесине қоса шайтанның барлық отлы оқларын өшире алатуғын исеним қалқанын қолларыңызға алыңлар. 17Қутқарылыў дуўлығасын ҳәм Қудайдың сөзи болған Мухаддес Руўхтың қылышын алыңлар. 18Ҳәр түрли тилек ҳәм жалбарыныў менен, Мухаддес Руўхтың басқарыўында ҳәмме ўақыт дуўа етиңлер. Усы мақсет пенен сергек болып, пүткил мухаддеслер ушын табан тиреп сораңлар. 19Мен ушын да дуўа етиңлер. Аўзымды ҳәр ашқанымда маған керекли сөз берилип, Хош Хабардың сырын батырлық пенен билдире алайын. 20Және де, Хош Хабар ушын елши болған мен ҳәзир тутқын болсам да, Хош Хабарды ылайықлы түрде мәртлик пенен жәриялаўым ушын да дуўа етиңлер.Соңғы сәлемнама
21Аўҳалымның қалай екенин ҳәм не ислегенимди сизлер де билиўиңиз ушын, сүйикли туўысқанымыз ҳәм Ийемиздиң исенимли хызметшиси Тихик сизлерге ҳәммесин айтып береди. 22Мине, мен усы мақсет пенен оны сизлерге жиберип атырман. Ол ҳал-жағдайымызды билдирип, сизлердиң кеўиллериңизге жубаныш береди. 23Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Ийса Масийх туўысқанларға тынышлық ҳәм исеним менен бирликте сүйиспеншилик берсин. 24Ийемиз Ийса Масийхты өшпес сүйиспеншилик пенен сүйиўшилердиң ҳәммесине Қудайдың мийрими яр болсын!
Copyright information for
KaaIBT22C