Esther 1
Ахашўероштың зыяпатлары
1Бул ўақыя патша Ахашўероштың дәўиринде болған еди. Ахашўерош Ҳиндистаннан Хабашстанға шекем созылған бир жүз жигирма жети ўәлаяттың үстинен патшалық ететуғын еди. 2Сол ўақытта патша Ахашўерош Суза қорған қаласындағы тахтында отырып ел басқарды. 3Ол патшалығының үшинши жылында өзиниң барлық беклери ҳәм хызметшилери ушын зыяпат берди. Персия ҳәм Мидия әскербасылары, ақсүйеклер ҳәм бир жүз жигирма жети ўәлаяттың басшылары оның алдына келди. 4Көп күнлер, яғный бир жүз сексен күн даўамында Ахашўерош өз патшалығының шексиз байлығын, уллылығының сулыўлығын ҳәм салтанатын көрсетти. 5Сол күнлер тамам болғаннан кейин, патша Суза қаласындағы халықтың үлкен-кишисине арнап, өз сарайының бағ ҳәўлисинде жети күн зыяпат берди. 6Ҳәўлиниң мәрмер бақанларына орнатылған гүмис ҳалқаларға шым қызыл ҳәм ҳасыл зығыр арқанлар менен байланған ақ ҳәм қызғыш көк реңли гезлемелер илдирилген еди. Мәрмер ҳәм ҳәр түрли реңдеги таслар төселген ҳәўлиде алтын ҳәм гүмис орынлықлар орнатылған еди. 7Шараплар бир-биринен айрықша болған ҳәр түрли алтын ыдысларда берилди. Патшаның байлығына жараса, оның шарабы да мол болды. 8Патшаның буйрығы бойынша, ҳеш ким қонақларды шарап ишиўге мәжбүрлемеди. Себеби патша сарай хызметшилерине ҳәр бир қонақтың тилегин орынлаўды буйырған еди.Ханбийке Ўаштийдиң тажынан айырылыўы
9Сол ўақытта ханбийке Ўаштий де патша Ахашўероштың сарайында ҳаяллар ушын зыяпат берип атырған еди. 10Жетинши күни шарап ишип кеўли көтерилген патша өзиниң Меҳуман, Бизта, Харбона, Бигта, Абагта, Зетар ҳәм Каркас атлы жети ақтасына ▼▼ Ақта – пишилген адам. Бундай адам көбинесе патшалар сарайында жоқары лаўазымларда ислейтуғын болған.
11ханбийке Ўаштийге таж кийдирип, алдына алып келиўди буйырды. Патша халыққа ҳәм беклерге оның қаншелли гөззал екенин көрсетпекши болды. Себеби ханбийке Ўаштий жүдә сулыў еди. 12Бирақ ханбийке Ўаштий ақталардың патшадан әкелген буйрығын орынлаўдан бас тартып, келиўди қәлемеди. Патшаның буған қатты ашыўы келип, ғәзеби қайнап кетти. 13Патша заманның бағытын билетуғын данышпан адамлар менен сөйлести. Өйткени ол өз ислерин нызам ҳәм қағыйдаларды билетуғынлардың ҳәммеси менен кеңесип ислейтуғын еди. 14Сол ўақытта патшаның жақынлары болған Каршена, Шетар, Адмата, Таршиш, Мерес, Марсена ҳәм Мемухан атлы Персия ҳәм Мидияның жети ўәзири бар еди. Патшалықта жоқары мәртебеге ийе болған усы адамлар патша менен жүзбе-жүз көрисе алатуғын еди. 15Патша олардан: – Мениң ақталарым арқалы айтқан буйрығымды орынламағаны ушын, нызам бойынша ханбийке Ўаштийге не ислеў керек? – деп сорады. 16Сонда патша ҳәм ўәзирлердиң алдында Мемухан былай деп жуўап берди: – Ханбийке Ўаштий тек патшаға қарсы емес, ал барлық беклерге ҳәм патшаның қолы астындағы пүткил ўәлаятлардағы халықлардың ҳәммесине қарсы айып иследи. 17Себеби ханбийкениң ислеген иси туўралы ҳәмме ҳаяллар еситкенде: «Патша Ахашўерош ханбийке Ўаштийди алдына алып келиўди буйырғанда, ханбийке бармапты», – деп айтып жүреди ҳәм күйеўлерин менсинбей қояды. 18Бүгин ханбийкениң усы иси туўралы еситкен Персия ҳәм Мидия ақсүйеклериниң ҳаяллары да өз күйеўлерине сондай қатнаста болады ҳәм ортадағы менсинбеўшиликлер менен кеўил қалыспақлардың шеги болмайды. 19Егер патшамыз мақул көрсе: «Ўаштий енди патша Ахашўероштың алдына келмесин ҳәм оның ханбийке деген абырайы оннан гөре жақсырағына берилсин», – деген пәрман шығарсын. Бул пәрман Персия ҳәм Мидияның ҳеш қашан өзгертилмейтуғын нызамларына қосымша етип жазып қойылсын. 20Патшалықтың үлкен болыўына қарамастан, патшаның бул пәрманы пүткил патшалықтың ҳәмме жерине жетип барғанда, бай ҳәм кәмбағал ҳаяллардың ҳәммеси өз күйеўлерин ҳүрмет ететуғын болады. 21Бул гәп патшаға да, ўәзирлерге де мақул түсти. Патша Мемуханның айтқанындай иследи. 22Ол өз қолы астындағы барлық ўәлаятларға хат жиберди. Хат ҳәр бир ўәлаятқа өз жазыўында ҳәм ҳәр бир халыққа өз тилинде жазылған болып, онда: «Ҳәр бир еркек өз үйиниң хожайыны болсын ҳәм өз ана тилинде сөйлесин», – деп жазылған еди.
Copyright information for
KaaIBT22C