‏ Esther 10

Ахашўерош пенен Мордохайдың уллылығы

1Патша Ахашўерош өз патшалығындағы шетки атаўларға дейин пүткил халықтан салық жыйнайтуғын еди. 2Оның барлық қүдиретли ислери ҳәм қаҳарманлықлары, ол мәртебели қылған Мордохайдың уллылығы ҳаққында Персия ҳәм Мидия патшаларының жылнама китабында жазылған.

3Яҳудий Мордохай бийлиги бойынша патша Ахашўероштан кейинги екинши адам болды. Ол яҳудийлер арасында ҳүрметке еристи ҳәм көп урпақласлары оны жақсы көрди. Себеби ол өз халқының ийгилигин ойлады ҳәм пүткил урпақласларының тынышлығы ушын гүрести.
Copyright information for KaaIBT22C