‏ Esther 2

Эстердиң ханбийке болыўы

1Патша Ахашўероштың ашыўы басылғаннан кейин, ол Ўаштийди, оның ислеген исин ҳәм оған қарсы шығарылған ҳүкимди есине түсирди. 2Патшаның арнаўлы хызметшилери: «Патшамыз ушын жас, сулыў ҳәм пәк қызлар изленсин. 3Буның ушын патшаның қолы астындағы барлық ўәлаятларда бақлаўшылар тайынлансын. Олар жас, сулыў ҳәм пәк қызларды Суза қаласындағы ҳаял-қызлар сарайына жыйнатып, патшаның ҳаялларына қарайтуғын ақтасы Ҳегайдың қараўына тапсырсын ҳәм оларға ийисли затлар менен пардоз берилсин. 4Патшамызға унаған қыз Ўаштийдиң орнына ханбийке болсын», – деди. Бул гәп патшаға мақул болды ҳәм ол солай иследи.

5Суза қаласында Бенямин урыўынан болған Мордохай деген бир яҳудий жасайтуғын еди. Ол Яир деген адамның улы болып, Яир Шимейдиң, ал Шимей Киштиң улы еди. 6Киш Яҳуда патшасы Ехония
Ехония – Еҳоякинниң басқа аты. 4Пат 24:6 қараң.
менен бирге Бабилония патшасы Набуходоносор тәрепинен Ерусалимнен сүргин етилип алып келингенлердиң бири еди.
7Мордохайға әкеси жағынан туўысқан болған Ҳадасса атлы бир қыз бар еди. Басқа аты Эстер болған Ҳадасса ата-анасынан жетим қалғаннан соң, Мордохай оны асырап алып тәрбиялады. Қыз қәдди-қәўмети келискен, сулыў еди.

8Патшаның буйрығы менен пәрманы жәрияланғаннан соң, көп қызлар Суза қаласына әкелинип, ҳаял-қызлар ушын жуўапкер болған Ҳегайдың қараўына тапсырылды. Патша сарайына әкелинген қызлардың ишинде Эстер де бар еди. 9Ҳегай Эстерди унатты ҳәм оған кеўли толды. Ол Эстерге пардозланыўы ушын керекли затларды ҳәм оған арналған азық-аўқатларды бериўге асықты. Оған хызмет етиў ушын патша сарайынан сайланған жети қызды белгиледи. Эстерди ҳәм оның қәнизеклерин ҳаял-қызлар сарайының ең жақсы бөлмесине жайластырды.

10Эстер өз халқы ҳәм өз ата теги ҳаққында ашық айтпады. Себеби Мордохай оған бул туўралы аўыз ашпаўды буйырған еди. 11Мордохай ҳәр күни Эстердиң аўҳалынан хабар алыў ушын ҳәм оған не болып атырғанын билиў ушын ҳаял-қызлар сарайының ҳәўлиси әтирапында жүретуғын еди.

12Патша Ахашўероштың алдына кириў гезеги келгенше, ҳәр бир жас қызға он еки ай даўамында пардоз берилетуғын еди. Қызлар ушын шығарылған қағыйда усындай болып, оларға алты ай мирра майы
Мирра майы – қандай да бир теректиң ширесинен алынып, қайта ислеп таярланған хош ийисли май.
, алты ай әтир майлары ҳәм пардозлайтуғын затлар жағылатуғын еди.
13Соңынан қыз патшаның алдына киретуғын еди. Қыз патша сарайына кирер алдынан ҳаяллар сарайынан нени алыўды қәлесе, оған ҳәммеси берилетуғын еди. 14Кеште патшаның бөлмесине кирген қыз ертеңине азанда патшаның тоқалларына қарайтуғын ақтасы Шаашгаздың бақлаўы астындағы екинши ҳаяллар сарайына қайтатуғын еди. Патшаға унамаған ҳәм аты айтып шақырылмаған қыз патшаның жанына қайтып кире алмайтуғын еди.

15Патшаның бөлмесине кириў гезеги Мордохайдың асырап алған қызына, яғный оның ағасы Абихайылдың қызы Эстерге келгенде, ол патшаның ҳаялларын қараўыллайтуғын ақтасы Ҳегайдың айтқанларын ғана алды ҳәм басқа ҳеш нәрсе сорамады. Эстер өзин көрген ҳәр бир адамның кеўлине унап қалды. 16Солай етип, Ахашўероштың патшалық етиўиниң жетинши жылының оныншы айы, тебет айында Эстер патша Ахашўероштың сарайына апарылды.

17Патша Эстерди басқа қызлардан гөре көбирек жақсы көрип қалып, оған кеўли толды ҳәм Эстерди басқа ҳаял-қызларға қарағанда көбирек унатты. Ахашўерош Эстердиң басына таж кийдирип, оны Ўаштийдиң орнына ханбийке етип қойды. 18Соңынан патша барлық ўәзирлери ҳәм хызметшилери ушын Эстердиң ҳүрметине үлкен зыяпат берди. Ол ўәлаятларға байрам жәрия етти ҳәм патшаларға ылайық сақыйлық пенен саўғалар үлестирди.

Мордохайдың патшаның өмирин сақлап қалыўы

19Қызлар екинши рет жыйналғанда, Мордохай сарайда өз хызметин атқарып отырған еди. 20Эстер Мордохайдың буйрығы бойынша өзиниң ата теги ҳәм халқы ҳаққында еле ҳеш нәрсе айтпаған еди. Эстер Мордохайдың тәрбиясында болған ўақтында оған қалай бойсынатуғын болса, ҳәзир де солай бойсынатуғын еди.

21Сол күнлери Мордохай сарайда өз хызметин атқарып отырғанда, дәрўаза сақшылары болған Бигтан ҳәм Тереш деген еки ақта патша Ахашўерошқа ашыўланып, оны өлтириўди режелестирди. 22Мордохай бул исти билгенде, ханбийке Эстерге хабарлады. Эстер оны Мордохайдың атынан патшаға жеткизди. 23Бул ўақыя тексерилип, дурыс деп табылды ҳәм еки сақшы да дарға асылды. Кейин бул ўақыя жылнама китабына патшаның көз алдында жазып қойылды.
Copyright information for KaaIBT22C