‏ Esther 3

Ҳаманның яҳудийлерди жоқ қылыўды ойлаўы

1Бул ўақыядан кейин патша Ахашўерош Агаг әўладынан болған Ҳаммедата улы Ҳаманды жоқары лаўазымға тайынлап, оның мәртебесин көтерди. Оны барлық ўәзирлерден де жоқары бийликке ийе қылды. 2Патшаның буйрығы бойынша, патша сарайындағы хызметшилердиң ҳәммеси Ҳаманға тәжим етип, жерге дейин ийилетуғын еди. Бирақ Мордохай оған тәжим етпеди де, жерге дейин ийилмеди де. 3Патша сарайындағы хызметшилер Мордохайдан: «Сен не ушын патшаның буйрығына бойсынбай атырсаң?» – деп сорады. 4Олар бул сөзди ҳәр күни қайталаса да, Мордохай оларды тыңламады. Сонлықтан олар буны Ҳаманға жеткизди. Себеби Мордохай оларға өзиниң яҳудий екенин айтқан еди ҳәм олар Мордохайдың усылай ислеўди даўам ететуғынын ямаса етпейтуғынын көргиси келди.

5Ҳаман Мордохайдың өзине тәжим етип, жерге дейин ийилмегенин көргенде, ашыўдан түтеп кететуғын еди. 6Ҳаман Мордохайдың жалғыз өзин өлтириўди ойлап қоймай, Мордохайдың қайсы халықтан екенин билгенликтен, Ахашўероштың пүткил патшалығындағы барлық яҳудийлерди, яғный Мордохайдың пүткил халқын қырып таслаўды қарар етти.

7Ахашўероштың патшалығының он екинши жылының биринши айында, нисан айында бул исти әмелге асыратуғын күн ҳәм айды белгилеў ушын Ҳаманның алдында пур, яғный шек тасланды. Шек он екинши айға, адар айына түсти.

8Соңынан Ҳаман патша Ахашўерошқа былай деди:

– Патшалығыңыздағы барлық ўәлаятлардағы халықлар арасына жайылып, тарап кеткен бир халық бар. Олардың нызамлары басқа барлық халықлардың нызамларынан өзгеше болып, олар патшамыздың нызамларына бойсынбайды. Оларды өз билдигинше қалдырыў патшамыздың мәртебесине зыян тийгизеди.
9Егер патшамыз мақул көрсе, оларды қырып таслаў ушын пәрман шығарсын. Мен бул исти орынлағанларға төлеў ушын патша қазнасына он мың талант
Он мың талант – бир талант шама менен 34 кг.
гүмис беремен.

10Сонда патша қолындағы мөр жүзигин шешип, пәрманды тастыйықлаў ушын, яҳудийлердиң душпаны, Агаг әўладынан болған Ҳаммедата улы Ҳаманға берди. 11Патша оған:

– Гүмис өзиңде қалсын. Сол халыққа қәлегениңди исле, – деди.

12Биринши айдың он үшинши күни патшаның хаткерлери шақырылды. Ҳаманның ҳәмме буйрықлары патшаның найыпларына
Найыплар – Персия империясында жоқары лаўазымды ийелеген басшылар. Олар бириккен бир неше ўәлаятларды басқаратуғын еди.
, барлық ўәлаятлардың ҳәкимлерине, барлық халықлардың беклерине, ҳәр бир ўәлаятқа өз жазыўында ҳәм ҳәр бир халыққа өз тилинде патша Ахашўероштың атынан жазылып, оның мөр жүзиги менен тастыйықланды.
13«Яҳудийлердиң ҳәммеси: жасы ҳәм ғаррысы, ҳаял ҳәм бала-шағасы он екинши айдың, адар айының он үшинши күни, бир күнде өлтирилип, жоқ қылынсын, қырып тасланып, мал-мүлки талан-тараж қылынсын», – деген патшаның хаты патшалықтың пүткил ўәлаятларына шабарманлар арқалы жиберилди. 14Бул пәрманның көширмеси ҳәр бир ўәлаятта нызам сыпатында жәрияланып, барлық халықларға билдирилиўи тийис болды. Себеби ҳәмме белгиленген сол күнге таяр болып турыўы керек еди.

15Шабарманлар патшаның буйрығы менен асығыс жолға шықты. Пәрман Суза қаласында да жәрияланды. Қала халқы албырасып атырған ўақытта патша менен Ҳаман отырып алып, шарап ишти.
Copyright information for KaaIBT22C