Esther 7
Ҳаманның өлимге ҳүким етилиўи
1Солай етип, патша Ҳаман менен бирге ханбийке Эстердиң зыяпатына келди. 2Екинши зыяпат күни де олар шарап ишип отырғанда, патша Эстерге және: – Эстер, қандай тилегиң бар? Тилегиң орынланады. Қандай өтинишиң бар? Патшалықтың ярымын сорасаң да бериледи, – деди. 3Сонда ханбийке Эстер жуўап берип былай деди: – Тақсырым! Егер маған кеўлиңиз толған болса ҳәм дурыс деп тапсаңыз, мениң жанымды сақлап қалыўыңызды тилеймен ҳәм мениң халқыма да өмир бағышлаўыңызды өтинемен. 4Себеби мен ҳәм мениң халқым өлтирилип жоқ етилиў ҳәм қырып тасланыў ушын сатылғанбыз. Егер бизлер қул ҳәм шоры етип сатылғанымызда, мен үндемеген болар едим. Өйткени бул ис себепли патшамыздың тынышын алыў мақул болмас еди, – деди. 5Сонда патша Ахашўерош ханбийке Эстерден: – Бундай исти ислеўге кимниң батылы барды, сол адам қай жерде? – деп сорады. 6Эстер: – Душпанымыз ҳәм жаўымыз – бул жаўыз Ҳаман, – деди. Сонда патшаның ҳәм оның ҳаялының алдында Ҳаманның ҳүрейи ушып, қорқып кетти. 7Патша ғәзепленип, орнынан турды да, сарай бағына қарай кетти. Ал Ҳаман ханбийке Эстерден өз жанын қутқарыўын өтинип сораў ушын иште қалды. Өйткени ол патшаның өзин қатаң жазалаўды қарар еткенин түсинген еди. 8Патша сарай бағынан зыяпат болып атырған жерге қайтқанда, Эстер жамбаслап отырған орынлықта Ҳаманның ет бетинен жығылып атырғанын көрди де: – Бул адам сарайда, ҳәттеки, мениң көз алдымда ҳаялыма зорлық қылмақшы ма? – деп бақырды. Патша усы сөзлерди айтып болар-болмастан, патшаның хызметшилери Ҳаманның бетин жапты. 9Соңынан патшаға хызмет ететуғын ақталардың бири Харбона былай деди: – Ҳаманның үйиниң алдында бийиклиги елиў шығанақ келетуғын дар турыпты. Бул дар патшамызды ескертип, оның өмирин сақлап қалған Мордохайды асыў ушын қурылған, – деди. Сонда патша: – Сол дарға оның өзин асыңлар! – деп буйрық берди. 10Солай етип, Ҳаманның Мордохайды асыў ушын қурдырған дарына оның өзин асты. Соннан кейин ғана патшаның ашыўы басылды.
Copyright information for
KaaIBT22C