‏ Esther 8

Патшаның яҳудийлерди қорғаўы

1Сол күни патша Ахашўерош яҳудийлердиң душпаны болған Ҳаманның мал-мүлкин ханбийке Эстерге берди. Мордохай патшаның алдына кирди, себеби Эстер Мордохайдың өзине ким болатуғынын айтқан еди. 2Сонда патша Ҳаманнан қайтарып алған мөр жүзигин бармағынан шешип алып, Мордохайға берди. Эстер де Мордохайды Ҳаманның мал-мүлки үстинен басқарыўшы етип тайынлады.

3Эстер және патша менен сөйлести. Ол жылап, патшаның аяғына жығылды ҳәм Агаг әўладынан болған Ҳаманның яҳудийлерге қарсы режелестирген жаўыз нийетин бийкар етиўди сорап жалынды. 4Патша алтын ҳасасын Эстерге қарап созғанда, ол орнынан түргелип, патшаның алдында турды.

5Ол патшаға:

– Егер патшамыздың маған кеўли толған болса ҳәм мақул көрсе, егер патшамыз тилегимди туўры деп билсе ҳәм мен оған унасам, Агаг әўладынан болған Ҳаммедата улы Ҳаманның патшалықтың барлық ўәлаятларындағы яҳудийлерди қырып таслаўды буйырып, қара нийет пенен жаздырған хатларын бийкарлап, хатлар жазылсын.
6Себеби мен халқымның басына апатшылық түсиўине қалай қарап тура аламан? Туўған-туўысқанларымның қырып тасланыўына қалай қарап тура аламан? – деди.

7Патша Ахашўерош ҳаялы Эстерге ҳәм яҳудий Мордохайға былай деди:

– Минекей, Ҳаманның мал-мүлкин Эстерге бердим. Ал Ҳаманды яҳудийлерди қырып таслаўды режелестиргени ушын дарға астырдым.
8Бирақ патшаның атынан жазылып, оның жүзиги менен мөрленген хатты ҳеш ким өзгерте алмайды. Сонлықтан енди өзлериңиз яҳудийлер ушын нени мақул көрсеңиз, патшаның атынан соны жазып, патшаның жүзиги менен мөрлеңлер.

9Сонда үшинши ай болған сиўан айының жигирма үшинши күнинде патшаның хаткерлери шақырылды. Мордохайдың буйырған ҳәр бир нәрсеси Ҳиндистаннан баслап Хабашстанға шекемги бир жүз жигирма жети ўәлаятта жасайтуғын яҳудийлерге, найыпларға, ҳәкимлерге ҳәм ўәлаят басшыларына: ҳәр бир ўәлаятқа өз жазыўында ҳәм ҳәр бир халыққа өз тилинде, яҳудийлерге де өз жазыўы менен өз тилинде жазылды. 10Мордохай патша Ахашўероштың атынан жаздырған хатларын патшаның жүзиги менен мөрледи ҳәм патшаның хызметинде қолланыў ушын бағылып атырған шапқыр атларға шабарманларды мингизди де, оларға хатларды берип, жолға атландырды.

11Патшаның пәрманында барлық қалалардағы яҳудийлерге бир жерге жыйналып, өзлерин қорғаўға ҳуқық берилген еди. Және де, өзлерине ҳүжим қылатуғын барлық душпан халықлардың ямаса ўәлаяттың қураллы күшлерин, балаларын ҳәм ҳаялларын өлтирип жоқ қылыўға, қырып таслаўға, мал-мүлкин талан-тараж қылыўға рухсат берилген еди. 12Бул ис патша Ахашўероштың ҳәмме ўәлаятларында белгиленген күни, он екинши айдың, яғный адар айының он үшинши күни ислениўи керек еди. 13Усы пәрманның көширмеси ҳәмме ўәлаятларға нызам ретинде жәрияланып, барлық халықларға билдирилди. Солай етип, яҳудийлер сол күни душпанларынан өш алыў ушын таяр турыўы тийис еди.

14Шабарманлар патшаның шапқыр атларына минип, оның буйрығы менен асығыс жолға атланды. Бул пәрман Суза қаласында да жәрияланды.

15Мордохай үстине қызғыш көк ҳәм ақ реңдеги патшалық кийимлерди, басына үлкен алтын таж кийип, сыртынан шым қызыл ҳасыл зығыр шапан жамылып, патшаның алдынан шықты. Суза қаласы қуўаныш ҳәм шадлыққа бөленди. 16Яҳудийлер ушын жақты, қуўанышлы, шадлы ҳәм ҳүрметке толы күнлер келген еди. 17Патшаның буйрығы ҳәм пәрманы жетип барған ҳәр бир ўәлаят ҳәм қалада яҳудийлер қуўанышқа толып, шадланды. Олар зыяпатлар уйымластырды ҳәм байрамлады. Патшалықтағы халықлардан көплеген адамлар яҳудий болды. Себеби оларды яҳудийлерден қорқыў туйғысы бийлеп алған еди.
Copyright information for KaaIBT22C