‏ Esther 9

Яҳудийлердиң жеңиси

1Патшаның буйрығы ҳәм пәрманы орынланатуғын он екинши ай болған адар айының он үшинши күни де келди. Яҳудийлердиң душпанлары бул күни яҳудийлер үстинен ҳүкимдарлықты орнатыўды үмит пенен күткен еди. Бирақ керисинше болып шықты. Яҳудийлер өзлерин жек көргенлерден үстем келди. 2Олар өзлерине жәбир етпекши болғанларға қарсы ҳүжим жасаў ушын, патша Ахашўероштың қолы астындағы барлық ўәлаятлардағы өзлери жасайтуғын қалаларда бир жерге жыйналды. Ҳеш ким яҳудийлерге қарсы шыға алмады, себеби барлық халықларды олардан қорқыў туйғысы бийлеп алған еди. 3Ўәлаят басшылары, найыплар, ҳәкимлер ҳәм патша ислерин жүргизиўшилер Мордохайдан қорққанлықтан, яҳудийлерди қоллап қуўатлады. 4Өйткени Мордохай сарайда уллы адам болды. Оның даңқы барлық ўәлаятларға тарады ҳәм күши күннен-күнге артып барды.

5Яҳудийлер душпанларының ҳәммесин қылыштан өткерди, өлтирди ҳәм жоқ қылды. Олар өзлерин жек көргенлерге қәлеген нәрсесин иследи. 6Яҳудийлер Суза қаласында бес жүз адамды өлтирип, жоқ қылды. 7Және де, олар Паршандата, Далфон, Аспата, 8Пората, Адаля, Аридата, 9Пармашта, Арисай, Аридай ҳәм Ўайзатаны өлтирди. 10Бул өлтирилгенлер яҳудийлердиң душпаны Ҳаммедата улы Ҳаманның он улы еди. Бирақ яҳудийлер олардың мал-мүлкине қол тийгизбеди.

11Сол күни-ақ Суза қаласында өлтирилгенлердиң саны патшаға билдирилди. 12Патша ханбийке Эстерге:

– Яҳудийлер Суза қаласында бес жүз адамды ҳәм Ҳаманның он улын өлтирип, жоқ қылыпты. Ким биледи, басқа ўәлаятларда олар не иследи екен? Не тилейсең? Ол қанаатландырылады. Және не сорайсаң? Ол орынланады, – деди.

13Сонда Эстер:

– Егер патшамыз мақул көрсе, Сузадағы яҳудийлер бүгинги пәрманыңызды ертең де орынласын. Ал Ҳаманның он улының денелери дарға асылсын, – деди.

14Патша бул өтиништи орынлаўды буйырды ҳәм пәрман Сузада жәрияланып, Ҳаманның он улының денеси дарға асылды. 15Сузадағы яҳудийлер адар айының он төртинши күни де бир жерге жыйналып, қалада үш жүз адамды өлтирди. Бирақ олардың мал-мүлкине қол тийгизбеди.

16Патшалықтың ўәлаятларында жасайтуғын басқа яҳудийлер де жан сақлаў ҳәм душпанларынан қорғаныў ушын бир жерге жыйналды. Олар өзлерин жек көргенлерден жетпис бес мың адамды өлтирди, бирақ олардың мал-мүлкине қол тийгизбеди. 17Бул ўақыя адар айының он үшинши күни жүз берген еди. Ал айдың он төртинши күни олар тынышланып, бул күнди зыяпат ҳәм қуўаныш күни деп белгиледи.

18Сузадағы яҳудийлер болса, сол айдың он үшинши ҳәм он төртинши күнлери бир жерге жыйналды, ал он бесинши күни тынышланды. Сол күнди зыяпат ҳәм қуўаныш күни деп белгиледи. 19Сонлықтан аўыл-аймақларда жасайтуғын яҳудийлер адар айының он төртинши күнин зыяпат ҳәм қуўаныш күни ретинде белгилейди ҳәм бир-бирине тағамлар береди.

Пурим байрамы

20Мордохай бул ўақыяларды жазып қойды. Соңынан ол патша Ахашўероштың қолы астындағы узақ ҳәм жақын жердеги ўәлаятларда жасайтуғын яҳудийлерге хатлар жиберди. 21Хатта ҳәр жылы адар айының он төртинши ҳәм он бесинши күнлерин байрамлаў буйырылған еди. 22Себеби бул күнлер яҳудийлердиң өз душпанларынан қутылған күнлери болып, қайғысы қуўанышқа, азасы байрамға айланған айы еди. Мордохай сол күнлерди зыяпат ҳәм қуўаныш күнлери деп белгилеп, бир-бирине тағамлар үлестириўди ҳәм кәмбағалларға садақалар бериўди буйырды.

23Солай етип, яҳудийлер Мордохайдың буйрығын қабыл етти ҳәм ҳәр жылы сол күнлерди байрамлаўды әдетке айландырды.

24Пүткил яҳудийлердиң душпаны Агаг әўладынан болған Ҳаммедата улы Ҳаман яҳудийлерди қырып таслаўды нийет етип, оларды езип жоқ қылыў ушын пур, яғный шек таслаған еди. 25Бирақ бул хабар патшаға жеткенде, патша хат арқалы: «Ҳаманның яҳудийлерге қарсы ойлаған жаўыз нийети өзиниң басына жетсин. Ҳаман ҳәм оның уллары дарға асылсын», – деп буйрық берген еди. 26Пур сөзи себепли, бул күнлерге Пурим
Пурим – бул байрам ҳәр жылы адар айының 14 ҳәм 15-сәнелеринде нышанланады. Бул күнлер шама менен март айының басына туўры келеди.
деп ат берилген еди.

Солай етип, яҳудийлер Мордохайдың бул хатында жазылғанларды, көрген-билгенлерин ҳәм басларынан кеширгенлерин еслеринде сақлаў ушын,
27яҳудийлер, олардың әўладлары ҳәм оларға қосылғанлардың ҳәммеси хатта жазылғанындай, белгиленген ўақытта бул еки күнди ҳәр жылы сөзсиз байрамлаўға қарар етти. 28Солай етип, бул күнлер ҳәр бир ўәлаятта, ҳәр бир қалада ҳәм ҳәр бир тийреде әўладтан-әўладқа еске алынады ҳәм байрамланады. Усы Пурим күнлерин яҳудийлер тәрепинен байрамлаў ҳеш қашан тоқтатылмайды ҳәм бул күнлер әўладлар бойы есте сақланады.

29Абихайыл қызы ханбийке Эстер ҳәм яҳудий Мордохай Пуримге байланыслы бул екинши хатты толық бийлик пенен жазып тастыйықлады. 30Мордохай Ахашўероштың қол астындағы бир жүз жигирма жети ўәлаятта жасайтуғын ҳәмме яҳудийлерге тынышлық ҳәм аманлық тилеклерине толы хатларды жиберди. 31Хатта яҳудий Мордохай ханбийке Эстер менен бирликте алдын ала қарар еткениндей, яҳудийлерге усы Пурим күнлерин белгиленген ўақытта нышанлаўды қатаң сақлаўды буйырды. Бурын яҳудийлердиң өзлери ҳәм урпақлары ораза тутыў ҳәм азалаў бойынша белгиленген қағыйдаларға бойсынғаны сыяқлы, бул байрамға да бойсыныўы белгиленген еди. 32Солай етип, Эстердиң буйрығы бойынша Пуримге тийисли усы қағыйдалар тастыйықланып, китапқа жазып қойылды.
Copyright information for KaaIBT22C