‏ Exodus 26

Мухаддес шатырға тийисли көрсетпелер

1– Ал Мухаддес шатырды он пердеден қур. Перделер ҳасыл зығыр жиптен, жүннен ийирилген қызғыш көк, шым қызыл ҳәм қырмызы жиплерден исленип, үстине керублардың сүўретлери шеберлик пенен кестеленсин. 2Ҳәр бир пердениң узынлығы жигирма сегиз шығанақ, ени төрт шығанақ болсын. Ҳәмме пердениң өлшеми бирдей болсын. 3Перделер бесеў-бесеўден бир-бирине қосып тигилсин. 4Биринши бес пердениң шетине қызғыш көк жиптен илгеклер ислет. Екинши бес пердениң шетине де солай ислет. 5Биринши бес пердениң дәслепки пердесине елиў, екинши бес пердениң соңғы пердесине елиў илгек тиктир. Илгеклер бир-бирине қарама-қарсы жайласқан болсын. 6Және де, елиў алтын илмек ислетип, олар жәрдеминде перделерди бир-бирине бириктир. Сонда шатыр бир тутас болады.

7Мухаддес шатырдың үстин жабыў ушын, ешки жүнинен он бир перде ислет. 8Ҳәр бир пердениң узынлығы отыз шығанақ, ени төрт шығанақ болсын. Он бир пердениң өлшеми бирдей болсын. 9Бес пердени бир бөлек, қалған алты пердени бир бөлек қылып, бир-бири менен бириктир. Алтыншы пердени шатырдың алды бетине еки қабатлап бүклеп қойғыз. 10Солай етип, бириктирилген еки бөлек перделерди бир-бирине қосыў ушын, ҳәр бир бөлектиң шетлерине елиў-елиўден илгек ислет. 11Тағы да, қоладан елиў илмек ислет. Илгеклерди илмеклер менен илдирип, шатырдың перделерин бир тутас қылып бириктир. 12Шатырдың перделеринен аўысқан ярым перде шатырдың арт жағына асып қойылсын. 13Ал перделердиң узынлығынан аўысқан бир шығанақ таўар шатырдың еки жағынан төмен салбырап, шатырды жаўып турсын. 14Шатыр ушын қызылға боялған қошқар терисинен жапқыш, оның үстине жумсақ териден сыртқы жапқыш ислет.

15Акация ағашынан шатыр ушын тиккесине туратуғын тахтайлар ислет. 16Ҳәр бир тахтайдың узынлығы он шығанақ, ени бир ярым шығанақ болсын. 17Ҳәр бир тахтайдың астына бир-бирине қатарластырып, еки туяқтан өзинен шығарып ислет. Шатырдың ҳәмме тахтайларын усылай ислет. 18Шатырдың қубла тәрепи ушын жигирма тахтай ислет. 19Усы жигирма тахтайдың астына қойылатуғын қырық гүмис ултан ислет. Ҳәр бир тахтайдың туяғының астында бир ултаннан болыўы ушын, ҳәр бир тахтайға еки ултаннан ислет. 20Шатырдың арқа тәрепи ушын жигирма тахтай ислет. 21Ал ҳәр бир тахтайдың астына еки ултаннан қойыў ушын, қырық гүмис ултан ислет. 22Шатырдың батысқа қараған арт жағы ушын алты тахтай, 23шатырдың артындағы мүйешлер ушын еки тахтай ислет. 24Бул мүйешлердеги тахтайлар төменнен жоқарыға дейин жупласып, жоқарыдағы бир ҳалқа менен бириктириледи. Еки мүйеш те усылай исленсин. 25Солай етип, сегиз тахтай ҳәм ҳәр бир тахтайдың астына еки ултаннан қойыў ушын, он алты гүмис ултан болады.

26Акация ағашынан шатырдың бир тәрепиндеги тахтайлар ушын бес қада, 27екинши тәрепиндеги тахтайлар ушын бес қада ҳәм артындағы, яғный батыс тәрепиндеги тахтайлар ушын да бес қада ислет. 28Ал тахтайлардың орта белинен өтетуғын қадаларды шатырдың бир шетинен екинши шетине жететуғын қылып ислет. 29Тахтайларды ҳәм қадаларды алтын менен қаплатып, қадалар өткерилетуғын ҳалқаларды алтыннан ислет.

30Мухаддес шатырды таўда өзиңе көрсетилген үлги бойынша ислет.

31Жүннен ийирилген қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жиплерден ҳәм ҳасыл зығыр жиптен бир перде ислет. Оның үстине керублардың сүўретлерин шеберлик пенен кестелет. 32Акация ағашынан төрт бақан ислетип, оларды төрт гүмис ултанға орнат. Бақанларды алтын менен қаплатып, оларға алтын айры илдиргишлер илдир ҳәм усы илдиргишлерге пердени қыстыр. 33Пердени шатырдың жоқарысындағы илмеклердиң төменине, айры илгишлерге илдир ҳәм ишки тәрепине Келисим сандығын киргизип қой. Бул перде Мухаддес бөлме менен Ең мухаддес бөлмени бир-биринен айырып турады. 34Қақпақты Ең мухаддес бөлмеде болған Келисим сандығының үстине қой. 35Столды пердениң сыртқы жағына, шатырдың арқаға қараған тәрепине орналастыр. Шыра қойғышты столдың қарсысына, шатырдың қубла тәрепине қой.

36Шатырдың кирер аўзына жүннен ийирилген қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жиплерден ҳәм ҳасыл зығыр жиптен нағыслы перде тоқыт. 37Пердени илдириў ушын, акация ағашынан бес бақан ислетип, оларды алтын менен қаплат ҳәм үстине алтын айры илдиргишлер орнат. Бақанлар ушын қоладан исленген бес ултан қуйдыр.
Copyright information for KaaIBT22C