‏ Exodus 27

Қурбанлықлар жандырылатуғын орын

1– Акация ағашынан төрт мүйешли қылып, қурбанлық орын дүзет. Орынның узынлығы да, ени де бес шығанақ, ал бийиклиги үш шығанақ болсын. 2Оның төрт мүйешине өзинен шығып туратуғын шақлар ислеп, орынды ҳәм шақларын қола менен қаплат. 3Орын ушын күлге арналған ыдыслар менен белшелер, қан себетуғын табақлар, шанышқылар ҳәм шоқ салынатуғын ыдыслар ислет. Олардың ҳәммесин қоладан ислет. 4Қурбанлық орынға қоладан тор сыяқлы нағыс ҳәм оның төрт мүйешине қоладан төрт ҳалқа ислет. 5Тор нағысты қурбанлық орынның ортасына жететуғындай қылып, жийегиниң астынан ислет. 6Орын ушын акация ағашынан сырықлар ислетип, оларды қола менен қаплат. 7Қурбанлық орынды көтерип жүриў ушын, орынның еки қапталындағы ҳалқалардан усы сырықларды өткизип қой. 8Орын ағаштан исленип, иши бос болсын. Орынды таўда саған көрсетилгендей қылып ислет.

Мухаддес шатырдың ҳәўлиси

9– Мухаддес шатырдың ҳәўлисин қур. Ҳәўлиниң қубла тәрепине узынлығы жүз шығанақ болған, ҳасыл зығыр жиптен тоқылған перделер тақ. 10Перделер ушын қоладан исленген жигирма ултанға жигирма бақан орнат. Ал бақанның айры илдиргишлери менен карнизлери гүмистен болсын. 11Арқадағы узын тәрепи ушын узынлығы жүз шығанақ болған перделер, жигирма бақан ҳәм бақанлар ушын қоладан жигирма ултан исленсин. Бақанлардың айры илдиргишлери менен карнизлери гүмистен болсын.

12Ҳәўлиниң батыс тәрепиндеги ени ушын узынлығы елиў шығанақ болған перде, он бақан ҳәм оған он ултан исленсин. 13Ҳәўлиниң шығысқа қараған алдынғы тәрепиниң ени елиў шығанақ болсын. 14Усы кирер аўыздың бир тәрепинде узынлығы он бес шығанақ перде, үш бақан ҳәм үш ултан болсын. 15Оның екинши тәрепинде де узынлығы он бес шығанақ перде, үш бақан ҳәм үш ултан болсын. Кирер аўыздың еки тәрепи де усындай болсын.

16Ҳәўлиниң кирер аўзына жүннен ийирилген қызғыш көк, шым қызыл ҳәм қырмызы жип ҳәм ҳасыл зығыр жиптен узынлығы жигирма шығанақ болған нағыслы перде тоқыт. Оған төрт бақан ҳәм төрт ултан исленсин. 17Ҳәўлиниң әтирапындағы барлық бақанлар гүмис карнизлер ҳәм гүмис айры илдиргишлер менен бириктирилсин. Олардың ултанлары қола болсын. 18Ҳәўлиниң узынлығы жүз, ени елиў, ал әтирапындағы ҳасыл зығыр жибинен тоқылған перделердиң бийиклиги бес шығанақ болсын. Ултанлар қоладан болсын. 19Шатырға тийисли барлық затлары, шатырдың ҳәм ҳәўлиниң барлық қазықлары қоладан болсын.

Шыралар ушын май

20– Шыралар ҳәр күни түнде жанып турыўы ушын, Израил халқына сапалы зәйтүн майынан әкелиўди буйыр. 21Харон ҳәм оның уллары Ушырасыў шатырында, Келисим сандығының алдындағы пердениң сыртында, кештен таңға дейин шыралардың Мениң алдымда жаныўын тәмийинлесин. Бул израиллылар ушын әўладлар бойы мәңги қағыйда болсын.
Copyright information for KaaIBT22C