‏ Exodus 28

Руўханийлердиң кийимлери

1– Руўханий болып, Маған хызмет етиўи ушын, израиллылар арасынан әжағаң Харонды, оның уллары Надаб, Абиҳу, Элазар ҳәм Итамарды жаныңа ал. 2Әжағаң Харонның мәртебели болып, көркем көриниўи ушын, оған мухаддес кийимлерди тиктирип бер. 3Мен айрықша қәбилет берген адамларға айт, олар Харонның Маған бағышланып, руўханийлик етиўи ушын, оған кийим тиксин. 4Олар мына кийимлерди тиксин: қалталы өңирше, эфод, баҳалы үст кийим, нағыслы узын көйлек, сәлле ҳәм белбеў. Руўханий болып Маған хызмет қылыўы ушын, олар әжағаң Харонға ҳәм оның улларына бул мухаддес кийимлерди тиксин. 5Олар алтын, және жүннен ийирилген қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жиплерди ҳәм ҳасыл зығыр жибин қоллансын.

Эфод

6– Эфодты
Эфод – сөзликке қараң.
алтын сабақ, қызғыш көк, шым қызыл ҳәм қырмызы жиплер менен ҳасыл зығыр жиптен шеберлик пенен нағыслап ислесин.
7Оның алдынғы ҳәм артқы тәреплерин бир-бири менен бириктириў ушын, ийин арқалы өтетуғын еки баўы болсын. 8Эфодтың жоқарысына бириктирилген ҳалда белбеў ислет. Бул эфод сыяқлы алтын сабақ, қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жиплер ҳәм ҳасыл зығыр жиптен исленсин. 9Кейин сен еки оникс тас алып, оларға Израил улларының атларын ойып жаздыр. 10Жасына қарап, алтаўын биринши тасқа, қалған алтаўын екинши тасқа ойып жаздыр. 11Устаның тасқа мөрди ойып жазғанындай, Израил улларының атларын да еки тасқа ойып жаздыр ҳәм тасларды өрме нағыслы алтын қаснаққа қондыр. 12Соңынан усы тасларды эфодтың ийин баўларына орнат. Харон Жаратқан Ийениң, яғный Мениң алдыма киргенде, сол таслар Израилдың он еки урыўын еслетип турыў ушын, ол еки ийин баўында бул тасларды алып жүреди.

13Алтыннан және өрме нағыслы еки қаснақ ислет. 14Сап алтыннан өрилген шынжырлар ислетип, оларды қаснақларға бириктир.

Өңирше

15– Қудайдың еркин билиўде қолланылатуғын қалталы өңирше ислет. Оны да эфод сыяқлы алтын сабақ, қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жиплер ҳәм ҳасыл зығыр жиптен шеберлик пенен нағыслап ислет. 16Өңирше төрт мүйешли ҳәм еки қабатлы болып, узынлығы да бир қарыс, ени де бир қарыс болсын. 17Өңиршеге төрт қатар қылып ҳасыл тасларды қада. Биринши қатарда сердолик, хризолит ҳәм зүмрет, 18екинши қатарда периўза, лазурит ҳәм гагат, 19үшинши қатарда яқыт, агат ҳәм аметист, 20төртинши қатарда сары яқыт, оникс ҳәм яшма болсын. Таслар алтын қаснақларға орнатылыўы тийис. 21Таслар он еки болып, оларға мөр ойылғандай қылып, Израилдың он еки улының атлары бирме-бир ойылып жазылсын. Бул таслар Израилдың он еки урыўының тымсалы болсын.

22Қалталы өңирше ушын сап алтыннан өрилген шынжырлар ислет. 23Тағы да, еки алтын ҳалқа да ислетип, оларды өңиршениң үстинги еки мүйешине тақ. 24Өрилген еки алтын шынжырдың бир ушын өңиршедеги ҳалқаларға илдир. 25Ал екинши ушын ийин баўлардағы еки қаснаққа беккемлеп, эфодтың алды бетине байла. 26Және еки алтын ҳалқа ислет. Оларды өңиршениң астынғы еки шетине, эфодқа жақын болған ишки жийегине тақ. 27Тағы да, еки алтын ҳалқа ислет. Оларды эфодтың алды бетиндеги ийин баўлардың астынан, тигиске жақын қылып, белбеўдиң жоқарысынан тақ. 28Қалталы өңиршениң ҳалқалары менен эфодтың ҳалқалары қызғыш көк баўлар менен бир-бирине байлансын. Сонда өңирше эфодтан айырылмай, эфодтың белбеўиниң жоқарысында турады.

29Солай етип, Харон ҳәр сапар Мухаддес орынға киргенде, Жаратқан Ийениң алдында мәңгиге естелик болыўы ушын, Израил улларының атлары жазылған өңиршени жүрегиниң тусында көтерип жүреди. 30Усы қалталы өңиршеге Урим менен Туммимди
Урим менен Туммим – бул Қудайдың еркин билиў ушын арналған таслар болып, оларды шек таслаў жолы менен қолланған болыўы мүмкин.
салып қой. Харон Мениң алдыма келгенде, олар Харонның жүрегиниң тусында болсын. Харон израиллыларға Мениң еркимди билдириў ушын қолланатуғын Урим менен Туммимди Жаратқан Ийениң алдында бәрқулла жүрегиниң тусында алып жүрсин.

Руўханийлердиң басқа кийимлери

31– Эфодтың ишинен кийилетуғын баҳалы кийим толық қызғыш көк жиптен исленсин. 32Онда бас сыятуғын орын болсын. Ол сөтилип кетпеўи ушын, оның жийеклерин айландырып тоқыт. 33 34Усы кийимниң етегине қызғыш көк, шым қызыл ҳәм қырмызы жиплерден исленген анарды ҳәм оның араларына кишкене алтын қоңыраўларды гезекпе-гезек тақтыр. 35Харон хызмет еткенде, усы кийимди кийсин. Ол Мухаддес орынға киргенде ҳәм шыққанда қоңыраў сести еситилсин, сонда ол өлмей аман қалады.

36Сап алтыннан таж сыяқлы маңлайша ислетип, оған мөр ойғандай қылып: «Жаратқан Ийеге бағышланған» деп жаздыр. 37Маңлайшаны қызғыш көк баў менен сәллениң алды бетине байлап қой. 38Солай етип, израиллылар Маған арнап мухаддес сыйларын әкелгенде, қәтеге жол қойса, олардың айыпларын Харон өз мойнына алады. Мениң олардың қурбанлықларын қабыл алыўым ушын, Харон маңлайшаны бәрқулла маңлайына тағып жүриўи тийис.

39Ҳасыл зығырдан бир узын көйлек нағыслап тоқыт ҳәм ҳасыл зығырдан бир сәлле ислет. Және де, нағыслы белбеў тоқыт.

40Харонның уллары мәртебели болып, көркем көриниўи ушын, оларға узын көйлеклер, белбеўлер ҳәм кишигирим сәллелер тиктир. 41Бул кийимлерди әжағаң Харонға ҳәм оның улларына кийдир. Олардың басларына май қуйып, руўханийлик ўазыйпасына тайынла. Усылай етип, олардың хызмет етиўи ушын, Маған бағышла.

42Денениң ашық жерлери көринип қалмаўы ушын, оларға зығырдан диз кийимлер тиктир. Бул кийимлер белинен дизесине дейин жаўып турсын. 43Харон ҳәм оның уллары Ушырасыў шатырына киргенде ямаса Мухаддес жерде хызмет етиў ушын қурбанлық орынға жақынлағанда, усы кийимлерди кийиўи тийис. Болмаса, олар айыплы болып, өлип қалады. Харон ҳәм оның урпақлары ушын бул мәңги қағыйда болсын.
Copyright information for KaaIBT22C