Exodus 29
Руўханийликке тайынланыў
1– Харонды ҳәм оның улларын руўханий қылып, Маған хызмет етиўге бағышлаў ушын мыналарды исле: минсиз бир буға ҳәм еки қошқар ал. 2Сапалы бийдай унынан ашытқысыз нанлар, зәйтүн майы қосылған ашытқысыз шөреклер ҳәм үстине зәйтүн майы жағылған пәтирлер жаптыр. 3Оларды бир себетке салып, буға ҳәм қойлар менен бирге Маған алып кел. 4Харон ҳәм оның улларын Ушырасыў шатырының кирер аўзының алдына әкелип, оларды суў менен жуўыныў рәсиминен өткиз. 5Кейин руўханийлик кийимлерин ал да, Харонға узын көйлек, баҳалы үст кийим ҳәм эфодты кийгизип, қалталы өңиршени тақ. Эфодтың белбеўин белине байла. 6Харонның басына сәлле орап, алдынғы жағына мухаддес тажды тағып қой. 7Соңынан майлайтуғын зәйтүн майын алып, оның басына қуйып, оны майла. 8Кейин Харонның улларын алып келип, оларға узын көйлеклерди кийгиз. 9Беллерине белбеў байлап, басларына кишигирим сәлле ора. Харон ҳәм оның урпақлары қағыйда бойынша мәңгиге руўханийлер болып қалады. Усылайынша, Харон ҳәм оның улларын хызметке тайынла. 10Кейин Ушырасыў шатырының алдына буғаны алып келип, Харон ҳәм оның улларының қолларын буғаның басына қойдыр. 11Буғаны Мениң алдымда, Ушырасыў шатырының алдында шал. 12Оның қанын бармағың менен қурбанлық орынның шақларына сүрт. Қалған қанның ҳәммесин орынның түбине төк. 13Малдың ишеклерин қаплаған шарбы майларын, баўырының төменги ушын, еки бөтекесин ҳәм олардың майларын қурбанлық орынның үстинде түтетип жандыр. 14Ал буғаның гөшин, терисин ҳәм дәрисин орданың сыртында жағып жибер. Бул – гүна ушын қурбанлық. 15Соң бир қошқар әкелип, Харон ҳәм оның улларының қолларын қошқардың басына қойдыр. 16Қошқарды өзиң шалып, қанын қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жибер. 17Қошқарды жиликлерге бөлип, оның ишек-қарнын ҳәм туяқларын жуўып, буларды жиликлер менен бастың үстине қой. 18Қошқарды толығы менен қурбанлық орынның үстинде түтетип жандыр. Усы Жаратқан Ийеге арналған жандырылатуғын қурбанлық, Оған хош ийисли сый болады. 19Кейин екинши қошқарды алып кел. Харон ҳәм оның уллары қошқардың басына қолларын қойғаннан соң, 20қошқарды шалып, қанын Харон ҳәм оның улларының оң қулақларының сырғалығына, оң қол ҳәм оң аяғының бас бармақларына сүрт. Аўысқан қанды қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жибер. 21Қурбанлық орынның үстиндеги қанды ҳәм майлайтуғын зәйтүн майын Харонға, оның улларына ҳәм олардың кийимлерине сеп. Сонда Харон ҳәм оның кийимлери, оның уллары ҳәм олардың кийимлери мухаддес болады. 22Қошқардың майын, яғный қуйрық майын, ишеклерин қаплаған шарбы майларын, баўырының төменги ушын, еки бөтекесин, бөтеке майларын ҳәм оң санын ал. Себеби бул – руўханийликке тайынлағанда сойылатуғын қошқар. 23Мениң алдымдағы себеттен ашытқысыз бир шөрек, зәйтүн майы қосылған ашытқысыз бир шөрек ҳәм бир пәтир ал. 24Олардың ҳәммесин Харонның ҳәм оның улларының қолларына сал. Буларды Мениң алдымда жоқары көтерип усыныңлар. 25Соңынан сол нәрселерди олардың қолларынан алып, қурбанлық орында жандырылатуғын қурбанлыққа қосып, Маған хош ийисли сый қылып түтетип жандыр. Бул – Жаратқан Ийеге, яғный Маған арналған сый болады. 26Қошқардың төсин болса, Мениң алдымда жоқары көтерип усын. Бул төс сениң пайың болады. 27Харон ҳәм оның улларының тайынланыўы ушын сойылған қошқардың жоқары көтерип усынылған төсин ҳәм ажыратылған санын Маған бағышла. 28Бул жиликлер садақа болғаны ушын, израиллылар буларды Харонға ҳәм оның улларына мәңги пай етип берсин. Бул израиллылардың татыўлық қурбанлықларынан Жаратқан Ийеге, яғный Маған усынған садақасы болады. 29Харонның мухаддес кийимлери өзинен кейин урпақларына қалсын. Олар май қуйылып, хызметке тайынланғанда, сол кийимлерди кийеди. 30Мухаддес орында хызмет етиў ушын, Харонның орнына руўханийликке тайынланатуғын ҳәм Ушырасыў шатырына киретуғын улы жети күн даўамында усы кийимлерди кийип жүриўи тийис. 31Руўханийликке тайынлаў рәсиминде қурбанлық етип берилген қошқардың гөшин бир мухаддес жерде қайнат. 32Олар сол гөшти ҳәм себеттеги нанды Ушырасыў шатырының кирер аўзының алдында жесин. 33Руўханийликке тайынлаў рәсиминде пәклеў ушын усынылған нан ҳәм гөшти тек ғана Харон ҳәм оның уллары жесин. Бул нәрселер мухаддес болғаны ушын, олардан басқа адамлардың жеўине болмайды. 34Бул рәсимде сойылған қурбанлықтың гөшинен ямаса наннан азанға дейин аўысып қалса, оларды жағып жибер. Олар мухаддес болғанлығы себепли, желинбеўи керек. 35Буларды Харон ҳәм оның уллары ушын Мениң саған буйырғанымдай етип орынла. Оларды руўханийликке тайынлаў рәсими жети күн даўам етсин. 36Гүналардан пәклениў ушын ҳәр күни бир буға әкел. Қурбанлық орынды пәклеў ушын гүна қурбанлығын бер ҳәм оны мухаддес қылыў ушын оған май серп. 37Жети күн даўамында орынды пәклеп, мухаддес қыл. Сол тәризде қурбанлық орын жүдә мухаддес болады. Оған тийип кеткен ҳәр бир нәрсе де мухаддес болады.Күнделикли қурбанлықлар ҳаққында
38– Ҳәр күни бир жасар еки еркек тоқлыны қурбанлық орынның үстинде қурбанлыққа бер. 39Тоқлының биреўин азанда, ал екиншисин кеште бер. 40Биринши тоқлыға қосып, төрттен бир ҳин ▼▼ Төрттен бир ҳин – бир ҳин шама менен 3,7 л.
сапалы зәйтүн майына араластырылған оннан бир эфа сапалы ун ҳәм ишимлик садақасы ушын төрттен бир ҳин шарап бер. 41Екинши тоқлыны кеште Маған хош ийисли сый қылып, азанғысындай ғәлле ҳәм ишимлик садақалары менен бирге усын. 42Бул жандырылатуғын қурбанлық Ушырасыў шатырының кирер аўзының алдында, Жаратқан Ийениң алдында әўладлар даўамында ҳәр күни берилип барылсын. Мен сол жерде сениң менен ушырасып, сөйлесемен. 43Мен израиллылар менен сол жерде ушырасаман, шатыр салтанатым менен мухаддес болады. 44Ушырасыў шатырын ҳәм қурбанлық орынды мухаддес қыламан. Харон ҳәм оның улларын да руўханий болып, Маған хызмет етиўи ушын мухаддес қыламан. 45Мен израиллылар арасында жасап, олардың Қудайы боламан. 46Сонда арасында жасаў ушын, оларды Мысырдан шығарған Қудайы Жаратқан Ийе Мен екенимди олар билип алады. Мен – олардың Қудайы Жаратқан Ийемен.
Copyright information for
KaaIBT22C