‏ Exodus 30

Түтетки түтетилетуғын орын

1– Түтетки түтетиў ушын, акация ағашынан түтетки түтетилетуғын орын ислет. 2Ол төрт мүйешли, узынлығы бир шығанақ, ени бир шығанақ, бийиклиги еки шығанақ болып, өзинен шығып туратуғын шақлары менен бир тутас қылып исленсин. 3Орынның үстин, қапталларын ҳәм шақларын сап алтын менен қаплап, әтирапына алтын жийек ислет. 4Еки қапталындағы жийектиң астына еки алтын ҳалқа орнат. Орынды көтерип жүриў ушын, усы ҳалқалардан сырықлар өткизиледи. 5Сырықларды акация ағашынан ислетип, алтын менен қаплат. 6Орынды Келисим сандығының, яғный сандықтың үстиндеги гүнадан пәклеў қақпағының алдындағы пердениң сыртына, Мен сениң менен ушырасатуғын жердиң сыртына қой.

7Харон ҳәр күни азанда шыраларды таярлағанда, орынның үстинде хош ийисли түтетки түтетсин. 8Ал кешқурын шыраларды жаққанда, және түтетки түтетсин. Солай етип, Мениң алдымда әўладлар бойы түтетки үзликсиз жанып турады. 9Орынның үстинде жат болған түтетки түтетпең ҳәм бунда жандырылатуғын қурбанлық та, ғәлле садақасын да бермең. Оның үстине ишимлик садақасын да қуймаң. 10Харон жылына бир рет гүналардың кеширилиўи ушын берилген қурбанлықтың қанын түтетки түтетилетуғын орынның шақларына сүртип, орынды пәклейди. Бул ҳәр жылы, әўладлар бойы даўам етсин. Орын Маған, Жаратқан Ийеге бағышланған болып, жүдә мухаддесдур.

Мухаддес шатыр ушын төленетуғын қун

11Соңынан Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:

12– Израиллылардың есабын алғаныңда, есаптан өткен ҳәр бир адам өз жаны ушын Маған қун төлесин. Сонда олардың есабын алғаныңда, оларға апат келтирмеймен. 13Есаптан өтетуғын ҳәр бир адам Маған Мухаддес орын өлшеми менен ярым шекел гүмис нәзир берсин. Бир шекел жигирма герадан
Жигирма гера – бир гера шама менен 0,5 гр.
ибарат.
14Жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы есаптан өтетуғын адамлар Маған нәзир бериўи тийис. 15Жаныңыздың қуны сыпатында усы нәзирди бергениңизде, бай адам ярым шекелден артық, ал жарлы адам ярым шекелден кем бермеўи керек. 16Израиллылардың қун сыпатында берген гүмислерин алып, Ушырасыў шатырының хызметинде қоллан. Бул Жаратқан Ийениң алдында жанларыңыздың қуны төленгенин еслетип турады.

Қоладан исленген үлкен ләген

17Және Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:

18– Жуўыныў ушын, қоладан үлкен ләген ислет. Оның туяқлары да қоладан болсын. Ләгенди Ушырасыў шатыры менен қурбанлық орынның арасына қойып, ишине суў қуй. 19Харон ҳәм оның уллары аяқ-қолларын оған жуўады. 20Олар Ушырасыў шатырына кирместен, яғный Жаратқан Ийеге сыйлар түтетип жандырыў ушын қурбанлық орынға жақынламастан алдын, өлип қалмаўы ушын, суўға жуўынып алыўы тийис. 21Өлип қалмаўы ушын олар аяқ-қолларын жуўсын. Харон ҳәм оның урпақлары ушын бул мәңги қағыйда болып қалады.

Майлаў рәсимине арналған май

22Жаратқан Ийе Муўсаға тағы былай деди:

23– Мына ең жақсы хош ийисли затларды ал: 500 шекел суйық мирра
Мирра – хош ийисли шайыр.
, усының ярымына тең, яғный 250 шекел корица, 250 шекел ийисли қамыс
24ҳәм 500 шекел кассия
Кассия – корица сыяқлы хош ийисли қабық.
. Ҳәммеси Мухаддес орын өлшеми менен өлшенсин. Бир ҳин зәйтүн майын алып,
25буларды шеберлик пенен араластырып, хош ийисли мухаддес май исле. Ол майлаў рәсимине арналған мухаддес май болады. 26Бул майды Ушырасыў шатырына, Келисим сандығына, 27столға, шыра қойғышқа ҳәм оларға тийисли ҳәмме буйымларға, түтетки түтетилетуғын орынға, 28қурбанлық жандырылатуғын орынға ҳәм оның ҳәмме буйымларына, үлкен ләгенге ҳәм оның туяқларына серпип шық. 29Сол тәризде оларды мухаддес қыл. Сонда олар жүдә мухаддес болады. Оларға тийген ҳәр бир нәрсе де мухаддес болады.

30Соң, руўханий болып Маған хызмет етиўи ушын, Харон ҳәм оның улларын майлап, оларды бағышла. 31Ал израиллыларға былай деп айт: «Бул майлайтуғын мухаддес май әўладлар даўамында тек Мен ушын қолланылады. 32Оны басқа адамлардың денесине сүртиўге болмайды. Усындай қурамдағы майды өзлериңизге таярламаңлар. Ол мухаддес ҳәм сизлер ушын да мухаддес болыўы керек. 33Ким де ким усындай майды таярлап, оны руўханий болмаған адамға жақса, ол Израил халқы арасынан жоқ қылынады».

Хош ийисли затлар

34Кейин Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:

– Мына хош ийисли затларды: бальзамды, моллюск бақаншағын, галбан шайырын ҳәм таза ливан шайырын ал. Олардың ҳәммеси бирдей мөлшерде болсын.
35Буларды шеберлик пенен араластырып, түтетки исле. Олар дузланған, сап ҳәм мухаддес болады. 36Оның бир бөлегин алып, майдалап унта ҳәм Мениң сен менен ушырасатуғын Ушырасыў шатырымдағы Келисим сандығының алдына қой. Сизлер ушын ол жүдә мухаддес болады. 37Өзлериңиз ушын усындай қурамдағы түтетки ислемеңлер. Оны Жаратқан Ийеге арналған мухаддес деп санаңлар. 38Ким де ким өзи ушын түтетиўге усындай түтетки ислесе, ол халық арасынан жоқ қылыныўы тийис.
Copyright information for KaaIBT22C