‏ Exodus 31

Мухаддес шатырды ислейтуғын усталар

1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:

2– Минекей, Мен Яҳуда урыўынан болған Хурдың ақлығы, Урийдиң улы Бесалелди таңладым. 3Оны Қудайдың Руўхына толтырып, оған өнерментшиликтиң барлық тараўларында қәбилет, уқып ҳәм шеберлик бердим. 4Ол алтын, гүмис ҳәм қоладан көркем ислерин ислеўге, 5ҳасыл тасларды жонып қондырыўға, ағаш усташылығы бойынша ҳәм ҳәр түрли өнерментшилик ислерин ислеўге қәбилетли. 6Және де, Дан урыўынан болған Ахисамахтың улы Оҳолиабты оған жәрдемши қылып бердим. Саған буйырған ислеримниң ҳәммесин ислей алыўы ушын, Мен оларға жәрдем беретуғын барлық адамларға айрықша қәбилет бердим. 7Олар Ушырасыў шатырын, Келисим сандығын, сандықтың үстиндеги қақпақты, шатырдағы барлық буйымларды, 8стол ҳәм оның буйымларын, сап алтын шыра қойғышты ҳәм оның буйымларын, түтетки түтетилетуғын орынды, 9қурбанлық жандырылатуғын орынды ҳәм орынның ҳәмме буйымларын, үлкен ләген ҳәм оның туяқларын, 10сондай-ақ, руўханий Харон ушын әжайып қылып тигилген мухаддес кийимлерди, оның улларының руўханийлик кийимлерин, 11майлайтуғын зәйтүн майын, Мухаддес орын ушын хош ийисли түтеткини, улыўма ҳәммесин Мениң саған буйырғанымдай қылып ислесин.

Шаббат күни

12Соңынан Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:

13– Израиллыларға мыналарды айт: «Мениң Шаббатыма әмел қылыңлар. Себеби бул Мен ҳәм Израил халқы арасындағы әўладлар бойы даўам ететуғын бир нышан болады. Солай етип, Жаратқан Ийе екенимди ҳәм сизлерди Өзиме ажыратып алып, мухаддес қылғанымды билип аласызлар.

14Шаббат күнине әмел қылыңлар. Өйткени бул сизлер ушын мухаддес. Ким де ким оны хорласа, ол сөзсиз өлтирилсин. Сол күни жумыс ислеген ҳәр бир адам өз халқының арасынан жоқ қылыныўы тийис. 15Алты күн жумыс ислеңлер, бирақ жетинши күн Жаратқан Ийеге арналған толық дем алатуғын мухаддес Шаббат күни. Усы күни жумыс ислеген ҳәр бир адам сөзсиз өлтирилсин. 16Израиллылар мәңги келисим сыпатында Шаббат күнин, әўладлар даўамында сақласын. 17Бул Мениң менен израиллылар арасындағы мәңгилик бир нышан болады. Себеби Мен, Жаратқан Ийе аспан ҳәм жерди алты күнде жараттым, ал жетинши күни дем алып, ҳәллендим».

18Солай етип, Қудай Синай таўында Муўса менен сөйлесип болып, оған буйрықлар жазылған еки тасты берди. Қудай бул буйрықларды тасларға Өз қолы менен жазған еди.
Copyright information for KaaIBT22C