‏ Exodus 32

Алтын тана

1Халық Муўсаның таўдан түспей, иркилип атырғанын көргенде, Харонның әтирапына жыйналды да:

– Қәне, бизлерге баслап алып жүретуғын қудай соғып бер. Өйткени бизлерди Мысыр жеринен алып шыққан сол Муўса деген адамға не болғанын билмеймиз, – деди.

2Харон оларға:

– Ҳаялларыңыз, улларыңыз ҳәм қызларыңыздың қулақларындағы алтын сырғаларды шешип, маған алып келиңлер, – деди.

3Сонда пүткил халық қулақларындағы сырғаларын дәрҳал жулып алды да, оларды Харонға берди. 4Харон сырғаларды алып, олардан тананың мүсинин соқты. Сонда халық: «Ҳәй, Израил! Сизлерди Мысыр жеринен алып шыққан қудайыңыз усы болады», – деди.

5Харон буны көрип, тананың алдына бир қурбанлық орын қурды да: «Ертең Жаратқан Ийеге арнап байрам болады», – деп жәриялады. 6Ертеңине азанда халық жандырылатуғын қурбанлықлар берди ҳәм татыўлық қурбанлықларын усынды. Олар ишип-жеў ушын отырды ҳәм кейин орынларынан турып, ойынға түсти.

7Сонда Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:

– Тезирек төмен түс. Сениң Мысыр жеринен алып шыққан халқың жолдан азды.
8Олар Мен буйырған жолдан тез шығып кетти. Өзлерине тананың мүсинин ислеп алып, оған сыйынды ҳәм қурбанлықлар берип: «Ҳәй, Израил! Сизлерди Мысыр жеринен алып шыққан қудайыңыз усы болады», – деди.

9Жаратқан Ийе Муўсаға тағы да:

– Бул халықтың қаншелли қайсар екенин билемен.
10Енди Мени иркпе. Ғәзебим лаўлап, оларды жоқ қыламан ҳәм сеннен уллы халық дөретемен, – деди.

11Сонда Муўса Қудайы Жаратқан Ийеге жалбарынып былай деди:

– Жаратқан Ийе! Неге Өз халқыңа ғәзебиң лаўлайды? Өзиң оларды Мысыр жеринен уллы қүдиретиң ҳәм күшли қолың менен алып шыққан едиң-ғо.
12Егер солай ислесең, онда мысырлылар: «Қудай оларды жаман нийет пенен, таўларда өлтирип, жер жүзинен жоқ қылыў ушын алып шығыпты», – деп айтады. Сонлықтан Өзиңниң лаўлаған ғәзебиңди басып, халқыңды жоқ қылыў нийетиңнен қайт. 13Қулларың Ибрайым, Ысақ ҳәм Израилды есиңе түсир. Оларға Өзиң ҳақы ант ишип: «Урпақларыңызды аспандағы жулдызлар сыяқлы көбейтемен. Сизлерге беремен деп ўәде еткен усы жердиң ҳәммесин урпақларыңызға беремен. Олар сол жерди мәңгиге ийелик етеди», – деген едиң.

14Солай етип, Жаратқан Ийе халқына жиберемен деген жаманлықты жибериў нийетинен қайтты.

15Муўса буйрықлар жазылған еки тасты алып, таўдан түсти. Таслардың еки тәрепине де: алдына да, артына да жазылған еди. 16Тасларды Қудай ислеген болып, таслардағы жазыўларды да Ол ойып жазған еди.

17Ешуа халықтың бақырысқан даўысын еситкенде, Муўсаға:

– Ордадан урыс шаўқымы еситилип тур, – деди.

18Муўса оған былай деп жуўап берди:

– Бул урыста жеңиске ерискенлердиң қышқырығына да, жеңилиске ушырағанлардың зарлаған даўысына да уқсамайды. Мен олардың даўыслап қосық айтып атырғанын еситип турыппан.

19Муўса ордаға жақынлағанда, тананы ҳәм ойынға түсип атырған адамларды көрди. Сонда оның ғәзеби лаўлады ҳәм қолындағы тасларды ылақтырып жиберип, таў етегинде оларды сындырып таслады. 20Муўса халық соққан тананы отқа жағып жиберди. Оны езип, унтады да, суўға шашып жиберди ҳәм суўды израиллыларға ишкизди.

21Муўса Харонға:

– Бундай аўыр гүнаға батырғандай, бул халық саған не ислеген еди? – деди.

22Харон Муўсаға былай деп жуўап берди:

– Ғәзепленбе, мырзам! Бул халықтың жаманлыққа бейим екенин өзиң билесең.
23Олар маған: «Бизлерди баслап алып жүретуғын қудай соғып бер. Өйткени бизлерди Мысыр жеринен алып шыққан сол Муўса деген адамға не болғанын билмеймиз», – деди. 24Мен оларға: «Кимде алтын бар болса, оларды шешсин», – дегенимде, олар алтынларын маған берди. Мен оларды отқа таслағанымда, бул тана шыға келди.

25Муўса Харонның халықты қадағаламай, жүўенсиз жибергенин ҳәм олардың душпанларға масқара болғанын көрди. 26Сонлықтан Муўса орданың кирер аўзында турып: «Ким Жаратқан Ийе тәрепинде болса, мениң жаныма келсин», – деди. Сонда пүткил Лебий урыўы оның әтирапына жыйналды.

27Муўса оларға:

– Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: «Ҳәр бир адам қылышын белине асынсын ҳәм орданың арғы аўзынан берги аўзына дейин аралап шығып, туўысқанын, достысын ҳәм жақынларын өлтирсин», – деди.
28Лебий урыўының адамлары Муўсаның буйрығын орынлады. Сол күни халықтан үш мыңға жақын адам өлди.

29Муўса Лебий урыўының адамларына:

– Бүгин сизлердиң ҳәр бириңиз өз улыңыздың ҳәм өз туўысқаныңыздың жанының қуны менен Жаратқан Ийениң хызметине бағышландыңызлар. Бүгин Жаратқан Ийе сизлерге жарылқаўын жаўдырады, – деди.

30Ал ертеңине Муўса халыққа:

– Сизлер аўыр гүна иследиңлер. Мен ҳәзир Жаратқан Ийениң алдына шығажақпан. Мүмкин, сизлердиң гүналарыңызға кеширим ала аларман, – деди.

31Соннан соң, Муўса Жаратқан Ийениң алдына қайтып барып:

– Әттең, бул халық аўыр гүна иследи. Олар өзлерине алтын бут соқты.
32Бирақ, Сен олардың гүналарын кешир. Егер олай ислемесең, Өзиңниң жазған китабыңнан мениң атымды өширип тасла, – деди.

33Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:

– Ким Маған қарсы гүна ислеген болса, соның атын китабымнан өширип таслайман.
34Енди бар, халықты саған айтқан жериме апар. Периштем сени баслап барады. Бирақ, олар жуўапқа тартылатуғын күни, Мен оларды гүнасы ушын жазалайман.

35Солай етип, Жаратқан Ийе халықты Харонға соқтырған танасы ушын жазалады.
Copyright information for KaaIBT22C