Exodus 33
Синайдан кетиўге таярлық
1Соңынан Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Барыңлар, өзиң де, сен Мысыр жеринен алып шыққан халқың да бул жерди тәрк етип, Мен Ибрайымға, Ысаққа ҳәм Яқыпқа: «Бул жерди сениң урпақларыңа беремен», – деп ант ишкен жериме кетиңлер. 2Мен сениң алдыңнан Өз периштемди жиберип, қанан, амор, хет, периз, хиў ҳәм ебус халықларын сол жерден қуўып шығараман. 3Сүт ҳәм пал ағып турған жерге кетиңлер. Мениң Өзим сизлер менен бармайман, себеби сизлер қайсар халықсыз. Болмаса, сизлерди жолда жоқ қылып жибериўим мүмкин. 4Халық бул жаман хабарды еситип, қайғыға түсти ҳәм ҳеш ким безениў буйымларын тақпады. 5Өйткени Жаратқан Ийе Муўсаға: «Израиллыларға былай де: „Сизлер қайсар халықсыз. Егер Мен бир сәт-ақ сизлер менен бирге барсам, сизлерди жоқ қылыўым мүмкин. Енди безениў буйымларыңызды шешип қойыңлар. Ал сизлерге не ислейтуғыным ҳаққында бир қарарға келемен“», – деген еди. 6Сонлықтан израиллылар Хореб таўынан шығып кеткеннен кейин безениў буйымларын шешип таслады.Орданың сыртына қурылған Ушырасыў шатыры
7Муўса орданың сыртына, ордадан узағырақ жерге шатыр тигетуғын еди. Ол бул шатырды «Ушырасыў шатыры» деп атаған еди. Жаратқан Ийе менен мәсләҳәтлесиўди қәлеген адам орданың сыртындағы Ушырасыў шатырына келетуғын еди. 8Муўса шатырға қарай кеткенде, пүткил халық орнынан туратуғын еди. Ҳәр бир адам өз шатырының кирер аўзында турып, Муўса ишке киргенше изинен қарап туратуғын еди. 9Муўса шатырға кирип, Жаратқан Ийе менен сөйлескенде, минара сыяқлы булт төмен түсип, шатырдың кирер аўзының алдында туратуғын еди. 10Булттың шатырдың алдында турғанын көрген ҳәр бир адам орнынан турып, өз шатырының кирер аўзында сыйынатуғын еди. 11Жаратқан Ийе Муўса менен жүзбе-жүз, дос сыяқлы сөйлесетуғын еди. Кейин Муўса ордаға қайтып келетуғын еди. Бирақ оның жас жәрдемшиси Нун улы Ешуа шатырды тәрк етпейтуғын еди.Жаратқан Ийениң бирге болыўға берген ўәдеси
12Соңынан Муўса Жаратқан Ийеге былай деди: – Сен маған: «Бул халықты баслап алып жүр», – дейсең. Бирақ мениң менен кимди жиберетуғыныңды айтпадың. Маған: «Сени жақыннан таныйман, сен Мениң мийримиме еристиң», – деген едиң. 13Егер мен Сениң мийримиңе ерискен болсам, өтинемен, маған Өз жолыңды көрсет. Сени еле де жақсы билип, мийримиңе ерисип барайын. Бул халықтың Өз халқың екенин умытпа. 14Жаратқан Ийе Муўсаға: – Өзим Сениң менен бирге бараман ҳәм сени тынышлыққа еристиремен, – деди. 15Ал Муўса Жаратқан Ийеге былай деди: – Егер Сениң Өзиң бизлер менен бирге бармасаң, бизлерди бул жерден шығарма. 16Болмаса, мен ҳәм халқың Сениң мийримиңе ерискенимизди қалай билиўге болады? Сениң бизлерге жолдас болғаныңнан емес пе? Тек усы арқалы ғана мен ҳәм Сениң халқың жер жүзиндеги басқа халықлардан айырылып турамыз. 17Жаратқан Ийе Муўсаға: – Айтқаныңдай ислеймен. Себеби сен Мениң мийримиме еристиң ҳәм сени жақыннан таныйман, – деди. 18Сонда Муўса Оған: – Маған салтанатыңды көрсет, – деди. 19Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Мен пүткил ийгилигимди сениң алдыңнан алып өтип, алдыңда Өзимниң «Жаратқан Ийе» деген атымды жәриялайман. Кимге мийрим-шәпәәтимди бериўди қәлесем, соған мийрим-шәпәәтимди беремен. Кимге реҳим етиўди қәлесем, соған реҳим етемен. 20Тек Мениң жүзимди көре алмайсаң. Өйткени Мениң жүзимди көрген адам тири қалмайды. 21Маған жақын жерде жартас бар. Сен сол жартастың үстинде тур. 22Салтанатым жаныңнан өтип баратырғанда, сени жартастың жарығына турғызып қойып, өтип кеткенимше, сени қолым менен жаўып тураман. 23Кейин қолымды алғанымда, сен Мени артымнан көресең. Бирақ жүзимди көрмейсең.
Copyright information for
KaaIBT22C