‏ Exodus 34

Муўсаның буйрықларды қайтадан алыўы

(Нзм 10:1-5)

1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:

– Бурынғыға уқсаған еки тас жонып ал. Мен усы тасларға алдын өзиң сындырып таслаған таслардағы буйрықларды жазаман.
2Азанға дейин таярлан. Азан болғанда, Синай таўына шығып, таўдың төбесинде, Мениң менен ушырасыўға алдыма бар. 3Сениң менен бирге басқа ҳеш ким таўға шықпасын ҳәм таўдың ҳеш бир жеринде ҳеш ким көринбесин. Таўдың етегинде мал-жанлықлар да отламасын.

4Муўса бурынғыға уқсаған еки тас жонып алды. Жаратқан Ийениң буйырғанындай, ертеңине азанда тасларды алып, Синай таўына шықты. 5Жаратқан Ийе булт ишинде сол жерге түсип, Муўсаның қасында турды ҳәм Өзиниң «Жаратқан Ийе» деген атын жәриялады. 6Ол Муўсаның алдынан өтип:

– Жаратқан Ийемен, Жаратқан Ийемен. Реҳимли, мийримли, сабыр-тақатлы, сүйиспеншилиги уллы ҳәм садық Қудайман.
7Мыңыншы әўладларға дейин сүйиспеншилик көрсетип, айыпларды, жынаятларды ҳәм гүналарды кешириўшимен. Бирақ ҳеш бир айыпты жазасыз қалдырмайман. Ата-бабалардың ислеген айыплары ушын, олардың улларын, ақлықларын, үшинши ҳәм төртинши әўладын жазалайман, – деди.

8Сонда Муўса дәрҳал жерге жығылып, Жаратқан Ийеге сыйынды да:

9– О, Ийем! Егер мен Сениң мийримиңе ерискен болсам, бизлер менен бирге бар. Бул халық – қайсар халық болса да, Сен бизлердиң айып-гүналарымызды кеширип, бизлерди Өз халқың сыпатында қабыл ет, – деди.

Келисимниң жаңаланыўы

(Нзм 7:1-5)

10Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:

– Мине, сениң халқың менен келисим дүземен. Олардың алдында дүньяда ҳәм басқа халықлар арасында болып көрилмеген кәраматлар ислеймен. Сен арасында жасап атырған пүткил халық нелер ислейтуғынымды көреди. Мениң сен ушын ислейтуғын ислерим қорқынышлы болады.
11Бүгин сизлерге беретуғын буйрықларыма бойсыныңлар. Амор, қанан, хет, периз, хиў ҳәм ебус халықларын сизлердиң алдыңыздан қуўып шығараман. 12Өзлериңиз киретуғын елдеги адамлар менен келисим жасаўдан аўлақ болың. Себеби бул сизлер ушын дузақ болады. 13Олардың қурбанлық орынларын қыйратып, кийели тасларын сындырып таслаңлар ҳәм кийели ағашларын шаўып таслаңлар. 14Басқа қудайларға сыйынбаң. Өйткени Мен қызғаныўшы деген аты бар Жаратқан Ийемен, қызғаныўшы Қудайман. 15Сол жердиң халқы менен ҳеш қандай келисим дүзбең. Болмаса, олар опасызлық қылып, өз қудайларына арнап қурбанлық шалғанда, сизлерди де мирәт етеди, сизлер де олардан жейсизлер. 16Егер олардың қызларын улларыңызға алып берсеңиз, онда сол қызлар өз қудайларына ерип, бузықлық қылғанда, улларыңызды да излерине ертип кетеди.

17Өзлериңизге бутлардың мүсинлерин соғып алмаң.

18Сизлерге буйырғанымдай, абиб айының белгиленген күнлеринде жети күн ашытқысыз нан жеп, Ашытқысыз нан байрамын байрамлаң. Себеби сизлер Мысырдан абиб айында шықтыңлар.

19Қарыннан биринши шыққанлардың ҳәммеси, барлық ири ҳәм майда малларыңыздың туңғыш еркек төллери Маған тийисли. 20Ешектиң биринши туўылған төлиниң орнына бир қозы берип, сатып алыңлар. Егер олай етпесеңиз, гүррениң мойнын сындырың. Барлық туңғыш улларыңыздың қунын өтеўиңиз тийис.

Ҳеш ким алдыма қуры қол келмесин.

21Алты күн жумыс ислеп, жетинши күни дем алың. Егин егиў ҳәм оны орыў ўақтында да дем алың.

22Бийдайдың биринши өнимин жыйнағанда, Ҳәптелер байрамын
Ҳәптелер байрамы – Зүрәәт байрамының басқа аты. 23:16 қараң.
, ал гүзде Жыйын-терим байрамын өткизиң.
23Барлық еркеклериңиз жылына үш мәрте Ийең болған Мениң, яғный Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң алдына келиўи керек. 24Мен басқа миллетлерди алдыңыздан қуўып жиберип, шегараларыңызды кеңейтемен. Жылына үш рет Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдына келгениңизде, ҳеш ким жериңизди басып алыўды нийет етпейди.

25Маған берилген қурбанлықтың қанын ашытқы салынған нан менен усынбаң. Қутқарылыў байрамының қурбанлығы азанға дейин қалдырылмасын.

26Жериңиздиң дәслепки өниминиң ең жақсысын Қудайыңыз Жаратқан Ийениң Үйине алып келиң.

Ылақтың гөшин өз анасының сүтине писирмең.

27Соннан соң, Жаратқан Ийе Муўсаға:

– Мына сөзлерди жаз. Себеби Мен сениң менен ҳәм израиллылар менен усы сөзлерге тийкарланып, келисим дүземен, – деди.

28Муўса сол жерде қырық күн, қырық түн Жаратқан Ийе менен бирге болды. Ол ҳеш нәрсе ишип-жемеди ҳәм келисим сөзлерин, яғный он буйрықты тасларға жазды.

Муўсаның Синай таўынан түсиўи

29Муўса қолына буйрықлар жазылған еки тасты алып, Синай таўынан түсти. Ол Жаратқан Ийе менен сөйлескенликтен, жүзинен нур шашып тур еди. Бирақ буны өзи билмеди. 30Харон ҳәм пүткил израиллылар Муўсаның нур шашқан жүзин көргенде, оған жақынласыўға қорқты. 31Бирақ Муўса оларды қасына шақырды. Харон ҳәм жәмийеттиң барлық басшылары оның жанына келди. Муўса олар менен сөйлести. 32Кейин пүткил Израил халқы оған жақын келди. Муўса Жаратқан Ийениң Синай таўында өзине айтқанларының ҳәммесин орынлаўды халыққа буйырды. 33Муўса олар менен сөйлесип болғаннан соң, жүзин жаўлық пенен жаўды. 34Муўса сөйлесиў ушын, Жаратқан Ийениң алдына барғанда, сыртқа шыққанша, жүзиндеги жаўлықты алып қоятуғын еди. Қайтып келгеннен кейин, ол өзине айтылған буйрықларды израиллыларға билдиретуғын еди. 35Сонда израиллылар оның жүзинен нур шашып турғанын көретуғын еди. Ал Муўса ишке кирип, Жаратқан Ийе менен ушырасыўға дейин, жүзин жаўлық пенен жаўып қоятуғын еди.
Copyright information for KaaIBT22C