‏ Exodus 35

Дем алыс күни ҳаққында

1Муўса Израил халқының пүткил жәмийетин шақырып алып, оларға былай деди:

– Жаратқан Ийе мына ислерди ислеўиңизди буйырды:
2алты күн жумыс ислең. Бирақ жетинши күн сизлер ушын Жаратқан Ийеге арналған толық дем алатуғын мухаддес Шаббат күни болады. Сол күни жумыс ислеген ҳәр бир адам өлтириледи. 3Шаббат күни өз шаңарақларыңызда от та жақпаң.

Мухаддес шатыр ушын садақалар

4Муўса Израил халқының пүткил жәмийетине былай деди:

– Жаратқан Ийениң буйрығы мынаў:
5өзлериңизде барынан Жаратқан Ийеге нәзир бериңлер. Оған шын кеўилден бериўди қәлеўшилер мына нәрселерди берсин: алтын, гүмис, қола, 6жүннен ийирилген қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жип ҳәм ҳасыл зығыр жип, ешкиниң жүни, 7қызылға боялған қошқар териси, жумсақ тери ҳәм акация ағашы, 8шыралар ушын зәйтүн майы, майлаў рәсимине арналған май ҳәм хош ийисли түтетки ушын хош ийисли затлар, 9бас руўханийдиң эфодына ҳәм қалталы өңиршесине тағылатуғын оникс ҳәм қымбатбаҳа таслар.

10Араңыздағы барлық уқыплы адамлар келип, Жаратқан Ийениң буйырғанларының ҳәммесин ислесин. Олар мыналарды: 11Мухаддес шатырды, оның ишки ҳәм сыртқы жапқышларын, илмеклерин, тахтайларын, қадаларын, бақанларын, ултанларын, 12Келисим сандығы ҳәм оның сырықларын, қақпақты, бөлмени жаўып туратуғын пердени, 13стол ҳәм оның сырықларын, столдың барлық буйымларын ҳәм усынылған нанларды, 14жақты түсириў ушын шыра қойғышты, оның буйымларын, оның шыраларын ҳәм шыралар ушын зәйтүн майын, 15түтетки түтетилетуғын орын менен оның сырықларын, майлаў рәсими ушын зәйтүн майын, хош ийисли түтеткини, Мухаддес шатырдың кирер аўзындағы пердени, 16қурбанлық жандырылатуғын орынды ҳәм оның қола торын, сырықларын ҳәм барлық буйымларын, үлкен ләгенди ҳәм оның туяқларын, 17ҳәўлиниң перделерин, бақанларын, бақанның ултанларын, ҳәўлиниң кирер аўзындағы пердени, 18Мухаддес шатырдың қазықларын, ҳәўлиниң қазықларын ҳәм арқанларын, 19Мухаддес орында хызмет етиўге арналып, әжайып қылып тигилген кийимлерди – руўханий Харонның мухаддес кийимлерин ҳәм оның улларының руўханийлик кийимлерин ислесин.

20Соңынан Израил халқының пүткил жәмийети Муўсаның қасынан кетти. 21Жүрегинде қәлеў ҳәм тилеги бар адамлар Ушырасыў шатырының қурылысы, ондағы хызмет ҳәм мухаддес кийимлер ушын, Жаратқан Ийеге садақалар алып келди. 22Солай етип, жүрегинде қәлеўи бар ҳәр бир еркек ҳәм ҳаял ҳәр түрли алтын буйымларды: билезик, сырға, жүзик ҳәм ҳәйкеллерди әкелип, Жаратқан Ийеге бағышлап, усынды. 23Кимде жүннен ийирилген қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жип, ҳасыл зығыр жип, ешки жүни, қызылға боялған қошқар териси ҳәм жумсақ тери болса, алып келди. 24Гүмис ҳәм қоланы садақа қылып бере алғанлар да оларды Жаратқан Ийеге арнады. Кимде акация ағашы болса, оны шатырдың мүтәжликлери ушын алып келди. 25Жип ийириўге уқыплы барлық ҳаяллар өз қоллары менен ийирген қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жип ҳәм ҳасыл зығыр жиплерди алып келди. 26Жүн ийирип билетуғын, жүрегинде қәлеўи бар барлық ҳаяллар да ешки жүнин ийирди. 27Басшылар эфодқа ҳәм қалталы өңиршеге тағылатуғын оникс ҳәм қымбатбаҳа таслар, 28шыралар ушын, майлаў ушын ҳәм хош ийисли түтетки ушын хош ийисли затлар менен зәйтүн майын алып келди. 29Ҳаял, еркек, жүрегинде қәлеўи бар барлық израиллылар Жаратқан Ийениң Муўса арқалы ислеўди буйырған ислери ушын, Жаратқан Ийеге ықтыярлы садақалар берди.

Мухаддес шатырды ислейтуғын усталар

30Муўса израиллыларға былай деди:

– Минекей, Жаратқан Ийе Яҳуда урыўынан болған Хурдың ақлығы, Урийдиң улы Бесалелди таңлап алды.
31Оны Қудайдың Руўхына толтырып, оған өнерментшиликтиң барлық тараўларында қәбилет, уқып ҳәм шеберлик берди. 32Солай етип, оған алтын, гүмис ҳәм қоладан көркем ислер ислеўге, 33ҳасыл тасларды жонып қондырыўға, ағаш усташылығы бойынша ҳәм ҳәр қыйлы көркем өнер ислерин ислеўге қәбилет берди. 34Жаратқан Ийе оған ҳәм Дан урыўынан болған Ахисамах улы Оҳолиабқа басқаларға үйретиў уқыбын да берди. 35Бул адамлардың ҳәр қандай исти ислей алыўы ушын, оларға усташылық, безеўшилик, қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жип ҳәм ҳасыл зығыр жиплерден тоқымашылық ҳәм ҳәр түрли өнерментшилик ислерин ислеў айрықша қәбилетин берди.
Copyright information for KaaIBT22C