‏ Exodus 36

1– Бесалел, Оҳолиаб ҳәм Жаратқан Ийе Мухаддес шатырды қурыў ушын қәбилет, уқып ҳәм шеберлик берген барлық адамлар ҳәр бир нәрсени Жаратқан Ийениң буйырғанындай қылып ислесин.

2Муўса Бесалелди, Оҳолиабты ҳәм Жаратқан Ийе қәбилет берген, ислеўге қәлеўи бар барлық адамларды жумысқа шақырды. 3Келгенлер Мухаддес шатырды қурыў ушын, израиллылар әкелген барлық садақаларды Муўсадан алды. Израиллылар ҳәр күни азанда ықтыярлы садақаларын Муўсаға әкелиўди даўам етти. 4Сонда Мухаддес шатырды қурыў ислери менен шуғылланып атырған усталар ислерин қалдырып, 5Муўсаның жанына келди де:

– Халық Жаратқан Ийе буйырған ис ушын керегинен зыят алып келмекте, – деди.

6Сонда Муўса халыққа жәрияланыўы ушын мынадай буйрық берди: «Енди бирде бир еркек те, ҳаял да Мухаддес шатыр ушын ҳеш нәрсе әкелмесин». Солай етип, халық садақа әкелиўди тоқтатты. 7Себеби сол ўақытқа дейин әкелингенлер исти питкериўге жететуғын, ҳәтте, аўысып та қалатуғын еди.

Мухаддес шатырдың қурылыўы

8Ислеўшилер арасындағы уқыплы адамлар шатырды он пердеден қурды. Оларды ҳасыл зығыр жиптен, жүннен ийирилген қызғыш көк, шым қызыл ҳәм қырмызы жиплерден ислеп, үстине керублардың сүўретлерин шеберлик пенен кестеледи. 9Ҳәр бир пердениң узынлығы жигирма сегиз шығанақ, ени төрт шығанақ еди. Перделердиң ҳәммеси бир өлшемде болды. 10Олар перделерди бесеў-бесеўден бир-бирине қосып тикти. 11Биринши бес пердениң шетине қызғыш көк жиптен илгеклер тикти. Екинши бес пердениң шетине де солай иследи. 12Биринши бес пердениң дәслепки пердесине елиў, екинши бес пердениң соңғы пердесине елиў илгек тикти. Илгеклер бир-бирине қарама-қарсы жайласқан еди. 13Соңынан елиў алтын илмек ислеп, олар жәрдеминде перделерди бир-бирине бириктирди. Сол тәризде шатыр бир тутас болды.

14Және де, Мухаддес шатырдың үстин жабыў ушын, ешки жүнинен он бир перде иследи. 15Ҳәр бир пердениң узынлығы отыз шығанақ, ени төрт шығанақ еди. Он бир перде де бир өлшемде болды. 16Олар бес пердени бир бөлек, қалған алты пердени бир бөлек қылып, бир-бири менен бириктирди. 17Усы бириктирилген еки бөлек перделерди бир-бирине қосыў ушын, ҳәр бир бөлектиң шетлерине елиў-елиўден илгек тикти. 18Шатырдың перделерин бир тутас қылып бириктириў ушын, қоладан елиў илмек иследи. 19Шатыр ушын қызылға боялған қошқар терисинен жапқыш, оның үстине жумсақ териден сыртқы жапқыш иследи.

20Тағы да, олар акация ағашынан шатыр ушын тиккесине туратуғын тахтайлар иследи. 21Ҳәр бир тахтайдың узынлығы он шығанақ, ени бир ярым шығанақ еди. 22Ҳәр бир тахтайдың астына бир-бирине қатарластырып, еки туяқтан өзинен шығарып иследи. Шатырдың ҳәмме тахтайларын усылай иследи. 23Ал шатырдың қубла тәрепи ушын жигирма тахтай иследи. 24Усы жигирма тахтайдың астына қойылатуғын қырық гүмис ултан иследи. Ҳәр бир тахтайдың туяғының астында бир ултаннан болыўы ушын, ҳәр бир тахтайға еки ултаннан иследи. 25Шатырдың арқа тәрепи ушын жигирма тахтай 26ҳәм ҳәр бир тахтайдың астына еки ултаннан қойыў ушын, қырық гүмис ултан иследи. 27Ал шатырдың батысқа қараған арт жағы ушын алты тахтай 28ҳәм шатырдың артындағы мүйешлер ушын еки тахтай иследи.

29Бул мүйешлердеги тахтайлар төменнен жоқарыға дейин жупласып, жоқарыдағы бир ҳалқа менен бириктирилди. Еки мүйеш те усылай исленди. 30Солай етип, сегиз тахтай ҳәм ҳәр бир тахтайдың астына еки ултаннан қойыў ушын, он алты гүмис ултан исленди.

31Акация ағашынан шатырдың бир тәрепиндеги тахтайлар ушын бес қада, 32екинши тәрепиндеги тахтайлар ушын бес қада ҳәм артындағы, яғный батыс тәрепиндеги тахтайлар ушын бес қада иследи. 33Және де, тахтайлардың орта белинен өтетуғын қадаларды шатырдың бир шетинен екинши шетине жететуғын қылып иследи.

34Тахтайларды ҳәм қадаларды алтын менен қаплап, қадалар өткерилетуғын ҳалқаларды алтыннан иследи.

35Жүннен ийирилген қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жип ҳәм ҳасыл зығыр жиплерден бир перде иследи. Оның үстине керублардың сүўретлерин шеберлик пенен кестеледи. 36Перде ушын акация ағашынан төрт бақан ислеп, оларды алтын менен қаплады. Олардың айры илдиргишлери де алтын еди. Бақанлар ушын төрт гүмис ултан қуйды. 37Шатырдың кирер аўзына жүннен ийирилген қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жип ҳәм ҳасыл зығыр жиплерден нағыслы перде тоқыды. 38Пердени тағыў ушын айры илдиргиши бар бес бақан ислеп, олардың жоқарысын ҳәм карнизлерин алтын менен қаплады. Ал бақанлар ушын қоладан бес ултан иследи.
Copyright information for KaaIBT22C