Exodus 37
Келисим сандығының ислениўи
1Бесалел акация ағашынан Келисим сандығын иследи. Оның узынлығы еки ярым шығанақ, ени бир ярым шығанақ ҳәм бийиклиги бир ярым шығанақ еди. 2Сандықтың иши-сыртын сап алтын менен қаплады. Ал ернегине алтыннан жийек салды. 3Сандық ушын төрт алтын ҳалқа қуйып, оларды төрт туяғына орнатты: екеўин бир жағына, қалған екеўин екинши жағына орнатты. 4Акация ағашынан сырықлар ислеп, оларды алтын менен қаплады. 5Сандықты көтерип жүриў ушын, бул сырықларды еки тәрепиндеги ҳалқалардан өткерди. 6Сандықтың қақпағын сап алтыннан иследи. Қақпақтың узынлығы еки ярым шығанақ, ени бир ярым шығанақ еди. 7Қақпақтың еки шетине алтыннан еки керубты шөккишлеп соқты. 8Керублардың биреўи қақпақтың бир шетинде, ал екиншиси екинши шетинде болып, оларды қақпақ пенен бир тутас қылып иследи. 9Керублардың жоқарыға жайылған қанатлары қақпақты жаўып, жүзлери бир-бирине қарама-қарсы түрде қақпаққа қарап турған еди.Усынылған нанлар қойылатуғын стол
10Кейин акация ағашынан узынлығы еки шығанақ, ени бир шығанақ, ал бийиклиги бир ярым шығанақ болған бир стол иследи. 11Столды сап алтын менен қаплап, ернегине алтын жийек салды. 12Столдың әтирапына төрт ели болған қаптал ислеп, оны алтын жийек пенен қаплады. 13Стол ушын төрт алтын ҳалқа қуйып, оларды столдың төрт мүйешиндеги төрт туяғына беккемледи. 14Столды көтерип алып жүриўге арналған сырықлар өткизилетуғын ҳалқалар столдың қапталларына жақын еди. 15Сырықларды акация ағашынан ислеп, алтын менен қаплады. 16Стол ушын керекли буйымларды – табақлар, түтетки салатуғын тостағанлар, ишимлик садақалары ушын кеселер ҳәм гүзелерди сап алтыннан иследи.Шыра қойғыштың ислениўи
17Олар сап алтыннан шыра қойғыш иследи. Оның ултанын, балдағын, шақаларын, гүллерин ҳәм оның гүлкеселери менен гүлтажларын өзи менен бир тутас етип шөккишлеп иследи. 18Шыра қойғыштың еки қапталынан үш-үштен, алты шақа шығып турды. 19Шығып турған ҳәр бир шақада бадам гүлине уқсас үш гүл ҳәм оның гүлкеселери менен гүлтажлары бар еди. 20Ал шыра қойғыштың балдағында бадам гүлине уқсас төрт гүл ҳәм оның гүлкеселери менен гүлтажлары бар еди. 21Шыра қойғыштан шығып турған алты шақаның ҳәр бир жубының астында үш гүлкесе изли-изинен дизилип туратуғын еди. 22Шыра қойғышты гүлкеселери ҳәм шақалары менен бир тутас етип, сап алтыннан шөккишлеп иследи. 23Шыра қойғыш ушын жети шыра иследи. Пиликлерди тазалайтуғын қысқышлар менен ыдысларды сап алтыннан иследи. 24Шыра қойғыш ҳәм оның барлық буйымлары бир талант сап алтыннан исленди.Түтетки түтетилетуғын орын қурыў
25Акация ағашынан төрт мүйешли, узынлығы бир шығанақ, ени бир шығанақ ҳәм бийиклиги еки шығанақ болған түтетки түтетилетуғын орын қурды. Орынның шақлары өзи менен бир тутас исленип, өзинен шығып туратуғын еди. 26Орынның үстин, қапталларын ҳәм шақларын сап алтын менен қаплап, әтирапына алтын жийек иследи. 27Еки қапталындағы жийектиң астына еки алтын ҳалқа орнатты. Орынды көтерип жүриў ушын, усы ҳалқалардан сырықлар өткизилди. 28Сырықларды акация ағашынан ислеп, алтын менен қаплады. 29Тағы да, олар майлаў рәсими ушын мухаддес майды ҳәм таза, хош ийисли түтеткини шеберлик пенен араластырып, таярлады.
Copyright information for
KaaIBT22C