Exodus 38
Жандырылатуғын қурбанлық ушын орын қурыў
1Акация ағашынан жандырылатуғын қурбанлық ушын орын дүзетти. Ол төрт мүйешли болып, оның узынлығы да, ени де бес шығанақ, ал бийиклиги үш шығанақ еди. 2Оның төрт мүйешине өзинен шығып турған шақлар ислеп, орынды ҳәм шақларды қола менен қаплады. 3Қурбанлық орынның барлық буйымларын: күлге арналған ыдыслар менен белшелер, қан себетуғын табақлар, шанышқылар ҳәм шоқ салынатуғын ыдысларды қоладан иследи. 4Орынға қоладан тор сыяқлы нағыс иследи. Тор нағыс қурбанлық орынның ортасына жететуғындай қылып, жийегиниң астынан исленди. 5Қола тордың төрт мүйешине сырықларды өткериў ушын, төрт ҳалқа қуйды. 6Сырықларды акация ағашынан ислеп, қола менен қаплады. 7Қурбанлық орынды көтерип жүриў ушын, орынның қапталындағы ҳалқалардан усы сырықларды өткизди. Орынды ағаштан, ишин бос қылып иследи.Қола ләгенниң соғылыўы
8Ушырасыў шатырының алдында хызмет ететуғын ҳаяллар берген қола айналардан үлкен қола ләген ҳәм оның туяқларын иследи.Мухаддес шатырдың ҳәўлиси
9Мухаддес шатырдың ҳәўлисин қурды. Ҳәўлиниң қубла тәрепине узынлығы жүз шығанақ болған, ҳасыл зығыр жиптен тоқылған перделер тақты. 10Перделер ушын қоладан исленген жигирма ултанға жигирма бақан орнатты. Бақанның айры илдиргишлери менен карнизлерин гүмистен иследи. 11Ал арқа тәрепи ушын узынлығы жүз шығанақ болған перделер, жигирма бақан, бақанлар ушын қоладан жигирма ултан иследи. Бақанлардың айры илдиргишлери менен карнизлери гүмистен еди. 12Ҳәўлиниң батыс тәрепи ушын узынлығы елиў шығанақ болған перде, он бақан ҳәм он ултан иследи. Бақанлардың айры илдиргишлери менен карнизлери гүмистен еди. 13Ҳәўлиниң шығысқа қараған алдынғы тәрепиниң кеңлиги елиў шығанақ еди. 14Усы кирер аўыздың бир тәрепинде узынлығы он бес шығанақ перде, үш бақан ҳәм үш ултан бар еди. 15Оның екинши тәрепинде де узынлығы он бес шығанақ перде, үш бақан ҳәм үш ултан бар еди. 16Ҳәўлиниң ҳәмме тәрепиндеги барлық перделер ҳасыл зығырдан еди. 17Бақанлардың ултанлары қоладан, ал айры илдиргишлери менен карнизлери гүмистен исленген еди. Бақанлардың жоқарысы да гүмис пенен қапланған еди. Ҳәўлиниң барлық бақанлары гүмис карнизлер менен бириктирилди. 18Ҳәўлиниң кирер аўзындағы перде жүннен ийирилген қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жип ҳәм ҳасыл зығыр жиптен нағысланып тоқылған еди. Оның узынлығы жигирма шығанақ, бийиклиги ҳәўлиниң перделери сыяқлы бес шығанақ еди. 19Бул перде ушын төрт қола ултанға орнатылған бақан исленди. Бақанлардың айры илдиргишлери ҳәм карнизлери гүмистен исленип, жоқарысы гүмис пенен қапланды. 20Шатырдың ҳәм шатырды қоршаған ҳәўлиниң барлық қазықлары қоладан исленди.Мухаддес шатырды қурыўда қолланылған нәрселер
21Мухаддес шатырдың, яғный буйрықлар жазылған таслар турған шатырдың қурылысы ушын қолланылған нәрселердиң толық есабы төменде берилген. Есапты Муўсаның буйрығы менен, руўханий Харонның улы Итамардың бақлаўы астында Лебий урыўы алып барды. 22Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырған ҳәмме ислерин Яҳуда урыўынан болған Хурдың ақлығы, Урийдиң улы Бесалел иследи. 23Оның менен бирге Дан урыўынан болған Ахисамах улы Оҳолиаб жумыс иследи. Ол уста, безеўши, жүннен ийирилген қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жип ҳәм ҳасыл зығыр жиптен нағыслап тоқыўшы еди. 24Мухаддес шатырдың барлық ислерине қолланылған алтынның, халық бағышлап алып келген алтынның муғдары Мухаддес орын өлшеми менен 29 талант 730 шекел еди. 25Есаптан өткен халықтан жыйналған гүмис Мухаддес орын өлшеми менен 100 талант 1775 шекел еди. 26Бул есаптан өткен жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы 603 550 адамның ҳәр бирине бир беқадан ▼▼ Бир беқа – шама менен 5,5 гр.
, яғный Мухаддес орын өлшеми менен ярым шекелден туўры келетуғын еди. 27Мухаддес шатырдың ҳәм Ең мухаддес бөлмени бөлип турған пердениң ултанларын қуйыў ушын 100 талант гүмис қолланылды. Ҳәр бир ултанға 1 талант, 100 ултанға 100 талант гүмис сарпланды. 28Бақанлардың жоқарысын қаплаўға, айры илдиргишлерин ҳәм карнизлерин соғыўға 1775 шекел гүмис сарпланды. 29Халық берген қола 70 талант 2400 шекел еди. 30Оннан Ушырасыў шатырының кирер аўзындағы бақанлар ушын ултанлар, қурбанлық орын, оның торы менен ҳәмме буйымлары, 31ҳәўлидеги барлық бақанлар ушын ултанлар, ҳәўлиниң дәрўазасының бақанлары ушын ултанлар, шатырдың қазықлары менен ҳәўли әтирапындағы барлық қазықлар исленди.
Copyright information for
KaaIBT22C