Exodus 39
Руўханийлердиң кийимлерин тигиў
1Олар қызғыш көк, шым қызыл ҳәм қырмызы жиплерден Мухаддес орында хызмет еткен ўақытта кийиўи ушын, руўханийлерге әжайып қылып кийимлер тикти. Харонға да мухаддес кийимлер тикти. Ҳәммесин Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай етип иследи.Эфод
2Эфодты алтын сабақ, қызғыш көк, шым қызыл ҳәм қырмызы жип пенен ҳасыл зығыр жиптен иследи. 3Алтынды жуқалап, жиңишке қылып кесип, қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жип ҳәм ҳасыл зығырға араластырып, шеберлик пенен кестелеў ушын, жип ийирди. 4Эфодтың алдынғы ҳәм артқы тәреплерин бир-бири менен бириктириў ушын, ийин арқалы өтетуғын еки баў тикти. 5Эфодтың жоқарысына бириктирилген ҳалда бир белбеў иследи. Бул эфод сыяқлы алтын сабақ, қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жип ҳәм ҳасыл зығыр жиптен исленди. Ҳәммесин Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай етип иследи. 6Кейин Израил улларының атларын еки оникс тасына мөр сыяқлы етип, ойып жазды. Жазылған тасларды өрилген алтын қаснақлардың ишине қойып, 7Израилдың он еки урыўын еслетип турыў ушын, эфодтың ийин баўларына орнатты. Булар да Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай етип исленди.Өңиршениң тигилиўи
8Қалталы өңирше де эфод сыяқлы алтын сабақ, қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жип ҳәм ҳасыл зығыр жиптен шеберлик пенен нағыслап исленди. 9Ол төрт мүйешли ҳәм еки қабатлы болып, узынлығы да бир қарыс, ени де бир қарыс еди. 10Өңиршеге төрт қатар қылып ҳасыл таслар қадалды. Биринши қатарда сердолик, хризолит ҳәм зүмрет, 11екинши қатарда периўза, лазурит ҳәм гагат, 12үшинши қатарда яқыт, агат ҳәм аметист, 13төртинши қатарда сары яқыт, оникс ҳәм яшма болды. Таслар өрилген алтын қаснақларға орнатылған еди. 14Таслар он еки болып, оларда мөр ойылғандай қылып, Израилдың он еки улының атлары бирме-бир ойылып жазылған еди. Бул таслар Израилдың он еки урыўының тымсалы еди. 15Кейин қалталы өңирше ушын сап алтыннан өрилген шынжырлар иследи. 16Және де, еки өрилген алтын қаснақ ҳәм еки алтын ҳалқа ислеп, ҳалқаларды өңиршениң үстинги еки мүйешине тақты. 17Өрилген еки алтын шынжырдың бир ушын өңиршедеги ҳалқаларға илдирди. 18Шынжырлардың екинши ушын еки қаснаққа беккемлеп, эфодтың алды бетине, ийин баўларға байлады. 19Еки алтын ҳалқа ислеп, өңиршениң астынғы еки шетине, эфодқа жақын болған ишки жийегине тақты. 20Және еки алтын ҳалқа ислеп, эфодтың алды бетиндеги ийин баўлардың астынан, тигиске жақын қылып, белбеўдиң жоқарысынан тақты. 21Қалталы өңиршениң ҳалқалары менен эфодтың ҳалқаларын қызғыш көк баўлар менен бир-бирине байлады. Солай етип, өңирше эфодтан айырылмай, эфодтың белбеўиниң жоқарысында туратуғын болды. Ҳәммесин Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай етип иследи.Руўханийлердиң басқа кийимлери
22Эфодтың ишинен кийилетуғын баҳалы кийимди толық қызғыш көк жиптен тоқыды. 23Онда бас сыятуғын орын болып, сөтилип кетпеўи ушын, оның жийеклерин айландырып тоқыды. 24– 25– 26Кийимниң етегине қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жип ҳәм ҳасыл зығыр жиптен исленген анарды ҳәм оның араларына сап алтыннан исленген қоңыраўларды айландырып гезекпе-гезек тағып шықты. Харон хызмет еткенде усы кийимди кийетуғын еди. Буларды да Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай етип иследи. 27Харон ҳәм оның уллары ушын, ҳасыл зығырдан тоқылған узын көйлеклерди, 28ҳасыл зығырдан сәллени, кишигирим сәллелерди ҳәм диз кийимлерди иследи. 29Белбеўди де ҳасыл зығыр, қызғыш көк, шым қызыл ҳәм қырмызы жиплерден нағыслап тоқыды. Ҳәммесин Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай қылып иследи. 30Сап алтыннан таж сыяқлы мухаддес маңлайша ислеп, үстине мөр ойғандай қылып: «Жаратқан Ийеге бағышланған» деп жазды. 31Бул маңлайша сәллеге қызғыш көк баў менен байланды. Ҳәммесин Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай етип иследи.Барлық ислердиң тамамланыўы
32Солай етип, Мухаддес шатырдың, яғный Ушырасыў шатырының барлық ислери тамамланды. Израиллылар ҳәр бир нәрсени Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай қылып иследи. 33Соңынан олар Муўсаға шатыр ҳәм оның барлық буйымларын алып келди. Булар мыналардан ибарат еди: шатырдың перделери, илмеклери, тахтайлары, қадалары, бақанлары, ултанлары, 34қызылға боялған қошқар терисинен ҳәм жумсақ териден исленген жапқышлар, ишки бөлмениң пердеси, 35Келисим сандығы, оның сырықлары ҳәм қақпағы, 36стол, оның барлық буйымлары ҳәм усынылған нанлар, 37сап алтыннан исленген шыра қойғыш, оның үстине бир қатар етип қойылған шыралар, оның барлық буйымлары ҳәм шыралар ушын зәйтүн майы, 38түтетки түтетилетуғын алтын орын, майлаў рәсими ушын зәйтүн майы, хош ийисли түтетки, шатырдың кирер аўзы ушын перде, 39жандырылатуғын қурбанлық ушын қоладан исленген орын, оның қоладан исленген торы, сырықлары ҳәм барлық буйымлары, үлкен ләген ҳәм оның туяқлары, 40ҳәўлиниң перделери, бақанлары, ултанлары, ҳәўлиниң кирер аўзындағы пердеси, арқанлары, қазықлары, шатырда хызмет еткенде қолланылатуғын барлық нәрселер, 41Мухаддес орында хызмет етиўге арналып, әжайып қылып тигилген кийимлер – руўханий Харонның мухаддес кийимлери ҳәм оның улларының руўханийлик кийимлери. 42Усылардың ҳәммесин израиллылар Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай қылып иследи. 43Муўса барлық ислердиң Жаратқан Ийениң буйырғанындай қылып исленгенин көргенде, оларға ақ пәтиясын берди.
Copyright information for
KaaIBT22C