Exodus 14:26-28
26Кейин Жаратқан Ийе Муўсаға: – Қолыңды теңиздиң үстине қарай соз. Суўлар мысырлыларды, олардың саўаш арбаларын ҳәм оның үстиндеги әскерлерин басып кетсин, – деди. 27Солай етип, Муўса қолын теңиздиң үстине қарай созды ҳәм таңға жақын теңиз өз ҳалына қайтты. Сонда қашып атырған мысырлылар суўға дуўшар болып, Жаратқан Ийе оларды теңиздиң ишине батырып жиберди. 28Өз ҳалына қайтқан суў саўаш арбаларды, оның үстиндеги әскерлерди, яғный израиллылардың изинен теңизге түскен фараонның пүткил әскерлерин жутып кетти. Олардан бирде бир адам аман қалмады.
Copyright information for
KaaIBT22C