Exodus 14:28-29
28Өз ҳалына қайтқан суў саўаш арбаларды, оның үстиндеги әскерлерди, яғный израиллылардың изинен теңизге түскен фараонның пүткил әскерлерин жутып кетти. Олардан бирде бир адам аман қалмады. 29Ал израиллылар болса, теңиздиң ишинен қурғақ жер арқалы жүрип өткен еди. Суўлар оң ҳәм шеп тәрепте турып, оларға дийўал болған еди.
Copyright information for
KaaIBT22C