‏ Exodus 19:18-20

18Қудай Синай таўына от ишинде түскенликтен, пүткил таў түтеп турған еди. Таўдан пештен шыққандай түтин шығып, пүткил таў қатты силкинип турған еди. 19Кәрнай сести барған сайын күшейе берди. Муўса Қудайға сөйледи ҳәм Қудай да оған даўыслап жуўап берди. 20Жаратқан Ийе Синай таўының төбесине түсип, Муўсаны таўдың төбесине шақырды. Муўса сол жерге шықты.
Copyright information for KaaIBT22C