Exodus 40
Мухаддес шатырды қурыў
1Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: 2– Мухаддес шатырды, яғный Ушырасыў шатырын биринши айдың биринши күни қур. 3Келисим сандығын шатырдың ишине киргизип, оны перде менен тасалап қой. 4Столды ишке әкелип, оған тийисли ҳәмме нәрсени оның үстине қой. Шыра қойғышты да әкелип, шыраларын үстине қой. 5Алтыннан исленген түтетки түтетилетуғын орынды Келисим сандығының алдына қойып, шатырдың кирер аўзына перде тақ. 6Қурбанлық жандырылатуғын орынды Мухаддес шатырдың, яғный Ушырасыў шатырының кирер аўзының алдына қой. 7Үлкен ләгенди шатыр менен қурбанлық орынның арасына қойып, ишине суў қуй. 8Шатырдың әтирапын айландырып, ҳәўли исле ҳәм ҳәўлиниң кирер аўзына перде тақ. 9Соңынан майлаўға арналған зәйтүн майын алып, шатырды ҳәм оның ишиндеги барлық буйымларды майлап, мухаддес қыл. 10Қурбанлық жандырылатуғын орынды ҳәм оның барлық буйымларын майлап, орынды мухаддес қыл. Сонда орын жүдә мухаддес болады. 11Үлкен ләгенди ҳәм оның туяқларын майлап, мухаддес қыл. 12Харонды ҳәм оның улларын Ушырасыў шатырының кирер аўзының алдына әкелип, оларды суў менен жуўындыр. 13Харонға мухаддес кийимлерди кийгиз ҳәм руўханий болып, хызмет етиўи ушын, оның басына май қуйып, Маған бағышла. 14Оның улларын алып келип, оларға узын көйлек кийгиз. 15Руўханий болып, Маған хызмет етиўи ушын, оларды да әкеси сыяқлы майла. Бул майлаў олардың әўладлар бойы мәңгиге руўханий болыўын тәмийинлейди. 16Муўса ҳәмме нәрсени Жаратқан Ийениң буйырғанындай қылып иследи. 17Солай етип, екинши жылдың биринши айының биринши күни Мухаддес шатыр қурылды. 18Муўса шатырды қурды: ултанларын қойды, тахтайларын орнатты, қадаларын киргизип, бақанларын көтертти. 19Кейин шатырдың үстине ишки ҳәм сыртқы жабыўларын жапты. Муўса булардың ҳәммесин Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай етип иследи. 20Кейин буйрықлар жазылған еки тасты алып, сандыққа салды. Сандықтың сырықларын кийгизди ҳәм сандықтың қақпағын сандықтың үстине қойды. 21Келисим сандығын шатырға киргизди де, перде тутып, сандықты көзден тасалап қойды. Муўса ҳәммесин Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай етип иследи. 22Нанлар туратуғын столды Ушырасыў шатырының ишине, яғный шатырдың арқаға қараған тәрепине, ишки пердениң сыртына қойды. 23Жаратқан Ийениң алдына, столдың үстине нанларды дизип қойды. Муўса буларды Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай етип иследи. 24Шыра қойғышты Ушырасыў шатырына, столдың қарсысына, шатырдың қубла тәрепине қойды. 25Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай, ол Жаратқан Ийениң алдына шыраларды қойды. 26Алтыннан исленген түтетки түтетилетуғын орынды Ушырасыў шатырына, пердениң алдына қойды. 27Орынның үстинде хош ийисли түтетки түтетти. Муўса буларды да Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай етип иследи. 28Шатырдың кирер аўзына перде тақты. 29Қурбанлық жандырылатуғын орынды Мухаддес шатырдың, яғный Ушырасыў шатырының кирер аўзының алдына қойды. Орынның үстинде жандырылатуғын қурбанлық ҳәм ғәлле садақасын усынды. Муўса ҳәммесин Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай етип иследи. 30Үлкен ләгенди Ушырасыў шатыры менен қурбанлық орынның арасына қойды ҳәм жуўыныў ушын, ишине суў қуйды. 31Муўса, Харон ҳәм Харонның уллары аяқ-қолларын сол жерде жуўатуғын болды. 32Олар Ушырасыў шатырына киретуғын яки қурбанлық орынға жақынласатуғын ўақытта, Жаратқан Ийениң буйырғанындай, сол жерде жуўынатуғын еди. 33Шатырдың ҳәм қурбанлық орынның әтирапындағы ҳәўлини перде менен қоршады ҳәм ҳәўлиниң кирер аўзына да перде тақты. Солай етип, Муўса жумысты тамамлады.Ушырасыў шатыры үстиндеги булт
34– 35Соннан кейин, Ушырасыў шатырын булт қаплап, Жаратқан Ийениң салтанаты шатырды толтырды. Соның ушын, Муўса Ушырасыў шатырына кире алмады. 36Пүткил сапарлары даўамында израиллылар булт шатырдан жоқары көтерилгенде, жолын даўам ететуғын еди. 37Бирақ олар булт жоқары көтерилмегенше, жолға шықпайтуғын еди. 38Солай етип, олардың пүткил сапары даўамында, барлық Израил халқының көз алдында Жаратқан Ийениң булты күндиз шатырдың үстинде турды, ал түнде булт ишинде от болып жанып турды.
Copyright information for
KaaIBT22C