‏ Ezekiel 1

Езекиел көрген биринши аян

1Отызыншы жылдың төртинши айының бесинши күни еди. Мен Кебар каналының бойында сүргин етилгенлердиң арасында турғанымда, аспан ашылды ҳәм маған Қудайдан аянлар көрине баслады. 2Айдың бесинши күни, яғный Еҳоякин патшаның сүргиндеги ўақтының бесинши жылында, 3калдейлердиң жериндеги Кебар каналы бойында маған, Бузий улы руўханий Езекиелге Қудайдан сөз түсти. Ол жерде Жаратқан Ийениң қолы мениң үстимде еди.

4Қарап, арқадан күшли қуйынның киятырғанын көрдим. Ол от шашқан ҳәм нур менен қапланған үлкен булт еди. Оттың ортасында мыс сыяқлы бир нәрсе жалтырап турды. 5От ортасында көриниси инсанға уқсаған төрт тири жанзаттың турғанын көрдим. 6Олардың ҳәр бириниң төрт бет-әлпети ҳәм төрт қанаты бар еди. 7Аяқлары дүзиў, ал табанлары тананикине уқсаған болып, жылтыраған қоладай сәўле шашып турды. 8Төрт қапталындағы қанатларының астында адамның қоллары бар еди. Олардың бет-әлпети ҳәм қанатлары төрт қапталында болып, 9қанатлары бир-бирине тийип турды. Жанзатлар жүргенде, бурылмай, туўры алға қарай ҳәрекетленди.

10Олардың бет-әлпетиниң көриниси мынадай еди: төртеўиниң де алдынғы бет-әлпети – адамдики, оң жағындағысы – арысландики, шеп жағындағысы – буғаники ҳәм артындағысы – бүркиттики еди. 11Олардың бет-әлпети усындай еди. Қанатлары болса, жоқарыға қарай жайылып турды. Ҳәр жанзаттың қанатларының екеўи қасындағы жанзатлардың қанатларына тийип турса, басқа еки қанаты өз денесин жаўып турды. 12Олар тек алдыға қарай ҳәрекетленди. Ҳеш жаққа бурылмай, руўх қай жаққа бағдарласа, сол жаққа қарай жүрди. 13Жанзатлардың көриниси жанып турған көмир шоғына ямаса жалаңлаған отқа мегзер еди. От жанзатлардың ортасында тынымсыз ҳәрекет етер еди. От жалын шашып, оннан шақмақ шағып турды. 14Жанзатлардың өзлери де жылдырымдай тез ол жақтан бул жаққа барып келер еди.

15Мен жанзатларға сер салғанымда, жерде, ҳәр бириниң жанында, бир дөңгелектен турғанын көрдим. 16Төрт дөңгелектиң көриниси менен дүзилиси бирдей болып, сары яқыт киби жалтырап турды. Олардың көриниси ҳәм дүзилиси дөңгелектиң ишине кесесине дөңгелек салынғандай еди. 17Жанзатлар қай тәрепке бағыт алса да, дөңгелеклер бурылмай-ақ төрт тәрепке де жылжый алатуғын еди. 18Дөңгелеклердиң шеңберлери бәлент ҳәм қорқынышлы еди. Төртеўиниң де шеңбери айлана көзлер менен қапланған еди.

19Жанзатлар қозғалғанда, олардың жанындағы дөңгелеклер де ҳәрекетке келетуғын еди. Жерден көтерилгенде, дөңгелеклер де көтерилетуғын еди. 20Руўх қаяққа бағыт алса, олар да сол жаққа баратуғын, дөңгелеклер де олар менен бирге көтерилетуғын еди. Себеби жанзатлардың руўхы дөңгелеклерди де ҳәрекетке келтиретуғын еди. 21Жанзатлар қозғалғанда, дөңгелеклер де қозғалатуғын, жанзатлар тоқтағанда, дөңгелеклер де тоқтайтуғын, жанзатлар жер бетинен көтерилгенде, дөңгелеклер де олар менен бирге көтерилетуғын еди. Өйткени жанзатлардың руўхы дөңгелеклерди де ҳәрекетке келтирип турды.

22Жанзатлардың басының үстинде гүмбезге уқсаған, кристаллдай жалтыраған ҳәм қорқынышлы бир нәрсе жайылып турған еди. 23Жанзатлардың гүмбез астында жайған қанатлары бир-бирине қарай созылып турды. Олардың ҳәр бириниң денесин жаўып турған басқа еки қанаты да бар еди. 24Жанзатлар қозғалғанда, қанатларының шуўылдысын еситтим. Ол күшли суўлардың шуўылдысына, Қүдирети күшли Қудайдың даўысына, саўаш майданындағы ләшкерлердиң шаўқымына уқсар еди. Жанзатлар тоқтағанда, қанатларын түсирип отырды. 25Олар тоқтап, қанатларын түсирип отырғанда, гүмбез тәризли кеңисликтиң жоқарысынан бир даўысты еситтим. 26Гүмбездиң үстинде лазуриттен исленген тахтқа уқсаған бир нәрсе бар еди. Онда инсан көринисинде биреў отырған еди. 27Оның белинен жоқарысының иши отқа толып, жалтылдаған мыстай болып турғанын көрдим. Белинен төмениниң болса, отқа мегзес екенин көрдим. Оны жарқыраған нур қаплап турған еди. 28Оның әтирапындағы нур жаўынлы күни бултта пайда болатуғын айқулаққа уқсар еди. Бул көринис Жаратқан Ийениң салтанатының көриниси еди.

Буны көргенде, ет бетимнен жығылдым ҳәм биреўдиң сөйлеген даўысын еситтим.
Copyright information for KaaIBT22C