‏ Ezekiel 10

Қудайдың салтанатының Ибадатхананы тәрк етиўи

1Мен керублардың үсти бетиндеги гүмбездиң жоқарысында лазуриттен исленген тахтқа уқсаған бир нәрсени көрдим. 2Жаратқан Ийе зығыр кийимли адамға:

– Керублар астындағы дөңгелеклер арасына кир. Керублар арасында жанып турған көмирден бир қосуўыс алып, оны қалаға шаш, – деди.

Ол адам дөңгелеклер арасына кирди, мен көрип турдым.
3Ол адам киргенде, керублар Ибадатхананың қубла тәрепинде турған еди. Ишки ҳәўли бултқа толды. 4Жаратқан Ийениң салтанаты керублардан айырылып, Ибадатхананың босағасына келип турды. Ибадатхана бултқа толды, ал ҳәўли Жаратқан Ийениң салтанатының нурына толды. 5Керублардың қанатларының даўысы Қүдирети күшли Қудайдың сөйлегендеги даўысына уқсап, сыртқы ҳәўлиден еситилип турды.

6Жаратқан Ийе зығыр кийимли адамға: «Дөңгелеклердиң арасынан, керублардың арасынан от алып шық», – деп буйрық бергенде, адам кирип, дөңгелектиң арасында турды. 7Сонда керублардың бири өзлериниң жанындағы отқа қолын созып, бираз от алып зығыр кийим кийген адамның алақанына салды. Адам отты алып, ол жерден шықты. 8Керублардың қанатлары астында адамның қолына уқсаған нәрсе көринди.

9Қарағанымда, керублардың жанында төрт дөңгелекти көрдим. Ҳәр бир керубтың жанында бир дөңгелектен болып, дөңгелеклер сары яқыт киби жалтылдар еди. 10Олардың төртеўиниң де көриниси бирдей болып, ҳәр дөңгелектиң ишинде кесесине салынған және бир дөңгелектен бар еди. 11Олар қозғалғанда, төрт тәрепке де ҳәрекет ете алатуғын еди. Бас қай жаққа бағытланса, олар бурылмастан, сол жаққа жүрди. Жүргенде олар ҳеш жаққа бурылмады. 12Олардың пүткил денеси, арқасы, қоллары, қанатлары ҳәм дөңгелеклери, барлық төрт дөңгелеги де көзлер менен қапланған еди. 13Дөңгелеклердиң «қуйын» деп айтылатуғынын еситип қалдым. 14Олардың ҳәр бириниң төрт бет-әлпети бар еди: биринши бет-әлпети – керубтики, екиншиси – адамдики, үшиншиси – арысландики, төртиншиси – бүркиттики еди.

15Керублар көтерилди. Олар мениң Кебар каналы бойында көрген жанзатларым еди. 16Керублар жүргенде, жанындағы дөңгелеклер де жүретуғын еди. Керублар жерден көтерилиў ушын қанатларын жайғанда, дөңгелеклер де олардан айырылмай жүрди. 17Жанзатлардың руўхы дөңгелеклерде болғанлықтан, олар тоқтағанда, дөңгелеклер де тоқтайтуғын, олар көтерилгенде, дөңгелеклер де көтерилетуғын еди.

18Жаратқан Ийениң салтанаты Ибадатхананың босағасынан кетип, керублардың үстинде турды. 19Керублар қанатларын қағып, мениң көз алдымда жерден көтерилди. Дөңгелеклер де олар менен бирге көтерилип, Жаратқан Ийениң Үйиниң шығыс дәрўазасының кирер аўзында тоқтады. Израилдың Қудайының салтанаты олардың үстинде еди.

20Бул жанзатларды мен Кебар каналы бойында, Израилдың Қудайының төменги жағында көрген едим. Мен олардың керублар екенин енди билдим. 21Ҳәр бир керубтың төрт бет-әлпети, төрт қанаты ҳәм қанатларының астында адам қолына уқсаған қоллары бар еди. 22Олардың бет-әлпети де, көриниси де, өзлери де мен сол Кебар каналы бойында көргенлериме уқсайтуғын еди. Ҳәр бири туппа-туўры алдыға қарай жүретуғын еди.
Copyright information for KaaIBT22C