‏ Ezekiel 12

Яҳуданың сүргин етилиўиниң белгиси

1Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:

2– Инсан улы! Сен қозғалаңшы халық арасында жасап атырсаң. Олардың көриўге көзи бар, бирақ көрмейди, еситиўге қулағы бар, бирақ еситпейди. Өйткени олар қозғалаңшы халық. 3Сен, инсан улы, сүргин қылынған адам киби затларыңды таярлап, күндиз олардың көз алдында жолға шық. Олардың көз алдында өз орныңнан басқа жерге көш. Олар қозғалаңшы халық болса да, бәлким, түсинер. 4Көшиўге керек нәрселериңди күндиз сыртқа шығарып қой, ал өзиң, олардың көз алдында сүргин қылынған адам киби кеште жолға шық. 5Дийўалды тесип, түйиншигиңди сол тесиктен алып шық. 6Геўгим түскенде, олардың көзинше түйиншикти желкеңе салып, жолға шық. Тәрк етип атырған жерди көрмеў ушын жүзиңди жаўып ал. Себеби Мен сени Израил халқы ушын бир белги қылдым.

7Мен буйырылғанларды иследим. Сүргинге керек нәрселердей етип, затларымды күндиз шығарып қойдым. Кеште дийўалды қолым менен ойдым. Геўгим түскенде, түйиншигимди шығарып, адамлардың көз алдында оны желкеме салдым.

8Азанда маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:

9– Инсан улы! Бул қозғалаңшы Израил халқы сеннен не қылып атырғаныңды сорамады ма? 10Оларға Қудай Ийе былай дейди деп айт: «Бул Ерусалимдеги ҳүкимдарға ҳәм ол жерде жасап атырған пүткил Израил халқына тийисли хабар». 11Израил халқына айт: «Мен сизлер ушын белгимен. Мен не қылған болсам, Ерусалимдегилерге де сол болады. Олар тутқын қылынып, сүргинге алып кетиледи». 12Арасындағы ҳүкимдары да қараңғылықта затларын ийнине артып, жолға түседи. Дийўал арқалы шығыў ушын оны теседи, тәрк етилип атырған бул жерди көрмеў ушын бетин жаўып алады. 13Мен оның үстине торымды таслайман, ол дузағыма түседи. Оны Бабилонға, калдейлердиң жерине алып бараман. Бирақ ол Бабилонды көрмейди ҳәм сол жерде жан тапсырады. 14Оның дөгерегиндегилердиң ҳәммесин, барлық жәрдемшилерин ҳәм барлық ләшкерлерин ҳәр тәрепке тарқатып жиберемен ҳәм қылыш жалаңашлап изинен қуўаман. 15Оларды миллетлер арасына тарқатып, өзге журтларға шашып жибергенимде, олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады. 16Барған жерлеринде өзлериниң жеркенишли ислери туўралы айтып бериўи ушын, олардың айырымларын қылыштан, ашлықтан ҳәм иллеттен аман сақлап қаламан. Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады.

17Жаратқан Ийеден маған сөз түсти:

18– Инсан улы, жегениңде титире, ишкениңде қорқыўдан қалтыра. 19Елдеги адамларға мыналарды айт: «Ерусалим турғынлары ҳәм Израил халқы туўралы Қудай Ийе былай дейди: Олар нанын қорқыў менен жеп, суўын ғулғылаға түсип отырып ишетуғын болады. Өйткени елдиң турғынларының жаўызлықлары кесиринен жер бары-жоғынан айырылады. 20Қоныслы қалалар ўайран болып, ел қаңырап бос қалады. Сонда олар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады».

Айтылған сөз сөзсиз орынланады

21Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:

22– Инсан улы! Сизлерде, Израил жеринде: «Күнлер өтер, барлық пайғамбаршылық сөзлер пушқа шығар», – деп айтылып жүргени не нақыл өзи? 23Оларға Қудай Ийе былай дейди деп айт: «Мен бул нақылды жоқ қыламан, қайтып Израилда буны ҳеш ким айтпайтуғын болады». Оларға: «Барлық пайғамбаршылық аянлар орынланатуғын күнлер жақынласпақта», – деп айт. 24«Енди Израил халқында жалған пайғамбаршылық ҳәм алдамшы болжаўлар болмайды. 25Мен, Жаратқан Ийе не айтсам да орынланады, енди кешикпейди. Қозғалаңшы халық, сизлердиң күнлериңизде Мен сөз айтаман ҳәм оны әмелге асыраман, – дейди Қудай Ийе».

26Қудай Ийеден маған сөз түсти:

27– Инсан улы! Израиллылар: «Оның көрген аянлары көп ўақыттан кейин орынланады, ол тек ғана узақ келешек ҳаққында пайғамбаршылық қылады», – деп айтпақта. 28Сонлықтан оларға Қудай Ийе былай дейди деп айт: «Айтқан сөзлеримниң бирде биреўи енди кешиктирилмейди. Не айтқан болсам, ҳәммеси орынланады, – дейди Қудай Ийе».
Copyright information for KaaIBT22C