Ezekiel 14
Қудай бутпаразлықты жазалайды
1Израил ақсақалларының базылары келип, қарсы алдыма отырды. 2Сонда Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти: 3– Инсан улы, мына адамлар өз бутларын жүрек төрине жайлап, азғырыўшыны өзлериниң алдына қойды. Солай екен, Меннен мәсләҳәт сораўына қалай жол қояман? 4Сонлықтан олар менен сөйлесип, оларға айт: «Қудай Ийе былай дейди: Өз бутларын жүрек төрине жайлап, азғырыўшыны өзлериниң алдына қойған Израил халқынан бир адам пайғамбардың алдына келсе, Мен, Жаратқан Ийе оған бутларының көплигине жараса жуўап беремен. 5Солай етип, бутлары себепли Маған жат болған Израил халқының жүрегин Өзиме қаратаман». 6– Сонлықтан Израил халқына айт: «Қудай Ийе былай дейди: Тәўбе қылың, бутларыңыздан ўаз кешиң ҳәм пүткил жеркенишли затларыңыздан жүз бурың. 7Егер Израил халқынан болған биреў ямаса Израилда жасап атырған келгиндилерден бири Мени тәрк етсе, өз бутларын жүрек төрине жайлап, азғырыўшыны өзиниң алдына қойса ҳәм Меннен мәсләҳәт сораў ушын пайғамбарға келсе, онда Мен, Жаратқан Ийе, оған Өз жуўабымды беремен. 8Мен сол адамға қарсы шығаман, оны ескертиўши мысалға ҳәм әпсанаға айландыраман, оны халқымның арасынан жоқ қыламан. Сонда Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз. 9Егер пайғамбар жолдан азып, бир сөз айтса, онда сол пайғамбарды Мен, Жаратқан Ийе азғырған боламан. Мен оған қарсы қолымды көтерип, халқым Израилдың арасынан жоқ қыламан. 10Пайғамбар да, оннан мәсләҳәт сорап келген де жазасын алады. Екеўи бирдей айыплы. 11Сонда Израил халқы басқа Меннен айырылмайды ҳәм гүналары менен өзлерин ҳарамламайды. Олар Мениң халқым, Мен олардың Қудайы боламан, – дейди Қудай Ийе». 12Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти: 13– Инсан улы, егер бир ел қыянет етип, Маған қарсы гүна ислесе, Мен оған қарсы қолымды көтеремен, оларды бир тислем нанға зар қылып, ашлыққа дуўшар қыламан. Елдеги адам ҳәм ҳайўанларды қырып таслайман. 14Егер мына үш адам: Нух, Даниел ҳәм Аюп сол жерде болғанда да, олар ҳақлығы менен тек өзлериниң жанларын ғана қутқарып қалған болар еди, – дейди Қудай Ийе. 15– Егер Мен сол жерге жыртқыш ҳайўанларды жиберсем, олар сол жерди адамсыз қылса ҳәм сол жер жыртқышлар себепли босап, адам аяқ баспайтуғын болып қалса, 16сонда усы үш адам олардың арасында болса, Мен Қудай Ийе, тирилигим ҳақы ант ишемен: олар өзлеринен басқа ҳеш кимди, ҳәтте, улларын да, қызларын да қутқара алмас еди. Жер болса қаңырап бос қалар еди. 17Ямаса, Мен сол жерге қылыш жиберип: «Қылыш, ел бойлап өт!» – десем ҳәм ондағы адамлар менен ҳайўанларды қырсам, 18сонда усы үш адам олардың арасында болса, Мен Қудай Ийе, тирилигим ҳақы ант ишемен: олар өзлеринен басқа ҳеш кимди, ҳәтте, улларын да, қызларын да қутқара алмас еди. 19Болмаса, Мен бул елге иллет жиберсем, ямаса қан төгиў ушын ғәзебимди төгип, адамларды ҳәм ҳайўанларды қырып тасласам, 20Мен Қудай Ийе, тирилигим ҳақы ант ишемен: Нух, Даниел ҳәм Аюп олардың арасында болса да, олар улларын да, қызларын да қутқара алмас еди. Тек ҳақлығы менен өзлериниң жанын ғана қутқара алар еди. 21Ал енди Қудай Ийе былай дейди: Ерусалимдеги адамларды ҳәм ҳайўанларды жоқ қылыў ушын, оларға буннан да бетер төрт аўыр жазаны: қылыш, ашлық, жыртқыш ҳайўанлар ҳәм иллет жиберемен. 22Деген менен айырым адамлар аман қалады. Аман қалған еркек ҳәм ҳаяллар ол жерден шығып, Бабилонияға, алдыңызға келеди. Сизлер олардың жүрис-турысын ҳәм ислерин көргениңизде, Мен Ерусалимге неге усындай апатларды жибергенимди түсинип, олардың басына салған ҳәмме нәрседен тәселле табасыз. 23Аўа, олардың жүрис-турысын ҳәм ислерин көрип тәселле табасыз. Сизлер Мениң Ерусалимде ислеген барлық ислеримниң қурыдан-қуры исленбегенин билесиз, – дейди Қудай Ийе.
Copyright information for
KaaIBT22C