‏ Ezekiel 15

Жарамсыз ағаш

1Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:

2– Инсан улы! Жүзим ағашының, басқа барлық тереклерден ямаса жүзим шақасының тоғайдағы басқа ағашлардың шақасынан артықмашлығы бар ма? 3Жүзим шақасынан бир нәрсе ислеўге бола ма? Ҳеш болмаса, бир нәрсени илип қойыў ушын илгиш соға ала ма? 4Яқ, ол тек отын қылыўға жарайды. От оның еки ушын жандырып, ортасын күйдирип жибергеннен кейин, ол дәртке аса ма? 5Жанбаған шақа жарамсыз болғаннан кейин, отқа жанып күйип кеткеннен кейин, қалай иске жарайды? 6Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: Тоғайдағы тереклер арасындағы жүзим ағашы киби, Ерусалим турғынларын да отқа таслайман. 7Оларға қарсы шығаман. Бир оттан қашып қутылса, екиншиси жалмайды. Жүзимди оларға қарсы қаратқанымда, Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз. 8Халқым Маған қыянет қылғаны ушын, бул жерди қаңыраған шөлге айландыраман, – дейди Қудай Ийе.
Copyright information for KaaIBT22C