Ezekiel 18
Жеке жуўапкершилик
1Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти: 2«Не ушын сизлер Израилда: „Әкелери қышқыл жүзим жейди, балаларының тиси қамасады“, – деген нақылды қолланасыз? 3Мен, Қудай Ийе тирилигим ҳақы ант ишемен: бул нақылды Израилда енди айтпайтуғын боласыз. 4Билип қойың: ҳәр бир тири жан Маған тийисли. Әкениң де, баланың да жаны Меники. Тек гүна қылған адам өледи. 5Ҳақ адам әдалатлы ҳәм туўры болған нәрсени ислейди. 6Ол төбешиклердеги бутларға арналған қурбанлық мәресимине қатнаспайды, Израил халқының бутларына көз салмайды, басқаның ҳаялын ҳарамламайды ҳәм етек кири келген ўақтында ҳаялға жақынламайды. 7Ҳеш кимге зулым қылмайды, гиреўге алған затын қайтарып береди, таланшылық қылмайды, аш адамға нан, жалаңашқа кийим береди. 8Өсим ушын қарыз бермейди, үстеме алмайды, наҳақлықтан қолын тыяды, еки адам арасындағы даўды әдиллик пенен шешеди. 9Ол Мениң қағыйдаларыма әмел қылады, нызамларымды шын жүректен орынлайды. Бундай адам – ҳақ адам, ол сөзсиз жасайды, – дейди Қудай Ийе. 10Бирақ усы ҳақ адамның қан төгип жүрген, бир қарақшы баласы болып, ол усы надурыс нәрселерден бирин ислесе, 11яғный әкеси ислемеген исти қылып, төбешиклердеги бутларға арналған қурбанлық мәресимине қатнасса, басқаның ҳаялын ҳарамласа, 12жарлы ҳәм кәмбағалға зулым қылса, таланшылық қылса, гиреўге алған затын қайтарып бермесе, бутларға табынса, жеркенишли ислерди ислесе, 13өсим ушын қарыз берип, үстеме алса, онда ол аман қалар ма екен? Ол аман қалмайды. Бундай жеркенишли ислерге қол урған адам сөзсиз өлтирилиўи тийис. Өлимине өзи себепши болады. 14Егер бундай адамның перзенти болса ҳәм ол әкеси ислеген барлық гүналарды көре тура, әкесине еликлемесе, 15яғный төбешиклердеги бутларға арналған қурбанлық мәресимине қатнаспаса, Израил халқының бутларына көз салмаса, жақынының ҳаялын ҳарамламаса, 16ҳеш кимге зулым қылмаса, қарыздардан гиреў талап қылмаса, таланшылық қылмаса, ашқа нан, кийимсизге кийим берсе, 17кәмбағалды жәбирлемесе, өсим ҳәм үстеме алмаса, Мениң нызамларыма бойсынып, қағыйдаларыма әмел қылса, онда ол әкесиниң гүнасы ушын өлмейди, ол жасайды. 18Ал әкеси өз гүнасы ушын өледи. Себеби ол зулымлық қылды, туўысқанын талады, өз халқы арасында жарамас ислерди иследи. 19Сизлер: „Не ушын перзент әкениң гүнасы ушын жуўап бермейди?“, – деп айтасыз. Себеби перзент әдил ҳәм туўры ислерди иследи. Мениң барлық қағыйдаларыма муқыятлы түрде әмел қылды. Ол сөзсиз жасайды. 20Тек гүна қылған адам өледи. Перзент әкениң, әке болса, перзенттиң гүнасы ушын жуўапкер емес. Ҳақ адам ҳақлығының, наҳақ адам өз наҳақлығының жуўабын алады. 21Егер наҳақ адам ислеген барлық гүналары ушын тәўбе қылып, Мениң барлық қағыйдаларыма әмел қылса, әдил ҳәм туўры ислерди ислесе, ол жасайды, өлмейди. 22Ол қандай қылмыс ислемесин, ҳеш бири еске алынбайды, ол ислеген әдил ислери себепли жасайды. 23Мен наҳақ адамның өлимин қәлеймен бе? – дейди Қудай Ийе, – Мен оның жаман жолдан қайтыўын ҳәм жасаўын қәлемеймен бе? 24Егер ҳақ адам өз ҳақлығынан тайып, наҳақ ис тутса, жаўызлар киби барлық жеркенишли ислерди ислесе, ол жасай ма? Ол ислеген әдалатлы ислердиң ҳеш бири еске алынбайды, ал өзи ислеген қыянети ҳәм гүнасы ушын өледи. 25Сизлер: „Ийениң жолы натуўры“, – дейсизлер. Тыңлаң, Израил халқы! Мен тутқан жол натуўры ма? Сизлердиң жолыңыз натуўры емес пе? 26Егер ҳақ адам ҳақлығынан тайып, натуўры ислерге қол урса ҳәм усы себепли өлсе, онда ол өзи ислеген гүнасы ушын өледи. 27Егер наҳақ адам өз наҳақлығынан қайтып, әдил ҳәм туўры ислерди қылса, ол өз өмирин сақлап қалады. 28Ол өзи ислеген барлық қылмысларына көз жиберип, олар ушын тәўбе қылғаны себепли жасайды, өлмейди. 29Сондай болса да, Израил халқы: „Ийениң жолы туўры емес“, – дейди. Мениң жолым натуўры ма, Израил халқы? Натуўры жол сизлердики емес пе? 30Буның ушын, Израил халқы, сизлердиң ҳәр бириңизди өз жолларыңызға бола ҳүким етемен, – дейди Қудай Ийе. – Тәўбе қылың, барлық гүналарыңыздан қайтың, қылмысларыңыз сизлерди набыт қылмасын. 31Ислеген барлық гүналарыңыздан жүз бурып, өзлериңизге жаңа жүрек ҳәм жаңа руўх алың. Израил халқы, сизлерге өлиўдиң не кереги бар? 32Мен ҳеш кимниң өлимин қәлемеймен, – дейди Қудай Ийе. – Жаман жолдан қайтың ҳәм жасаң!»
Copyright information for
KaaIBT22C