Ezekiel 19
Израил ҳүкимдарлары ушын жоқлаў
1– Сен Израил ҳүкимдарлары ушын жоқлаў айтып, 2былай де:«Сениң анаң қандай арыслан еди?!Ол арысланлар арасына орналасты,
Жыртқыш арысланлар арасында балаларын өсирди.
3Балаларынан бири күшли арыслан болып жетилисти,
Ол аў қылыўды үйренди,
Адамларды жей баслады.
4Миллетлер ол туўралы еситти,
Арысланды шуқырға түсирди,
Шынжырлап, Мысыр жерине алып барды.
5Анасы күте-күте, үмитин үзди,
Балаларынан басқа биреўин алып,
Оны күшли арыслан қылып өсирди.
6Ол күшли арысланға айланып,
Арысланлар арасында гезип жүрди,
Аў қылыўды үйренди,
Адамларды жей баслады.
7Олардың қорғанларын бузды,
Қалаларын ўайран қылды.
Жер ҳәм онда жасаўшылар,
Оның ақырыўынан титиреди.
8Дөгеректеги ўәлаятлардағы миллетлер,
Оған қарсы ҳүжим қылды.
Үстине тор таслады,
Арыслан олардың шуқырына түсти.
9Шынжырлап, оны қәпеске салды,
Бабилония патшасына алып барды,
Оны қамаққа таслады.
Израил таўларының үстинде,
Қайтып еситилмесин, деп оның даўысы.
10Сениң анаң суўлардың бойына егилген,
Бағдағы жүзим ағашына уқсар еди.
Суўлардың молшылығынан,
Ол өнимдар ҳәм мол шақалы еди.
11Ҳүкимдарға ҳаса болғандай,
Күшли шақалары бар еди.
Қалың жапырақлар арасында,
Тик бойы бәлент көтерилди.
Бәлентлиги ҳәм мол шақалары менен,
Көзге тасланып турар еди.
12Бирақ ғәзеп пенен,
Ол суўырылып жерге урылды.
Шығыс самалы мийўелерин солытты,
Күшли шақалары сынып қуўрады,
Ҳәммесин от жалмап таслады.
13Ол енди шөлге,
Қурғақ ҳәм суўсыз жерге көширилди.
14Оның тик шақасынан жалын шығып,
Солқымларын күйдирип жиберди.
Ҳүкимдарлық ҳасасы ушын беккем шақасы қалмады».
Бул жоқлаў қосығы болып, жоқлаў ушын қолланылады.
Copyright information for
KaaIBT22C