‏ Ezekiel 2

Езекиелдиң шақырылыўы

1Ол маған:

– Инсан улы, орныңнан тур, Мен сениң менен сөйлеспекшимен, – деди.

2Даўыс маған сөйлеп атырғанда, маған Руўх кирип алып, мени аяққа турғызды ҳәм мен сөйлеп турғанның сөзлерин еситтим. 3Ол маған былай деди:

– Инсан улы, Мен сени Маған қарсы бас көтерген қайсар миллет, Израил халқына жиберемен. Олар ҳәм олардың ата-бабалары усы күнге шекем Маған қарсы бас көтерип келмекте.
4Бул халық қайсар ҳәм өжет. Мен сени оларға жиберемен. Сен оларға: «Қудай Ийе былай деп атыр», – дейсең. 5Бул қозғалаңшы халық сөзиңе қулақ сала ма, салмай ма, бәри бир өзлериниң арасында бир пайғамбардың болғанын билсин. 6Ал сен болсаң, ҳәй инсан улы, олардан да, олардың сөзлеринен де қорқпа. Ҳәтте, тикенли путалар менен ошағанлар әтирапыңды қоршап алса да, шаянлар арасында жасасаң да қорқпа. Олардың сөзлеринен қорқпа, жүзлеринен айбынба, олар қозғалаңшы халық. 7Сени тыңласа да, тыңламаса да, оларға сөзлеримди айт. Олар қозғалаңшы халық. 8Сен болсаң, ҳәй инсан улы, Мениң айтқанларымды тыңла, бул қозғалаңшы халыққа уқсаған қайсар болма. Аўзыңды ашып, Мениң саған беретуғын нәрсемди же.

9Қарасам, маған қарай бир қол созылды. Қолда бир орама қағаз бар еди. 10Қол орама қағазды алдыма ашып қойды. Оның еки тәрепине де жоқлаў, қайғы ҳәм ҳәсирет сөзлери жазылған еди.
Copyright information for KaaIBT22C