Ezekiel 20
Бийопа Израил
1Сүргин болған ўақтымыздың жетинши жылының бесинши айының оныншы күни Израил ақсақалларынан айырымлары Жаратқан Ийеден мәсләҳәт сораў ушын мениң алдыма келди. 2Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти: 3– Инсан улы! Израил ақсақаллары менен сөйлесип, оларға айт: «Қудай Ийе былай дейди: Сизлер Меннен мәсләҳәт сораў ушын келдиңиз бе? Тирилигим ҳақы ант ишип айтаман: сизлерге ҳеш қандай мәсләҳәт бермеймен, – дейди Қудай Ийе». 4Оларды ҳүким қыл! Оларды ҳүким қыл, инсан улы! Оларға ата-бабаларының жеркенишли ислерин айтып бер. 5Оларға айт: «Қудай Ийе былай дейди: Мен Израилды таңлаған күним, Яқыптың урпақларына ант ишкенмен ҳәм Мысырда Өзимди танытқанман. Мен оларға ант ишип: „Мен Қудайыңыз Жаратқан Ийе боламан“, – дегенмен. 6Сол күни Мен оларға, өзлерин Мысырдан шығарып, олар ушын гөзлеген жер бетиндеги ең әжайып үлкеге, сүт ҳәм пал ағып турған жерге алып баратуғынымды айтып ант берген едим. 7Оларға: „Ҳәр бир адам өзи кеўил берген жеркенишли мүсинлерин ылақтырып тасласын, Мысыр бутлары менен өзлерин ҳарамламасын. Мен Қудайыңыз Жаратқан Ийемен“, – деген едим. 8Бирақ олар Маған қарсы бас көтерди ҳәм Мени тыңламады. Кеўил қойған жеркенишли мүсинлерин ылақтырып тасламады ҳәм Мысыр бутларынан жүз бурмады. Сонда Мен Мысырда-ақ қәҳәримди төгип, ғәзебимди толық шашпақшы болдым. 9Бирақ олар арасында жасаған миллетлер алдында атыма дақ түсирмеў ушын, Өз атым ҳүрмети ушын ҳәрекет еттим. Мен ол миллетлердиң көзиниң алдында израиллыларды Мысырдан алып шығып, Өзимди оларға таныттым. 10Мен оларды Мысырдан шығарып, шөлге алып келдим. 11Өз қағыйдаларымды бердим ҳәм нызамларымды жәрияладым. Оларға әмел қылған ҳәр бир адам олар арқалы жасайды. 12Және, өзлерин мухаддес қылатуғын Мен, Жаратқан Ийе екенимди билсин деп, Өзим ҳәм олар арасындағы белги ретинде Шаббатымды бердим. 13Деген менен, Израил халқы шөлде де Маған қарсы шықты. Мениң қағыйдаларыма әмел қылмады, нызамларымды менсинбеди. Усыларды орынлаған адам олар арқалы аман қалатуғын еди. Олар Шаббатымды да толық хорлады. Сонда Мен олардың үстине ғәзебимди төгип, шөлде оларды қырып жибермекши болдым. 14Бирақ Израилды Мысырдан алып шыққанымды көрген миллетлер алдында атыма дақ түспесин деп, Өз атым ҳүрмети ушын ҳәрекет еттим. 15Оларды өзлерине бермекши болған жер бетиндеги ең әжайып үлкеге, сүт ҳәм пал ағып турған жерге алып бармайтуғынымды айтып, шөлде ант иштим. 16Себеби олар Мениң нызамларымды менсинбеди, қағыйдаларыма әмел қылмады ҳәм Шаббатымды хорлады. Олардың жүреги бутларға берилген еди. 17Деген менен, оларды қырып жибериўге көзим қыймады ҳәм Мен оларды шөлде жоқ қылмадым. 18Мен шөлде олардың балаларына былай дедим: „Аталарыңыздың үрп-әдетлери бойынша жүрмең, олардың бутлары менен өзлериңизди ҳарамламаң. 19Мен сизлердиң Қудайыңыз Жаратқан Ийемен. Мениң қағыйдаларыма әмел қылың ҳәм нызамларымды муқыятлы түрде орынлаң. 20Шаббатымды мухаддес тутың. Қудайыңыз Жаратқан Ийе Мен екенимди билиўиңиз ушын, олар бизлердиң арамызда белги болады“. 21Бирақ балалары да Маған қарсы бас көтерди. Мениң қағыйдаларыма әмел қылмады, нызамларымды орынлаўға ҳәрекет етпеди. Адам оларды орынлаўы арқалы аман қалатуғын болса да, оларды орынламады, Шаббатымды хорлады. Сонда Мен шөлде оларға ғәзебимди төгип, қәҳәримди толық шашпақшы болдым. 22Солай болса да, Израилды Мысырдан алып шыққанымды көрген миллетлер алдында атыма дақ түспесин деп, қолымды тарттым ҳәм Өз атым ҳүрмети ушын ҳәрекет еттим. 23Және де, шөлде оларды миллетлер арасына тарқатып, ел бойлап шашып жиберемен деп ант иштим. 24Себеби олар Мениң нызамларымды орынламады, қағыйдаларымды менсинбеди, Шаббатымды хорлады ҳәм ата-бабаларының бутларына қуштарлана көз тикти. 25Сонлықтан Мен оларды жақсы болмаған қағыйдалардың ҳәм адам орынлағаны менен аман қалмайтуғын нызамлардың бийлигине тапсырдым. 26Оларды қорқытыў ушын ҳәм олар Мениң Қудай Ийе екенимди билиўи ушын, өзлери берген сыйлар, яғный қарыннан биринши шыққан ҳәр бир перзентин отта жағып, қурбанлық келтириўи арқалы оларды ҳарамладым». 27Солай екен, инсан улы, Израил халқы менен сөйлесип, оларға айт: «Қудай Ийе былай дейди: Ата-бабаларыңыз және опасызлық қылды ҳәм бул арқалы Маған тил тийгизди. 28Мен беремен деп ант ишкен жериме оларды алып барғанымда, олар көрген ҳәр бир бийик төбешикте ҳәм ҳәр бир қойыў жапырақлы теректиң астында өз қурбанлықларын шалды. Ол жерде Мениң ғәзебимди келтиретуғын садақаларды берди, хош ийисли түтеткилерди түтетти ҳәм ишимлик садақаларын қуйды. 29Сонда Мен олардан: „Сизлер барып атырған бул қандай сыйыныў орны?“– деп сорадым». Сонлықтан сондай орынлар бүгинги күнге дейин «сыйыныў орны ▼▼ Сыйыныў орны – еврей тилинде «барыў» сөзи менен үнлес келеди.
» деп аталады. 30Солай екен, Израил халқына Қудай Ийе былай дейди деп айт: «Сизлер де ата-бабаларыңызға еликлеп, өзлериңизди ҳарамламақшымысыз? Олардың жеркенишли мүсинлери менен бузықшылық қылмақшымысыз? 31Усы күнге дейин, сизлер балаларыңызды отта жағып, қурбанлық қылып усыныў арқалы, пүткил бутларыңыз бенен өзлериңизди ҳарамлап киятырсыз. Солай ислей отырып, Израил халқы, Меннен мәсләҳәт сорамақшымысыз? Тирилигим ҳақы ант ишип айтаман: сизлерге ҳеш қандай мәсләҳәт бермеймен, – дейди Қудай Ийе. 32– Сизлер: „Бизлер де басқа миллетлер, басқа жерлердеги қәўимлер сыяқлы, ағаш ҳәм тасларға сыйынайық“, – дейсиз. Бирақ ойыңызға келген бул ислериңиз әмелге аспайды. 33Мен, Қудай Ийе тирилигим ҳақы ант ишип айтаман: күшли билегим, созылған қолым ҳәм лаўлаған ғәзебим менен үстиңизден патшалық қыламан. 34Күшли билегим, созылған қолым ҳәм лаўлаған ғәзебим менен сизлерди халықлардың арасынан шығарып, тарқап кеткен жерлериңизден жыйнап аламан. 35Кейин сизлерди халықлардың шөл даласына алып барып, сол жерде жүзбе-жүз ҳүким шығараман. 36Мысыр жериндеги шөлде ата-бабаларыңызға қандай ҳүким шығарған болсам, сизлерге де сондай ҳүким шығараман, – дейди Қудай Ийе. 37– Сизлерди ҳаса таяғым менен барлап шығып, келисимиме бойсыныўға мәжбүр етемен. 38Қозғалаңшыларды ҳәм Маған бойсынбайтуғынларды сизлерден айыраман. Оларды сүргинде болған елден алып шыққаным менен, олар Израил жерине кирмейди. Сонда Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз. 39Сизлер туўралы, Израил халқы, Қудай Ийе былай дейди: Егер Маған қулақ салмайтуғын болсаңыз, онда ҳәр бириңиз өз бутларыңызға хызмет ете бериңлер. Бирақ сыйларыңыз ҳәм бутларыңыз арқалы Мениң мухаддес атыма артық дақ түсирмеңлер. 40Енди Мухаддес таўымда, Израилдың бийик таўында, – дейди Қудай Ийе, – сол жерде қанша Израил халқы болса, ҳәммеси Маған хызмет етеди. Сол жерде Мен оларды ыразылық пенен қабыл етемен. Барлық мухаддес затларыңыз бенен бирге садақаларыңызды ҳәм өнимиңиздиң биринши бөлеклерин сол жерде талап етемен. 41Сизлерди халықлардың арасынан алып шығып, тарап кеткен жерлериңизден жыйнап алғанымда, сизлерди хош ийисли түтетки сыпатында қабыл етемен ҳәм миллетлердиң көзлериниң алдында Өз мухаддеслигимди аян етемен. 42Сизлерди ата-бабаларыңызға беремен деп ант ишкен жериме, Израил жерине алып келгенимде, Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз. 43Сол жерде өзлериңизди ҳарамлаған жолларыңызды, ислеген жаўыз ислериңизди есиңизге аласыз ҳәм ислеген барлық жаўызлықларыңыз себепли өзиңизден өзиңиз тиксинесиз. 44Израил халқы, Мен сизлердиң тутқан жаман жолларыңызға ҳәм жарамас ислериңизге қарай емес, ал Өз атым ҳүрмети ушын ҳәрекет еткенимде, Сизлер Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип аласыз, – дейди Қудай Ийе». Қубладағы өрт
45Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти: 46– Инсан улы, жүзиңди қублаға қаратып, қублаға ўаз айт ҳәм сол жердеги тоғайға қарсы пайғамбаршылық қыл. 47Қубладағы тоғайға былай деп айт: «Жаратқан Ийениң сөзин тыңла! Қудай Ийе былай дейди: Мен ишиңде от тутандыраман, ол сендеги барлық ағашларды, жасылын да, қуўрағанын да жоқ қылады. Лаўлаған от өшпейди, қубладан арқаға шекемги барлық жерлер жанып күйдириледи. 48Пүткил инсан улы бул отты Жаратқан Ийениң, Мениң жаққанымды көреди, от өшпейди». 49Сонда мен: – Аҳ, Қудай Ийе! Бул адамлар мен туўралы: «Бул адам қуры тымсал айтып жүрген жоқ па?» – деп айтпақта, – дедим.
Copyright information for
KaaIBT22C