‏ Ezekiel 21

Жаратқан Ийениң қылышы

1Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:

2– Инсан улы, жүзиңди Ерусалимге қаратып, мухаддес орынларына қарсы ўаз айт. Израил жерине қарсы пайғамбаршылық қылып, 3оған айт: «Жаратқан Ийе былай дейди: Мен саған қарсыман, қылышымды қынынан шығарып, сендеги жақсыны да, жаманды да қырып таслайман. 4Жақсыны да, жаманды да, қубладан арқаға шекемги барлық тири жанды қырып таслаў ушын қылышымды қынынан шығардым. 5Сонда пүткил адамзат қылышын қынынан шығарған бул Мен, Жаратқан Ийе екенимди билип алады. Енди қылышымды қынына салмайман».

6Сен, инсан улы, зар еңире, олардың көзиниң алдында белиң қайысып, жүрегиң езилип, нала шек. 7Сеннен: «Неге нала шегип атырсаң?» – деп сораса, оларға: «Келген жаман хабар себепли қайғыға батып атырман», – деп жуўап бер. Ол жүзеге асқанда, ҳәммениң жүреги езиледи, қолларында мәдет қалмайды, руўхы түседи, дизелериниң мәдары қурыйды. Бул келеди ҳәм жүзеге асады, – дейди Қудай Ийе.

8Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:

9– Инсан улы, пайғамбаршылық ет ҳәм Ийе былай дейди деп айт:

«Қылыш, қылыш!
Ол шарланды ҳәм жылтыратылды!
10Баўызлаў ушын шарланды,
Шақмақтай жалтылдаў ушын жылтыратылды.
Қалай қуўанайық, ҳәй улымның патшалық ҳасасы,
Қылыш ҳәр қандай ағашты писент етпейди.
11Қылыш қолға усланыў ушын жылтыратыўға берилди,
Қанхордың қолына берилиў ушын,
Шарланды, жылтыратылды.
12Инсан улы, дад салып, пәрияд қыл,
Қылыш Мениң халқыма,
Израилдың барлық ҳүкимдарларына жүзленген.
Мениң халқым менен бирге,
Израил ҳүкимдарлары да қылыштан өткериледи.
Енди саныңа урып, жыла.

13Сынаў ўақты сөзсиз келеди. Қылыш патшалық ҳасасын менсинбесе, не болады? Патшалық ҳасасының күни питеди, – дейди Қудай Ийе».

14– Сен, инсан улы, пайғамбаршылық қыл,
Ашыў менен алақаныңды алақаныңа ур.
Қылыш еки рет, үш рет шапсын.
Бул қылыш өлтириў ушын,
Уллы қырғын ушын арналған.
Қылыш оларды ҳәр тәрептен қысып келмекте.
15Руўхлары түссин,
Қаза тапқанлар көбейсин деп,
Мен барлық дәрўазалардың алдына,
Қорқынышлы қылышымды қойдым.
О-ҳо, қылыш шақмақ киби жалтылдады,
Қырыў ушын қынынан шығарылды.
16Оңға ур, шепке шап,
Жүзиңниң қараған жағына ур.
17Мен де алақанымды алақаныма ураман,
Ғәзебимди усылай басаман.
Буны Мен, Жаратқан Ийе айтып турман.

18Маған Жаратқан Ийеден сөз түсти:

19– Инсан улы, Бабилония патшасының қылышы келетуғын еки жолдың сүўретин сыз, екеўи де бир жерден шықсын. Еки қалаға баратуғын жолдың басланған жерине бир белги қой. 20Қылыштың аммонлардың Рабба қаласына ҳәм Яҳудадағы қоршаўлы қала Ерусалимге баратуғын жолын сызып белгиле. 21Себеби Бабилония патшасы жолдың екиге айырылған жеринде турып, пал ашады. Ол оқларды силкитеди, кийели мүсинлерден сорайды, қурбанлық қылынған маллардың баўырына қарап жорыйды. 22Оның оң қолында Ерусалимди көрсетип турған пал бар. Ол жерге дийўалларды тесетуғын қураллар орнатыў, өлим буйрығын бериў, урыс сүренин салыў, дәрўазаны бузатуғын қуралларды қойыў, дийўалға топырақ үйиў, қамал минараларын қурыў кереги айтылады. 23Бабилония патшасына ант ишип, келисим дүзген Ерусалим халқының нәзеринде бул пал өтирик болып түйиледи. Бирақ Бабилония патшасы олардың айыбын еслетип, оларды қолға алмақшы болады.

24Сонлықтан Қудай Ийе былай дейди: «Сизлер ашық жынаят қылып, қылмысларыңызды еслеттиңиз. Қылған ҳәр бир исиңизде гүналарыңызды әшкара қылып, өзлериңиз буны еске салдыңыз. Соның ушын сизлер қолға түсесиз. 25Сен, Израилдың напәк, жаўыз ҳүкимдары, соңғы күниң жақынласты, ақырғы жаза күниң жетип келди!

26Қудай Ийе былай дейди: Сәллеңди шеш, тажыңды алып тасла. Енди бул булай болмайды. Хорланған адам жоқарылайды, жоқарыдағы адам хорланады. 27Қырғын! Қырғын! Қалаға қырғын тийгиземен! Бирақ бул узақ даўам етпейди. Ҳүким шығарыўшы келеди. Оған ҳүким етиўди тапсыраман».

28– Сен, инсан улы, пайғамбаршылық қыл, Израилды мазақ қылған аммон халқы туўралы Қудай Ийе былай дейди деп айт:

«Қылыш! Қылыш!
Баўызлаў ушын қыннан шығарылды,
Жутыў ҳәм шақмақтай жалтылдаў ушын жылтыратылды.
29Аммон халқының қылыш туўралы көрген аянлары жалған,
Аштырған паллары өтирик.
Қылыш напәк жаўызлардың мойнын шабады.
Олардың соңғы күни келди,
Ақырғы жаза ўақты жетти.

30Қылышты қынына сал!
Жаратылған жериңде,
Туўылған мәканыңда,
Мен саған ҳүким шығараман.
31Үстиңе қәҳәримди төгип,
Ғәзеп отымды үплеймен.
Сени өлтириўге шебер,
Жаўыз адамлардың қолына беремен.
32Сен отқа жем боласаң,
Қаның жерге төгиледи.
Сен ҳеш қашан еске алынбайсаң.
Буны Мен, Жаратқан Ийе айтып турман».
Copyright information for KaaIBT22C